Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян 20 bob

1 Мың жыл. 7 Шайтанның жазаланыўы. 11 Өлилердиң ҳүким етилиўи. 

1 Соң мен қолында терең туңғыйықтың гилти ҳєм үлкен шынжыры бар бир периштениң аспаннан түскенин кѳрдим.
2 Периште айдарҳаны, яғный єзєзүл ҳєм шайтан деп аталған сол ески жыланды тутып, мың жылға байлап таслады.
3 Мың жыл тамам болмағанша, миллетлерди енди азғырмасын деп, оны терең туңғыйыққа ылақтырып жиберди. Ол жерди жаўып, аўзын мѳрлеп таслады. Мың жыл ѳткеннен соң, ол қысқа мүддетке босатылыўы тийис.
4 Соңынан мен тахтларды ҳєм оларда отырғанларды кѳрдим. Оларға ҳүким етиў бийлиги берилген еди. Ийсаның гүўалығы ҳєм Кудайдың сѳзи ушын басы кесилгенлердиң жанларын да кѳрдим. Булар жыртқыш ҳайўанға ҳєм оның мүсинине табынбаған, маңлайларына ҳєм қолларына жыртқыш ҳайўанның тамғасын бастырмаған еди. Олар тирилип, Масих пенен бирге мың жыл патшалық етти.
5 Бул – биринши қайта тирилиў. Калған ѳлилер мың жыл тамам болмағанша тирилмеди.
6 Биринши қайта тирилиўде қатнасқанлар бахытлы ҳєм мухаддес. Екинши ѳлимниң булар үстинен ҳеш қандай бийлиги жоқ. Олар Кудайдың ҳєм Масихтың руўханийлери болып, Оның менен бирликте мың жыл патшалық етеди.
7 Мың жыл ѳткеннен соң, шайтан қамалған жеринен азат етиледи.
8 Жер жүзиниң тѳрт мүйешиндеги миллетлерди, Гог ҳєм Магогты азғырып, оларды саўашқа жыйнаў ушын, ол қамақтан шығады. Олардың саны теңиздиң қумы сыяқлы сан-санақсыз болады.
9 Олар жер жүзин басып ѳтип, мухаддеслердиң мєканы болған Кудайдың сүйикли қаласын қоршап алды. Бирақ аспаннан от жаўып, оларды күйдирип, жоқ қылып жиберди.
10 Ал оларды азғырған шайтан от ҳєм күкирт кѳлине ылақтырылды. Бурын сол жерге жыртқыш ҳайўан ҳєм жалған пайғамбар да ылақтырылған еди. Олар күни-түни, мєңгиге азап шегеди.
11 Сонда мен бир уллы ақ тахтты ҳєм тахтта Отырғанды кѳрдим. Жер ҳєм аспан Оның жүзинен қашып, жоқ болып кетти.
12 Тахттың алдында турған үлкен-киши ѳлилерди де кѳрдим. Соңынан бир китаплар ашылды. Басқа бир китап та ашылды, бул – Ѳмир китабы еди. Ѳлилер китапларда жазылғанлар бойынша, ѳз ислерине қарай ҳүким етилди.
13 Теңиз ѳзинде болған ѳлилерди, ѳлим ҳєм ѳлилер мєканы да ѳзлеринде болған ѳлилерди шығарып берди. Ҳєр бири ѳз ислерине қарай ҳүким етилди.
14 Ѳлим ҳєм ѳлилер мєканы от кѳлине ылақтырылды. Бул от кѳли – екинши ѳлим.
15 Атлары Ѳмир китабында жазылмағанлардың ҳєммеси от кѳлине ылақтырылды.