Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян 22 bob

6 Ийсаның келиўи. 

1 Сонда периште маған кристалл сыяқлы жылтыраған ѳмир суўының дєрьясын кѳрсетти. Бул дєрья Кудайдың ҳєм Козының тахтынан шығып,
2 қаланың кең кѳшесиниң ортасы бойлап ағып тур еди. Дєрьяның еки тєрепинде ҳєр айда он еки түрли мийўе берип туратуғын ѳмир тереги бар еди. Теректиң жапырақлары болса, миллетлердиң шыпа алыўы ушын арналған еди.
3 Енди ҳеш қандай ғарғыс болмайды. Кудайдың ҳєм Козының тахты қаланың ишинде болады. Ал хызметшилери Оған хызмет етеди.
4 Олар Кудайдың жүзин кѳреди, маңлайларына Оның аты жазылады.
5 Енди түн болмайды. Я шыра жақтысының, я қуяш жақтысының кереги болмайды. Себеби Кудай Ийемиздиң Ѳзи оларға жақты болады ҳєм олар мєңгиге патшалық етеди.
6 Соңынан периште маған былай деди: – Бул сѳзлер – исенимли ҳєм ҳақыйқат. Ѳз пайғамбарларына Руўхын берген Кудай Ийемиз жақын арада болыўы тийис ўақыяларды хызметшилерине билдириў ушын, Ѳз периштесин жиберди.
7 «Мине, Мен жылдам келемен! Бул китаптың пайғамбаршылық сѳзлерин орынлайтуғын адам қандай бахытлы!» – дейди Ийемиз Ийса.
8 Мен – усыларды еситкен ҳєм кѳрген Юханман. Буларды еситип ҳєм кѳргенимде, усыларды маған кѳрсеткен периштеге табыныў ушын, оның аяқларына жығылдым.
9 Бирақ ол маған: – Бундай қыла гѳрме! Мен де сен, пайғамбар болған туўысқанларың ҳєм бул китаптың сѳзлерин орынлайтуғынлар сыяқлы, Кудайдың хызметшисимен. Кудайға табын, – деди.
10 Соңынан ол маған былай деди: – Бул китаптың пайғамбаршылық сѳзлерин мѳрлеп таслама. Ѳйткени ўақыт жақын қалды.
11 Жаманлық қылатуғын адам жєне де жаманлық қылыўды даўам етсин. Ҳарам болған адам ҳарам исин даўам етсин. Ҳақ болған адам жєне де ҳақ ислер ислей берсин. Мухаддес болған адам мухаддес болып қалсын.
12 Ийемиз Ийса былай дейди: «Мине, Мен жылдам келемен! Беретуғын сыйым Ѳзим менен бирге. Ҳєр бир адамға ислерине қарай қайтараман.
13 Мен – Альфа ҳєм Омегаман, биринши ҳєм соңғыман, басы ҳєм ақырыман.
14 Ѳмир терегинен жеўге ҳуқық алыў ушын ҳєм қалаға дєрўаза арқалы кириў ушын кийимлерин жуўғанлар қандай бахытлы!
15 Ийтлер – сыйқыршылар, неке ҳадаллығын бузыўшылар, адам ѳлтириўшилер, бутқа табыныўшылар, ѳтирикти жақсы кѳрип, жалған ислерди ислеўшилердиң ҳєммеси сыртта қалады.
16 Мен, Ийса, исениўши жємєєтлердеги сизлерге бул гүўалықты жеткизсин деп, Ѳз периштемди жибердим. Мен – Даўыттың тийкары ҳєм урпағы, жақты таң жулдызыман».
17 Мухаддес Руўх ҳєм келин: «Кел!» дейди. Еситкен ҳєр бир адам: «Кел!» десин. Шѳллеген адам келсин, қєлеген адам ѳмир суўынан ешейин алсын.
18 Бул китаптағы пайғамбаршылық сѳзлерин еситкен ҳєр бир адамды ескертип атырман: егер ким де ким бул сѳзлерге бир нєрсе қосса, Кудай да оны бул китапларда жазылған бєлелерге дуўшар етеди.
19 Егер ким де ким бул пайғамбаршылық китабының сѳзлеринен бир нєрсе алып тасласа, Кудай да оны бул китапта жазылған ѳмир терегинен ҳєм мухаддес қаладан үлессиз қалдырады.
20 Буларды гүўалық етип айтқан Ийемиз: «Аўа, Мен жылдам келемен», – дейди. Аўмийин! Келе гѳр, Ийем Ийса!
21 Ийемиз Ийсаның мийрими ҳєммеңизге яр болсын! Аўмийин.