1 Тимофейдиң Павел менен Силаға қосылыўы. 6 Павелдиң Македонияға шақырылыўы. 11 Павел Филип қаласында. 16 Павел менен Сила қамақта.
Елшилердиң ислери 16 bob
1 Павел Дербеге, соңынан Листраға келди. Сол жерде анасы исениўши яҳудий, ал әкеси грек болған Тимофей атлы шәкирт бар еди.
2 Листра ҳәм Икониядағы туўысқанлар ол ҳаққында жақсы пикирде еди.
3 Тимофейди ѳзи менен бирге алып жүриўди қәлеген Павел сол жердеги яҳудийлер себепли, оны сүннет еттирди. Ѳйткени ҳәмме Тимофейдиң әкесиниң грек екенин билетуғын еди.
4 Олар қаладан-қалаға ѳтип, Ерусалимдеги елшилер менен ақсақаллар белгилеген қағыйдаларды исениўшилерге орынлаў ушын тапсырды.
5 Солай етип, исениўши жәмәәтлердиң исеними беккемленип, саны күннен-күнге арта берди.
6 Қудайдың сөзин Азия үлкесинде жайыўға Мухаддес Руўх тыйым салғанлықтан, Павел менен оның жолдаслары Фрикия ҳәм Галатия үлкелерин аралап жүрди.
7 Олар Мисияның шегарасына келгенде, Битинияға кирмекши болды, бирақ Ийсаның Руўхы оларға рухсат бермеди.
8 Сонлықтан олар Мисиядан ѳтип, Троас қаласына келди.
9 Сол күни түнде Павел аян кѳрди. Македониялы бир адам оның алдында турып: «Македонияға келип, бизлерге жәрдем бер», – деп ѳтинди.
10 Павел бул аянды кѳргеннен соң, бизлер дәрриў Македонияға барыўдың ҳәрекетин иследик. Себеби Ќудай бизлерди оларға Хош Хабарды жәриялаўға шақырып атыр, деген жуўмаққа келдик.
11 Бизлер Троастан кеме менен шығып, туўры Самотракияға, ертеңине Неаполиске жүзип бардық.
12 Ол жерден Македония үлкесиниң ең баслы қаласы, Римниң қол астында болған Филипке жетип келдик. Бул қалада бир неше күн қалдық.
13 Бизлер бул жерде яҳудийлер дуўа ететуғын орын бар деп ойлап, дем алыс күни қала дәрўазасынан сыртқа, дәрьяның жағасына шықтық. Бизлер отырып, сол жерге жыйналған ҳаялларға сѳйлей басладық.
14 Тыңлаўшылар арасында Тиатира қаласынан келген, қымбат баҳалы гезлемелерди сатыўшы Лидия атлы бир ҳаял бар еди. Ол Ќудайға сыйынатуғын еди. Павелдиң сѳзлерине қулақ салыўы ушын, Ийемиз оның кеўлин ашты.
15 Лидия үй-иши менен бирге суўға шомылдырылғаннан соң, бизлерди үйине мирәт етип: «Мени Ийемизге исенеди, деп есаплайтуғын болсаңлар, келиңлер, үйимде болыңлар», – деп бизлерди кѳндирди.
16 Бир күни бизлер дуўа ететуғын жерге баратырғанымызда, палкерлик пенен шуғылланатуғын жаўыз руўхлы бир шорыға дусластық. Бул қыз палкерлик пенен хожайынларына кѳп пайда келтиретуғын еди.
17 Ол Павел менен бизлердиң изимизге түсип: – Бул адамлар – Ќүдиретли Ќудайдың хызметшилери, олар сизлерге қутқарылыў жолын жәриялап атыр! – деп бақырып жүрди.
18 Бул кѳп күн тәкирарланды. Ақырында Павелдиң жанына тийип, ол арқасына бурылды да, қыздың ишиндеги жаўыз руўхқа: – Ийса Масих аты менен буйыраман: оннан шығып кет! – деди. Жаўыз руўх қыздың ишинен дәрҳал шығып кетти.
19 Шорының хожайынлары пайда кѳриўден үмитлериниң үзилгенин билип, Павел менен Силаны услап алды да, базар майданындағы басшыларға сүйреп апарды.
20 Оларды Рим ҳәкимлериниң алдында турғызып: – Мына яҳудийлер қаламызды астан-кестен етпекте.
21 Биз римлилерге қабыл етиўге де, орынлаўға да болмайтуғын үрп-әдетлерди жәриялап жүр, – дести.
22 Халық та оларға қосылып, елшилерге қарсы шықты. Ҳәкимлер Павел менен Силаның кийимлерин жыртып шештирди де, таяқ пенен сабаўға буйрық берди.
23 Оларды кѳп сабатқаннан соң, қамаққа салдырды ҳәм қамақхана хызметкерине оларды жақсылап қараўыллаўды буйырды.
24 Усындай буйрық алған қамақхана хызметкери оларды қамақхананың ишки бѳлмесине қамап, аяқларын буғаў менен қысып таслады.
25 Түнниң орталарында Павел менен Сила дуўа етип, Ќудайды алғыслайтуғын қосық айтып отырған еди. Басқа тутқынлар да оларды тыңлады.
26 Бирден жер қатты қозғалып, қамақхананың тырнағы силкинди ҳәм сол ўақытта-ақ барлық қапылар ашылып, ҳәммениң шынжырлары шешилип кетти.
27 Уйқыдан оянған қамақхана хызметкери қамақхананың қапыларының ашық екенин кѳрди. Тутқынлар қашып кетти, деп ойлаған ол ѳзин ѳлтирмекши болып, қылышын суўырып алды.
28 Бирақ Павел бәлент даўыс пенен бақырып: – Ѳз жаныңа қастыянлық етпе, ҳәммемиз усы жердемиз, – деди.
29 Ќамақхана хызметкери шыра әкелдирип, ишке жуўырып кирди де, қалтырап, Павел менен Силаның алдына жығылды.
30 Оларды сыртқа шығарып: – Мырзалар, қутқарылыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады.
31 Олар: – Ийемиз Ийсаға исен, сонда сен де, үй-ишиң де қутқарыласыз, – деди.
32 Соңынан олар оның ѳзине ҳәм үйиндегилердиң ҳәммесине Ийемиздиң сѳзин айтты.
33 Ќамақхана хызметкери түнниң сол сәтинде оларды алып кетип, жарақатларын жуўды да, дәрриў ѳзи ҳәм пүткил үй-иши суўға шомылдырылды.
34 Ол Павел менен Силаны үйине әкелип, алдыларына дастурхан жайды. Ќудайға исенгенине пүткил үй-иши менен қуўанды.
35 Таң атқанда, ҳәкимлер: «Сол адамларды босатыңлар», – деген буйрық пенен сақшыларды жоллады.
36 Ќамақхана хызметкери бул сѳзлерди Павелге хабарлап: – Ҳәкимлер сизлерди босатыў ушын адам жоллапты. Енди шығып, аман-есен кете бериңлер, – деди.
37 Бирақ Павел сақшыларға былай деди: – Рим пуқаралары болған бизлерди халық алдында ҳүкимсиз сабап, қамаққа салды. Енди бизлерди жасырын қуўып жибермекши ме? Бул болмайды! Бизлерди ѳзлери келип шығарсын!
38 Сақшылар бул сѳзлерди ҳәкимлерге жеткизип барды. Ҳәкимлер Павел менен Силаның Рим пуқаралары екенин еситкенде қорқып кетти.
39 Келип, кеширим сорады. Соңынан оларды сыртқа шығарып, қаладан кетиўлерин ѳтинди.
40 Павел менен Сила қамақтан шығып, Лидияның үйине барды. Сол жерде туўысқанларды кѳрип, оларды жигерлендиргеннен соң, жолға шықты.