Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян 17 bob

1 Жыртқыш қызыл ҳайўанның үстинде отырған ҳаял. 

1 Жети кесеси бар жети периштениң бири жақынлап келди де, мениң менен сѳйлесе баслап былай деди: – Берман кел, мен саған кѳп суўлардың үстинде отырған уллы бузық ҳаялдың қандай жазаға тартылатуғынын кѳрсетемен.
2 Дүнья патшалары оның менен бузықшылық ислеген еди. Жер жүзинде жасаўшылар оның бузықшылығының шарабына мєс болған еди.
3 Соңынан периште мени Мухаддес Руўхтың басқарыўында шѳлге алып барды. Ол жерде мен жети баслы, он шақлы, үсти Кудайға тил тийгизетуғын атларға толы, жыртқыш қызыл ҳайўанның үстинде отырған бир ҳаялды кѳрдим.
4 Ҳаял қызғылт кѳк ҳєм қымбатлы қызыл липаслар кийип, алтын, ҳасыл таслар ҳєм ҳинжилер менен безенген еди. Оның қолында жеркенишли нєрселерге ҳєм бузықшылығының ҳарамылықларына толы алтын кесе бар еди.
5 Ал маңлайына болса: «УЛЛЫ БАБИЛОН, ДҮНЬЯНЫЊ БУЗЫКЛАРЫНЫЊ ҲЄМ ЖЕРКЕНИШЛИ НЄРСЕЛЕРИНИЊ АНАСЫ», – деген сырлы ат жазылған еди.
6 Ҳаялдың мухаддеслердиң ҳєм Ийса ҳаққында гүўалық берип ѳлгенлердиң қанына мєс екенин кѳрдим. Буны кѳрип, мен қатты таң қалдым.
7 Периште маған былай деди: – Неге таң қалып турсаң? Мен саған ҳаялдың ҳєм оны кѳтерип жүрген жети баслы, он шақлы жыртқыш ҳайўанның сырын ашып беремен.
8 Сен кѳрген жыртқыш ҳайўан бурын бар еди, бирақ ҳєзир жоқ. Бираздан соң, ол терең туңғыйықтан шығып, набыт болады. Дүнья жаратылғаннан бери атлары Ѳмир китабында жазылмаған жер жүзинде жасаўшылар жыртқыш ҳайўанды кѳргенде ҳайран қалады. Себеби бул ҳайўан бир ўақытлары бар еди, енди жоқ, бирақ жєне келеди.
9 Буны түсиниў ушын даналық керек. Жети бас – ҳаял үстинде отырған жети таўды ҳєм жети патшаны билдиреди.
10 Булардың бесеўи қулады, биреўи бар, басқасы еле келмеди. Ол келеди, бирақ узақ ўақыт турмайды.
11 Бурын бар болған, бирақ енди жоқ жыртқыш ҳайўанның ѳзи сегизинши патша. Алдыңғы жети патшаның бири болған ол набыт болады.
12 Сен кѳрген он шақ еле патшалық етпеген он патша. Бирақ булар жыртқыш ҳайўан менен бирликте аз ўақыт патшалық етиў ушын бийлик алады.
13 Бул патшалар бир нийетке ийе болып, күшлерин ҳєм бийлигин жыртқыш ҳайўанға береди.
14 Олар Козыға қарсы урысады, бирақ Козы оларды жеңеди. Ѳйткени Козы – ҳүкимдарлар Ҳүкимдары ҳєм патшалар Патшасы. Оның менен бирге болғанлар – шақырылғанлар, таңланғанлар ҳєм Оған садық қалғанлар.
15 Соңынан периште маған былай деди: – Мына сен кѳрген суўлар, яғный үстинде бузық ҳаял отырған суўлар – халықлар, аламанлар, миллетлер ҳєм тиллер.
16 Сен кѳрген он шақ ҳєм жыртқыш ҳайўан бузық ҳаялды жек кѳрип, оның ҳємме нєрсесин талан-тараж етеди ҳєм оны тыр жалаңаш қалдырады. Оның етин жеп, ѳзин отқа жандырады.
17 Себеби Кудай Ѳзиниң еркин орынлаў ушын, олардың кеўиллерине усы нийетти салған еди. Солай етип, Кудайдың сѳзлери орынланыўға дейин олар ѳз ара келисип, патшалықларын жыртқыш ҳайўанға береди.
18 Сен кѳрген ҳаял – дүнья патшаларының үстинен ҳєкимлик ететуғын уллы қала.