Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян 3 bob

1 Сардис жәмәәтине. 7 Филадельфия жәмәәтине. 14 Лаодикия жәмәәтине. 

1 – Сардис жємєєтиниң жетекшисине жаз. Кудайдың жети руўхына ҳєм жети жулдызына ийе болған былай дейди: «Сениң ислериңди билемен. Тири жємєєт деген атың бар, бирақ сен ѳлисең.
2 Сергек бол! Еле ѳлмей қалған, енди ѳлейин деп атырғанларды беккемле. Себеби Кудайымның алдында сениң ислериңниң жеткиликсиз екенлигин кѳрдим.
3 Сонлықтан ѳзиң қабыл алып еситкен тєлийматыңды есиңе түсир. Оны тутынып, тєўбе ет! Егер сергек болмасаң, Мен уры сыяқлы күтилмегенде келемен, саған қашан келетуғынымды билмей қаласаң.
4 Бирақ Сардисте, сизлердиң араңызда, ипласланбаған айырым адамлар бар. Олар ақ кийим кийип, Мениң менен бирге жүреди. Ѳйткени олар усыған ылайықлы.
5 Жеңип шыққан усындай ақ кийим кийеди. Бундай адамның атын Ѳмир китабынан ҳеш қашан ѳширмеймен. Єкемниң ҳєм Оның периштелериниң алдында бул адамның атын ашық тєн аламан.
6 Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин».
7 – Филадельфия жємєєтиниң жетекшисине жаз. Мухаддес ҳєм ҳақыйқат болған, Даўыттың гилтине ийе, Ол ашса ҳеш ким жаба алмайтуғын, жапса, ҳеш ким аша алмайтуғын былай дейди:
8 «Сениң ислериңди билемен. Мине, сениң алдыңа ҳеш ким жаба алмайтуғын ашық бир қапы қойдым. Күшиң аз болса да сѳзимди орынлап, атымнан ўаз кешпедиң.
9 Кара, шайтанның жыйынынан болғанларды, ѳзлерин яҳудиймиз деп атап, бирақ яҳудий болмаған ѳтирикшилерди саған тапсыраман. Оларды саған келиўге ҳєм сениң аяғыңа бас урыўға мєжбүр етип, оларға Мениң сени сүйетуғынымды кѳрсетемен.
10 Сабырлылық пенен шыда деген буйрығымды орынлағаның ушын, жер жүзинде жасайтуғынларды сынаў мақсети менен пүткил дүнья жүзине келетуғын сынақ ўақтынан Мен де сени сақлайман.
11 Мен жылдам келемен. Тажыңды ҳеш ким алып қоймаўы ушын, ѳзиңде бар нєрсеге беккем бол.
12 Жеңип шыққанды Кудайымның Ибадатханасының сүтини қыламан. Сол адам ол жерден ҳеш қашан шықпайды. Оның үстине Кудайымның атын, Кудайымның қаласының атын, яғный аспаннан, Кудайдың жанынан түсетуғын жаңа Ерусалимниң атын ҳєм Ѳзимниң жаңа атымды жазаман.
13 Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин».
14 – Лаодикия жємєєтиниң жетекшисине жаз. Аўмийин, садық ҳєм ҳақыйқый гүўа, Кудайдың жаратқанларының Ҳүкимдары былай дейди:
15 «Сениң ислериңди билемен. Сен я суўық, я ыссы емессең. Кєне енди, я суўық, я ыссы болсаң!
16 Сен ыссы да, суўық та емес, ал жыллы болғаның ушын, сени аўзымнан қусып жиберемен.
17 Байман, байыдым, ҳеш нєрсеге мүтєж емеспен, дейсең. Бирақ ѳзиңниң бахытсыз, аянышлы, жарлы, соқыр ҳєм жалаңаш екенлигиңди билмейсең.
18 Сонлықтан Мениң саған айтатуғын мєслєҳєтим мынаў: бай болыўың ушын, Меннен отта тазаланған алтын, жалаңашлығыңның айыбы кѳринбеў ушын ақ кийимлер, кѳриўиң ушын кѳзлериңе сүртетуғын дєри сатып ал.
19 Мен сүйгенлеримниң ҳєммесин єшкара етип, тєрбиялайман. Сол себепли инталы болып, тєўбе ет.
20 Мине, Мен қапы алдында қағып турман. Егер ким де ким даўысымды еситип, қапыны ашса, оның үйине киремен. Мен оның менен, ол Мениң менен бирге аўқат жеймиз.
21 Мен жеңип шығып, Єкем менен бирге Оның тахтына отырғанымдай, жеңип шыққанға да Мениң менен бирге тахтыма отырыў ҳуқықын беремен.
22 Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин».