1 Римли жүзбасы Корнелий. 9 Петр көрген аян. 24 Петр Корнелийдиң үйинде.
Елшилердиң ислери 10 bob
1 Кесарияда «Италиян» деген әскерий бѳлимниң жүзбасысы болған Корнелий атлы бир адам бар еди.
2 Ол пүткил шаңарағы менен Ќудайдан қорқатуғын, диншил адам еди. Халыққа кѳп жәрдем берип, Ќудайға бәрқулла дуўа ететуғын еди.
3 Бир күни түстен кейин саат үшлер шамасында Ќудайдың бир периштесиниң оған келип: «Корнелий!» деп айтқанын ол бир аянда анық кѳрди.
4 Корнелийди қорқыныш бийлеп, ол кѳзлерин периштеге тикти де: – Неўе, Ийем? – деди. Периште оған жуўап берип: – Еткен дуўаларың менен берген қайыр-садақаларың Ќудайға жетип барды. Ќудай оларды есте сақлады.
5 Енди Яффаға адамларды жиберип, Петр деп аталатуғын Симон деген бир адамды шақырт.
6 Ол үйи теңиз жағасында жайласқан Симон атлы бир тери ийлеўшиниң үйинде қонақта, – деди.
7 Ѳзи менен сѳйлескен периште кеткенде, Корнелий хызметшилеринен екеўин ҳәм ѳз жәрдемшилериниң ишинен бир диншил әскерди шақырды.
8 Оларға ҳәммесин түсиндирип, Яффаға жиберди.
9 Ертеңине саат он екилер шамасында олар жол жүрип қалаға жақынласқанда, Петр дуўа етиў ушын тамның тѳбесине шықты.
10 Ол аш болып, аўқат жегиси келди. Аўқат таярланып атырғанда, айрықша жағдайға түсти.
11 Сонда ол аспанның ашылғанын ҳәм дастурхан сыяқлы бир нәрсениң тѳрт мүйеши асылған ҳалында жерге түсип киятырғанын кѳрди.
12 Оның ишинде ҳәр түрли тѳрт аяқлы жаныўарлар, жер баўырлаўшылар ҳәм аспан қуслары бар еди.
13 Бир даўыс оған: – Петр, тур. Сойып же, – деди.
14 – Яқ, Ийем. Мен ҳеш қашан ҳарам ямаса патас зат жеген емеспен, – деди Петр.
15 Даўыс және екинши рет еситилип, Петрге: – Ќудайдың ҳадаллағанын сен ҳарам деме! – деди.
16 Бул үш мәрте тәкирарланып, дастурхан дәрҳал аспанға кѳтерилип кетти.
17 Кѳрген аянының нени аңлататуғынын ойлап, Петр ҳайран болып турғанда, Корнелий жиберген адамлар Симонның үйин сорап, қапының алдында тоқтап қалды.
18 Олар даўыслап: – Петр деп аталатуғын Симон усы жерде турып атыр ма? – деп сорады.
19 Петр еле аян ҳаққында ойланып турғанда, Мухаддес Руўх оған: – Єне, үш адам сени излеп жүр.
20 Ќәне, орныңнан турып, тѳменге түс. Ҳеш екиленбестен, олар менен бирге кет. Себеби оларды Мен жибердим, – деди.
21 Петр тѳменге түсип, адамларға: – Сизлер излеп жүрген адам мен боламан. Ќандай жумыс пенен келдиңлер? – деди.
22 Олар Петрге: – Корнелий деген ҳақ ҳәм Ќудайдан қорқатуғын, пүткил яҳудийлер ҳүрмет ететуғын бир жүзбасы бар. Оған бир мухаддес периште сени үйине шақыртып, сѳзлериңди тыңлаўды буйырыпты, – деди.
23 Сонда Петр оларды ишке мирәт етип, мийман қылды. Ертеңине Петр турып, олар менен бирге жолға шықты. Яффадағы туўысқанлардың айырымлары да оның менен бирге кетти.
24 Олар келеси күни Кесарияға келди. Корнелий ағайин-туўғанларын ҳәм жақын досларын жыйнап, оларды күтип отырған еди.
25 Петр үйге киргенде, Корнелий оны қарсы алды да, аяқларына жығылып, оған табынды.
26 Бирақ Петр оны турғызып: – Тур, мен де адамман-ғо, – деди.
27 Петр Корнелий менен сѳйлесип ишке киргенде, кѳп адамлардың жыйналып отырғанын кѳрип,
28 оларға былай деди: – Яҳудий адамның басқа миллет адамы менен қарым-қатнаста болып, оған барыўы қадаған екенин билесизлер. Бирақ Ќудай маған ҳеш адамды ҳарам ҳәм иплас демеў кереклигин кѳрсеткен еди.
29 Сонлықтан шақырылғанымда бас тартпай усы жерге келдим. Енди мени не себептен шақырғаныңызды сораўыма бола ма?
30 Корнелий былай деди: – Тѳрт күн алдын усындай ўақытта, түстен кейин саат үште үйде дуўа етип отыр едим. Тосаттан жарқыраған кийимли бир адам алдымда пайда болып,
31 маған: «Корнелий! Ќудай сениң дуўаңды еситип, берген қайыр-садақаларыңды есте сақлады.
32 Яффаға адам жиберип, Петр деп аталатуғын Симонды шақырт. Ол теңиз жағасында жасайтуғын тери ийлеўши Симонның үйинде турып атыр», – деди.
33 Сонлықтан мен сизге дәрриў адам жолладым. Сиз де келип, жақсы қылдыңыз. Енди бизлер ҳәммемиз Ийемиздиң сизге буйырған ҳәр бир нәрсесин тыңлаў ушын Ќудай алдында отырмыз.
34 -
35 Сонда Петр былай деп сѳзин баслады: – Ќудайдың адамларды айырмайтуғынын, бирақ Ѳзинен қорққан ҳәм ҳақ ис ислеўши адамды миллетине қарамай қабыл ететуғынын ҳақыйқаттан түсинип турман.
36 Ќудай Израил халқына Ийса Масих арқалы тынышлық Хош Хабарын жәриялағанын билесизлер. Ийса Масих – ҳәр бир адамның Ийеси.
37 Яқыя суўға шомылдырылыўды жәриялағаннан соң, Галиладан баслап пүткил Яҳудияда болған мына ўақыялардан да хабарыңыз бар:
38 Ќудай Насыралы Ийсаға Мухаддес Руўх ҳәм қүдирет берип, хызметке тайынлады. Ийса ҳәмме жерди айланып жақсылық иследи, шайтанның қол астында болғанлардың ҳәммесине шыпа берди. Ѳйткени Ќудай Оның менен бирге еди.
39 Ийсаның яҳудийлердиң үлкесинде ҳәм Ерусалимде ислеген ислериниң ҳәммесине бизлер гүўамыз. Адамлар Оны атанақ ағашқа шегелеп ѳлтирген еди.
40 Бирақ Ќудай Ийсаны үшинши күни ѳлимнен тирилтти ҳәм Оның адамларға кѳриниўине жол қойды.
41 Ол адамлардың ҳәммесине емес, ал Ќудайдың алдын ала таңлаған гүўаларына, яғный бизлерге, ѳлимнен қайта тирилгеннен кейин Ѳзи менен бирге ишип-жегенлерге кѳринди.
42 Ол Ѳзиниң Ќудай тәрепинен тирилерди ҳәм ѳлилерди ҳүким етиўши болып тайынланғанын халыққа жәриялаўымызды ҳәм бул ҳаққында гүўалық бериўимизди буйырды.
43 Пайғамбарлардың ҳәммеси Ийса ҳаққында гүўалық берип, Оған исенген ҳәр бир адамның гүналары Оның аты менен кеширилетуғынын айтқан еди.
44 Петр еле усы сѳзлерди сѳйлеп турғанда, Ќудайдың сѳзлерин еситкен ҳәр бир адамның үстине Мухаддес Руўх түсти.
45 Петр менен бирге келген исениўши яҳудийлер Мухаддес Руўхтың сыйы басқа миллет адамларының үстилерине де жаўғанына таң қалысты.
46 Себеби олардың басқа тиллерде сѳйлеп, Ќудайды алғыслап турғанын еситти. Сонда Петр:
47 – Булар да анық бизлер сыяқлы Мухаддес Руўхты алды. Олардың суўға шомылдырылыўына ким қадаған ете алады? – деди.
48 Солай етип, Петр олардың Ийса Масихтың аты менен суўға шомылдырылыўын буйырды. Соңынан олар Петрден бир неше күн қалыўын ѳтиниш етти.