1 Бесинши периште кєрнайын шертти. Сонда мен аспаннан жерге түскен бир жулдызды кѳрдим. Оған терең туңғыйықтың аўзын ашатуғын гилт берилди.
2 Жулдыз терең туңғыйықтың аўзын ашқанда, туңғыйықтан үлкен пештиң түтининдей түтин шықты. Бул түтиннен қуяш ҳєм ҳаўа қараңғыланып кетти.
3 Түтинниң ишинен жерге шегирткелер жаўды. Оларға жердеги шаянлардың күшине уқсаған бир күш берилген еди.
4 Шегирткелерге жердеги кѳк шѳплерге, ѳсимликлерге ҳєм тереклерге зыян келтирмеў, тек маңлайларында Кудайдың мѳри жоқ адамларға ғана азап бериў буйырылды.
5 Оларға бул адамларды ѳлтирмей, тек бес ай даўамында азап бериўге рухсат етилди. Олар берген азап адамды шаян шаққандай қыйнайды.
6 Сол күнлери адамлар ѳлим излейди, бирақ таба алмайды. Ѳлиўди аңсайды, бирақ ѳлим олардан қашып кетеди.
7 Шегирткелердиң кѳриниси саўашқа таярланған атлар сыяқлы болып, басларында алтын тажларға уқсаған тажлары бар еди. Жүзлери болса, адамның жүзине уқсаған еди.
8 Шашлары ҳаялдың шашындай, тислери арысланның тисиндей еди.
9 Кѳкиреклеринде темир саўытларға уқсаған саўытлар болып, қанатларының сести саўашқа шаўып баратырған сансыз атлы арбалардың сести сыяқлы еди.
10 Шегирткелердиң шаяндикиндей қуйрықлары ҳєм ийнелери бар еди. Куйрықлары адамларға бес ай бойы азап беретуғын күшке ийе еди.
11 Олардың үстинен терең туңғыйықтың периштеси патшалық ететуғын еди. Бул периштениң еврейше аты Аббадон, ал грекше аты Аполлион еди.
12 Биринши ҳєсирет ѳтти, мине, буннан соң жєне еки ҳєсирет келмекте.
13 Алтыншы периште кєрнайын шертти. Сонда мен Кудайдың алдындағы алтыннан исленген қурбанлық шалынатуғын орынның тѳрт мүйешиндеги шақлардан шыққан бир даўысты еситтим.
14 Даўыс қолында кєрнайы бар алтыншы периштеге: «Уллы Евфрат дєрьясының жанында байлаўлы турған тѳрт периштени босатып жибер», – деди.
15 Сонда анық сол саат, сол күн, сол ай ҳєм сол жыл ушын таяр турған тѳрт периште адамлардың үштен бирин ѳлтириў ушын босатылып жиберилди.
16 Олардың атлы єскерлериниң саны еки жүз миллион екенлигин еситтим.
17 Аянымда кѳрген атлар менен атлылардың кѳриниси мынадай: атлылардың оттай қызыл, қара кѳкшил ҳєм күкирт реңли саўытлары бар еди. Атлардың баслары арысланның басына уқсаған болып, аўызларынан от, түтин ҳєм күкирт шығып турған еди.
18 Адамзаттың үштен бири усы үш бєледен: булардың аўзынан шыққан от, түтин ҳєм күкирттен ѳлди.
19 Ѳйткени атлардың күши аўызларында ҳєм қуйрықларында еди. Куйрықлары басы бар жыланлар сыяқлы болып, адамларды олар менен азаплайтуғын еди.
20 Усы бєлелерден ѳлмей қалған адамлар ѳз қоллары менен ислеген жаман ислери ушын тєўбе етпеди. Олар я кѳре, я есите, я жүре алмайтуғын алтын, гүмис, қола, тас ҳєм ағаштан исленген бутларға ҳєм жинлерге табыныўдан ўаз кешпеди.
21 Жєне де адам ѳлтириў, сыйқыршылық ислеў, жынысый бузықшылық қылыў ҳєм урлық ислеўди қойып, тєўбе етпеди.