Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян 13 bob

1 Теңизден шыққан жыртқыш ҳайўан. 11 Жерден шыққан жыртқыш ҳайўан. 

1 Соңынан мен он шақлы, жети баслы бир жыртқыш ҳайўанның теңизден шығып киятырғанын кѳрдим. Оның шақларында он таж болып, басларында Кудайға тил тийгизиўши атлар жазылған еди.
2 Мен кѳрген жыртқыш ҳайўан қапланға уқсаған еди. Оның аяқлары айыўдың аяғындай, аўзы арысланның аўзындай еди. Айдарҳа оған ѳз қүдирети ҳєм тахты менен бирликте үлкен бийлик те берди.
3 Жыртқыш ҳайўанның басларының бири ѳлимши ҳалда жарақатланғандай болып кѳринди. Деген менен, бул жарақат жазылып кетти. Сонда пүткил дүнья таң қалып, жыртқыш ҳайўанның изине ерип кетти.
4 Адамлар жыртқыш ҳайўанға бийлик берген айдарҳаға сыйынды. Олар жыртқыш ҳайўанға да сыйынып: «Бул жыртқыш ҳайўанға ким тең келе алады? Оның менен ким урыса алады?» – деди.
5 Ѳзин мақтап, Кудайға тил тийгизетуғын сѳзлер айтыў ушын жыртқыш ҳайўанға аўыз берилди. Ол жєне қырық еки ай даўамында жүргизетуғын бийлик алды.
6 Кудайға, Оның аты менен мєканына ҳєм аспанда жасаўшыларға тил тийгизиў ушын, жыртқыш ҳайўан аўзын ашып сѳйлей баслады.
7 Оған мухаддеслерге қарсы урысып, оларды жеңиўге күш берилди. Ол ҳєр бир урыў, ҳєр бир халық, ҳєр бир тил ҳєм ҳєр бир миллет үстинен бийликке ийе болды.
8 Дүньяға тийисли адамлардың ҳєммеси, дүнья жаратылғаннан бери баўызланған Козының Ѳмир китабында аты жазылмаған ҳєр бир адам жыртқыш ҳайўанға сыйынды.
9 Кулағы бар мыналарды еситип алсын:
10 «Кимниң тєғдирине тутқын болыў жазылса, Ол тутқынға түседи. Кимниң тєғдирине қылыш пенен ѳлтирилиў жазылса, Ол қылыш пенен ѳлтириледи». Сол ўақытта мухаддеслердиң сабыр етип, исениўи керек болады.
11 Буннан соң, мен жерден шығып киятырған басқа бир жыртқыш ҳайўанды кѳрдим. Оның қозыникиндей еки мүйизи болып, ол айдарҳа сыяқлы сѳйлейтуғын еди.
12 Бул жыртқыш ҳайўан биринши жыртқыш ҳайўанның пүткил бийлиги менен ол ушын ҳєрекет етти. Жер жүзин ҳєм онда жасайтуғынларды ѳлимши ҳалдағы жарақаты жазылған биринши жыртқыш ҳайўанға сыйыныўға мєжбүрледи.
13 Ол үлкен кєраматлар ислеп, ҳєтте, адамлардың кѳз алдында аспаннан жерге от та жаўдырды.
14 Биринши жыртқыш ҳайўан ушын, ол ѳзине ислеўге рухсат етилген кєраматлар арқалы жер жүзинде жасайтуғынларды жолдан азғырды. Ол адамларға қылыштан жараланған, бирақ тири қалған биринши жыртқыш ҳайўанның ҳүрметине оның бутын соғыўды буйырды.
15 Биринши жыртқыш ҳайўанның буты тилге кирип, ѳзине табынбағанлардың ҳєммесин ѳлтириўди буйырсын деп, оған биринши жыртқыш ҳайўанның бутына жан бериў ушын қүдирет берилди.
16 Ол ҳєр бир адамды: үлкен-кишини, бай-жарлыны, азат-қулды оң қолына ямаса маңлайына тамға бастыртыўға мєжбүрледи.
17 Солай етип, ким де ким усы тамғаға, яғный биринши жыртқыш ҳайўанның атына ямаса атының санына ийе болмаса, бир нєрсе сатып ала алмайды да, сата алмайды да.
18 Бул даналықты талап етеди. Ақылы жеткен адам ҳайўанның санын есаплап шықсын. Ѳйткени бул – адамның саны. Оның саны алты жүз алпыс алты.