Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян 8 bob

1 Бекитилген жетинши мөрдиң бузып ашылыўы. 6 Жети кәрнай. 

1 Козы бекитилген жетинши мѳрди бузып ашқанда, аспанда ярым сааттай үнсизлик орнады.
2 Сонда мен Кудайдың алдында турған жети периштени кѳрдим. Оларға жети кєрнай берилди.
3 Соңынан басқа бир периште келип, қурбанлық шалынатуғын орында турды. Оның қолында хош ийисли затларды түтетиўге арналған алтын ыдыс бар еди. Оған пүткил мухаддеслердиң дуўаларына қосып, тахтың алдындағы алтыннан исленген қурбанлық шалынатуғын орынға бағышлаў ушын, кѳп муғдарда хош ийисли затлар берилди.
4 Сонда мухаддеслердиң дуўалары менен бирге хош ийисли затлардың түтини периштениң қолынан кѳтерилип, Кудайдың алдына жетип барды.
5 Периште хош ийисли затлар салынған ыдысты алып, оны қурбанлық шалынатуғын орынның жанып турған шоғына толтырды да, жерге ылақтырып жиберди. Сонда гүлдирмама гүркиреп, гүрсилдеген даўыслар еситилди ҳєм шақмақ шағып, жер силкинди.
6 Жети периште қолларындағы жети кєрнайды шертиўге таярланды.
7 Биринши периште кєрнайын шертти. Сонда қанға араласқан буршақ ҳєм от жерге жаўды. Жер бетиниң үштен бири, тереклердиң үштен бири ҳєм жасыл шѳплердиң ҳєммеси жанып кетти.
8 Екинши периште кєрнайын шертти. Лаўлап жанған таў сыяқлы үлкен бир нєрсе теңизге ылақтырылды. Теңиздиң үштен бири қанға айланды.
9 Теңиздеги жаныўарлардың үштен бири ѳлди ҳєм кемелердиң үштен бири қыйралып қалды.
10 Үшинши периште кєрнайын шертти. Сонда аспаннан шом сыяқлы жалынлап жанған бир үлкен жулдыз дєрьялардың үштен бир бѳлегине ҳєм суў булақларының үстине түсти.
11 Бул жулдыздың аты – жуўсан. Суўлардың үштен бир бѳлеги жуўсан сыяқлы ашшы болды. Суў ашшы болғанлықтан, ишкен адамлардың кѳбиси ѳлип қалды.
12 Тѳртинши периште кєрнайын шертти. Куяштың үштен бири, айдың үштен бири ҳєм жулдызлардың үштен бири зақымланды. Олардың үштен бири қараңғыланып, күндиз ҳєм түнниң үштен бир бѳлеги жақтысыз қалды.
13 Мен соңынан қарап, аспанның ортасында ушып жүрген бир бүркиттиң бєлент даўыс пенен былай дегенин еситтим: «Ҳєсирет, ҳєсирет! Жер жүзинде жасаўшылар ҳєсирет шегеди! Себеби кєрнайларын шертетуғын қалған үш периште кєрнай шертиўге таяр тур!»