1 Петрдиң қамақтан азат етилиўи. 20 Ҳирод патшаның өлими.
Елшилердиң ислери 12 bob
1 Сол ўақытта патша Ҳирод исениўшилер жәмәәтиниң гейбир адамларын қуўдалаў ушын тутқынға алды.
2 Ол Юханның туўысқаны Яқыпты қылыш пенен ѳлтиртти.
3 Буның яҳудий басшыларына жаққанын кѳрип, изинен Петрди де услатпақшы болды. Ашытқысыз нан байрамы күнлери еди.
4 Ҳирод Петрди услатып, қамаққа салдырды. Оны қараўыллаўды ҳәр бири тѳрт әскерден ибарат болған тѳрт әскерий топарға тапсырды. Себеби Ќутқарылыў байрамынан соң, оны халықтың алдына шығарыў нийетинде еди.
5 Солай етип, Петр қамаққа алынды. Бирақ исениўшилер жәмәәти ол ушын Ќудайға бар жигери менен дуўа етти.
6 Ҳиродтың Петрди халықтың алдына шығармақшы болған күнинен алдыңғы күни түнде, ол еки әскердиң ортасында қос шынжыр менен байлаўлы ҳалында уйықлап атыр еди. Ќапының аўзында турған қараўыллар да қамақты қараўыллап тур еди.
7 Тосаттан Ийемиздиң бир периштеси пайда болып, қамақтың иши жарқырап кетти. Периште Петрдиң бүйиринен түртип, оны оятты да: – Тез орныңнан тур, – дегенде, Петрдиң қолларындағы шынжырлар шешилип, түсип кетти.
8 Периште оған: – Белиңди буўып, аяқ кийимиңди кий, – деди. Петр усылай иследи. Периште оған: – Шапаныңды кийип, мениң изиме ер, – деди.
9 Петр қамақхана бѳлмесинен шығып, оның изине ерди. Бирақ, периштениң қылып атырған ислериниң оңында болып атырғанын билмей, аян кѳрип турман, деп ойлады.
10 Олар биринши ҳәм екинши қараўыллардан ѳтип, қалаға шығатуғын темир дәрўазаға келди. Дәрўаза оларға ѳз-ѳзинен ашылды. Олар сыртқа шығып бир кѳше ѳткенде, периште бирден Петрдиң жанынан ғайып болды.
11 Сонда ѳзине келген Петр: «Ийемиздиң Ѳз периштесин жиберип, мени Ҳиродтың қолынан ҳәм яҳудий халқының мениң басыма түседи, деп күткен барлық бәлелерден қутқарғанын енди ҳақыйқаттан түсинип турман», – деди.
12 Петр буны түсингеннен соң, Марк деп аталатуғын Юханның анасы Мәриямның үйине кетти. Ол жерде кѳп адамлар жыйналып, дуўа етип отырған еди.
13 Петр сыртқы қапыны қаққанда, Рода атлы бир хызметши қыз ким екенин билиў ушын қапыға келди.
14 Ол Петрдиң даўысын танып, қатты қуўанғанынан қапыны ашпай, қайтадан ишке жуўырып: «Петр қапының алдында тур», – деп хабар берди.
15 «Есиң дурыс па?» – дести оған. Ал қыз сѳзинде турып алғанлықтан, олар: «Бул оның периштеси», – деди.
16 Бирақ Петр қапыны қағыўды даўам етти. Олар қапыны ашып, оны кѳргенде ҳайран қалысты.
17 Петр оларға үндемеўлерин қолы менен ымлап кѳрсетти де, Ийемиздиң оны қамақтан қалай шығарғанын айтып берди. Соңынан: «Бул хабарларды Яқыпқа ҳәм басқа туўысқанларымызға жеткизиңлер», – деп, сол жерден шығып, басқа жаққа кетти.
18 Таң атқанда, Петрге не болғанын түсинбей, әскерлер қатты албырасты.
19 Ҳирод Петрди излетти. Таба алмағаннан соң, қараўылларды сораўға тутып, оларды ѳлтириўди буйырды. Буннан соң, Ҳирод Яҳудиядан Кесарияға кетип, бир қанша ўақыт сол жерде қалды.
20 Ол Тир ҳәм Сидон турғынларына қәҳәрли еди. Сонда олар ѳз ара келисип, Ҳиродқа келди. Патшаның исенимли хызметшиси Бластусты ѳз тәреплерине аўдарып, жарастырыўды сорады. Ѳйткени олардың үлкесиниң азық-аўқаты патшаның үлкесинен ғәрезли еди.
21 Белгиленген күнде патшалық липасларын кийген Ҳирод тахтына отырды да, халыққа сѳз сѳйледи.
22 Сонда халық: «Бул адамның даўысы емес, қудайдың даўысы», – деп бақырысты.
23 Сол ўақытта-ақ Ийемиздиң бир периштеси Ҳиродты урып жиберди. Себеби ол Ќудайға бериў керек болған даңқты ѳзи алған еди. Сонда оның денесин қуртлар кемирип, ол жан тапсырды.
24 Ал Ќудайдың сѳзи жайылып, исениўшилердиң саны арта берди.
25 Тапсырманы орынлаған Барнаба менен Саул Марк деп аталатуғын Юханды ѳзлери менен бирге алып, Ерусалимнен қайтып келди.