12 Матиястың Яҳуданың орнына сайланыўы.
Елшилердиң ислери 1 bob
1 -
2 Ҳүрметли Теофил! Мен биринши китабымда Ийсаның ислеўге ҳәм үйретиўге кирискенинен баслап, Ѳзи таңлаған елшилерине Мухаддес Руўх арқалы буйрықлар бергеннен соң, аспанға алынған күнине дейин болған ўақыялардың ҳәммесин жазған едим.
3 Ол азап шегип ѳлгеннен кейин, кѳп исенимли дәлиллер менен елшилерге Ѳзиниң қайта тирилгенин кѳрсетти. Ќырық күн даўамында оларға кѳринип, Ќудайдың Патшалығына байланыслы нәрселер ҳаққында айтты.
4 Олар менен бирге болғанда мына буйрықты берди: – Ерусалимнен кетип қалмаңлар. Ал өзлериңиз Меннен еситкен Әкемниң ўәдесиниң орынланыўын күтиңлер.
5 Себеби Яқыя суў менен шомылдырған еди, бирақ сизлер кѳп күн ѳтпей Мухаддес Руўх пенен шомылдырыласызлар.
6 Елшилер бирге жыйналғанда, Ийсадан былай деп сорады: – Ийем, Израилға патшалықты ҳәзир қайтарып бережақсаң ба?
7 Ийса оларға: – Єкениң Ѳз бийлиги менен белгилеп қойған ўақыт-мәҳәллерин билиў сизлерге берилмеген.
8 Бирақ сизлерге Мухаддес Руўх түскенде күш-қуўат аласызлар ҳәм Ерусалимде, пүткил Яҳудияда, Самарияда, ҳәтте, дүньяның шетине дейин Мениң гүўаларым боласызлар, – деди.
9 Ийса усыларды айтып болып, олардың кѳз алдында аспанға алынды. Оны бир булт қаплап, олардың нәзеринен узақластырды.
10 Ийса кѳтерилип баратырғанда, олар кѳзлерин аспанға тигип турған еди. Бирден олардың қасында ақ кийимли еки адам пайда болып:
11 – Ҳәй, галилалылар, неге аспанға қарап турсызлар? Сизлерден аспанға алынған бул Ийсаның қалай кѳтерилгенин кѳргениңиздей, Ол анық солай қайтып келеди, – деди.
12 Буннан соң, елшилер Зәйтүн таўы деп аталған таўдан Ерусалимге қайтып келди. Бул таў Ерусалимге жақын болып, бир шақырымдай жерде жайласқан еди.
13 Ќалаға кирип, ѳзлери болып атырған үйдиң жоқарғы қабатына кѳтерилди. Олар: Петр, Юхан, Яқып, Андрей, Филип, Томас, Бартоломей, Матта, Алпейдиң улы Яқып, ўатансүйер Симон ҳәм Яқып улы Яҳуда еди.
14 Булардың ҳәммеси ҳаял-қызлар, Ийсаның анасы Мәриям ҳәм Оның туўысқанлары менен бирликте үзликсиз дуўа ететуғын еди.
15 Сол күнлердиң биринде жыйналған бир жүз жигирмаға шамалас исениўшилердиң арасынан Петр орнынан турып былай деди:
16 – Туўысқанларым! Мухаддес Руўхтың Ийсаны услап алғанларға жолбасшылық еткен Яҳуда ҳаққында Даўыт арқалы әўелден билдирген Мухаддес Жазыўы орынланыўы керек еди.
17 Яҳуда да бизлердиң арамызда бири болып, усы хызметтен үлесин алған еди.
18 ( Бул адам ѳз қылмысының ҳақысына бир егислик жер сатып алды. Ол сол жерде ет-бетинен жығылып, қарны жарылды ҳәм барлық ишеклери ақтарылды.
19 Бул ўақыя Ерусалим турғынларының ҳәммесине мәлим болды. Сонлықтан сол егислик жер олардың тилинде «Хакелдама» деп аталып, «Ќан жери» деген мәнисти аңлатады.)
20 Ѳйткени Забурда: «Оның мәканы қаңырап қалсын, Онда жасаўшы болмасын». Және де: «Оның орнын басқа биреў ийелесин», – деп жазылған.
21 -
22 Сонлықтан Ийемиз Ийса бизлер менен бирге болғанда, яғный Яқыяның суўға шомылдырыўынан баслап, Ийсаның аспанға алынған күнине дейин, бәрқулла бизлердиң арамызда болған адамлардың бири Оның қайта тирилгенине бизлер менен бирге гүўа болыўы тийис.
23 Солай етип, еки адам: лақабы Юстус болған Барсаба деп аталатуғын Юсуп ҳәм Матияс усынылды.
24 -
25 Соңынан олар былай деп дуўа етти: – О, Ийемиз, Сен ҳәр бир адамның кеўлин билесең. Усы еки адамның қайсысын елшилик хызметине таңлағаныңды бизлерге кѳрсет. Ал Яҳуда бул хызметти таслап, ѳзине ылайықлы жерге кетти.
26 Олар екеўине шек таслағанда, шек Матиясқа түсти. Солай етип, ол он бир елшиниң қатарына қосылды.