Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян 2 bob

1 Ефес жәмәәтине. 8 Смирна жәмәәтине. 12 Пергам жәмәәтине. 18 Тиатира жәмәәтине. 

1 – Ефес жємєєтиниң жетекшисине жаз. Оң қолына жети жулдыз услаған, жети алтын шыра қойғыштың ортасында жүретуғын былай дейди:
2 «Сениң ислериңди, аўыр мийнетиңди ҳєм сабырлылығыңды билемен. Жаман адамлардың жаманлық ислеўине жол қоймайтуғыныңды да билемен. Елши емес болып турып, ѳзлерин елши деп атағанларды сынадың ҳєм олардың ѳтирикши екенин билип алдың.
3 Аўа, сен сабырлысаң. Мениң атым ушын қыйыншылықларға шыдам бердиң ҳєм шаршамадың.
4 Бирақ, саған бир қарсылығым бар: сен биринши исенген ўақтыңдағы сүйиспеншилигиңди жойттың.
5 Солай етип, не нєрседе алжасқаныңды есиңе түсир! Тєўбе қылып, дєслепки ислериңди даўам ет. Егер тєўбе қылмасаң, саған келип, шыра қойғышыңды орнынан алып таслайман.
6 Деген менен, сенде бир унамлы қєсийет бар: сен Николас уйымының ислерин жек кѳресең. Оларды Мен де жек кѳремен.
7 Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин. Жеңип шыққанға Кудайдың жєннетиндеги ѳмир терегиниң мийўесин жеў ҳуқықын беремен».
8 – Смирна жємєєтиниң жетекшисине жаз. Ѳлип, ѳлимнен қайта тирилген, биринши ҳєм соңғы болған былай дейди:
9 «Сениң қайғы-ҳєсиретиңди ҳєм кємбағаллығыңды билемен. Бирақ, сен байсаң. Ѳзлерин яҳудийлермиз дейтуғынлардың сени масқаралап айтқан сѳзлерин де билемен. Бирақ олар яҳудий емес, ал шайтан жыйыны.
10 Басыңа түсетуғын қыйыншылықлардан қорқпа! Мине, шайтан сизлерди сынаў ушын араңыздағы базыларыңызды қамаққа таслайды. Он күн азап шегесизлер. Ѳлиўге туўра келсе де, Маған садық қал, сонда Мен саған ѳмир тажын беремен.
11 Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин. Жеңип шыққан екинши ѳлимнен ҳеш қандай зєлел кѳрмейди».
12 – Пергам жємєєтиниң жетекшисине жаз. Еки жүзли ѳткир қылышқа ийе болған былай дейди:
13 «Шайтанның тахты турған жерде жасайтуғыныңды билемен. Атыма садық екениңди де билемен. Ҳєтте, садық гүўам Антипа араңызда, шайтан отырған жерде ѳлтирилген күнлерде де сен Маған деген исенимиңнен қайтпадың.
14 Бирақ, саған бираз қарсылығым бар: араңызда Балаам тєлийматын тутыўшылар бар. Бутқа сойылған қурбанлық гѳшин жеўге ҳєм бузықшылық қылыўға үйретиў ушын, Балаам Балакқа Израил халқын жолдан урыўды үгитлеген еди.
15 Сол сыяқлы, сизлердиң араңызда Николас уйымының тєлийматын тутыўшылар да бар.
16 Бул ушын тєўбе қыл! Болмаса, тез жаныңа келип, оларға қарсы аўзымдағы қылыш пенен урысаман.
17 Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин. Жеңип шыққанға сырлы манна ҳєм бир ақ тас та беремен. Бул тастың үстине жаңа ат жазылған. Атты тасты алған адамнан басқа ҳеш ким билмейди».
18 – Тиатира жємєєтиниң жетекшисине жаз. Кѳзлери лаўлап жанған отқа, аяқлары жылтыраған қолаға уқсаған Кудайдың Улы былай дейди:
19 «Сениң ислериңди, сүйиспеншилигиңди, исенимиңди, хызметиңди ҳєм сабырлылығыңды билемен. Соңғы ислериңниң биринши исенген ўақтыңдағы ислериңнен кѳбирек екенин де билемен.
20 Деген менен, саған бир қарсылығым бар: ѳзин пайғамбар деп атаған Изабел атлы ҳаялға жол қойып атырсаң. Бул ҳаял хызметшилеримди жолдан урып, бузықшылық ислеўге ҳєм бутларға сойылған қурбанлық гѳшин жеўге үйретпекте.
21 Тєўбе етиўи ушын оған мєўлет берген едим. Бирақ ол бузықшылығы ушын тєўбе етиўди қєлемейди.
22 Мине, Мен оны кеселлик тѳсегине қулатаман. Оның менен бузықшылық ислейтуғынларды да оның менен биргеликте ислеген жаман ислери ушын тєўбе етпесе, үлкен қайғы-ҳєсиретке дуўшар етемен.
23 Оның изине ергенлерди де ѳлимге дуўшар етемен. Сонда пүткил жємєєтлер Мениң кеўил ҳєм жүреклерди сынаўшы екенимди билип алады. Ҳєр бириңизге ислериңизге қарай қайтараман.
24 Бирақ, Тиатирадағы басқаларға, яғный сол ҳаялдың тєлийматын тутпай, „шайтанның тєлийматының терең сырларын“ үйренбеген сизлерге айтатуғыным мынаў:
25 „Мен келемен дегенше, ѳзлериңизде бар болғанларға беккем болыңлар“. Сизлерге буннан басқа аўырманлық салмайман.
26 Жеңип шығып, Мениң буйырғанларымды ақырына дейин орынлағанға миллетлер үстинен бийлик беремен.
27 „Ол оларды темир таяқ пенен басқарып, Ылай ыдыс сыяқлы сындырып таслайды“. Єкемнен Мен алған усындай бийликти ол да алады.
28 Жеңип шыққанға таң жулдызын да беремен.
29 Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин».