Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян 4 bob

1 Аспандағы тахт. 

1 Буннан соң, аспанда ашық турған бир қапыны кѳрдим. Мен бурын еситкен даўыс, яғный кєрнай сестине уқсаған сес маған былай деди: «Бул жерге кѳтерил! Мен саған буннан соң болыўы тийис ўақыяларды кѳрсетемен».
2 Сонда мен дєрҳал Мухаддес Руўхқа толып, аспанда бир тахты ҳєм онда Отырғанды кѳрдим.
3 Тахтта Отырғанның кѳриниси яспис, сардис сыяқлы ҳасыл таслардай жарқырап, ал тахтың єтирапын жарқыраған ҳасыл зумрат тасы сыяқлы радуга қоршап турған еди.
4 Тахтың дѳгерегинде басқа жигирма тѳрт тахт болып, бул тахтларда ақ кийимли, басларына алтын таж кийген жигирма тѳрт ақсақал отырған еди.
5 Тахттан шақмақ шағып, гүрсилдеген даўыс шығып, гүлдирмаманың гүркирегени еситилип турған еди. Ал тахтың алдында жети шыра жанып турған еди. Бул – Кудайдың жети руўхы.
6 Жєне тахтың алдында кристалл сыяқлы шийше теңиз бар еди. Тахттың тѳрт тєрепинде, яғный дѳгерегинде алды-арты кѳзге толған тѳрт мақлуқ турған еди.
7 Олардың бириншиси арысланға, екиншиси бузаўға уқсаған еди. Ал үшиншисиниң жүзи адамның түриндей, тѳртиншиси ушып баратырған бүркит сыяқлы еди.
8 Ҳєр бириниң алты қанаты болып, қанатларының иши-сырты толған кѳз еди. Олар күни-түни тоқтамастан: «Бар болған, ҳєзир бар ҳєм келешекте бар болатуғын ҳєм келетуғын, ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийемиз мухаддес, мухаддес, мухаддес!» – дейди.
9 Тѳрт мақлуқ мєңги ѳмир сүретуғын тахтта Отырғанды уллылап, Оған ҳүрмет кѳрсетип шүкирлик билдирген сайын,
10 жигирма тѳрт ақсақал тахтың үстинде отырған мєңги ѳмир Сүретуғынның алдына жығылып, Оған табынды. Олар тажларын тахтың алдына қойып былай деди:
11 «Кудай Ийемиз! Сен даңқ, ҳүрмет ҳєм қүдиретти алыўға ылайықлысаң. Себеби ҳємме нєрсени Сен жаратқансаң. Ҳєммеси Сениң еркиң менен жаратылды ҳєм бар болды».