Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян 7 bob

1 Мөрленген 144000 адам. 9 Ақ кийим кийген көп адамлар. 

1 Буннан соң, мен жер жүзиниң тѳрт мүйешинде турған тѳрт периштени кѳрдим. Олар жер бетине, теңизге ҳєм ҳєр бир терекке еспесин деп, жер жүзиниң тѳрт самалын услап турған еди.
2 Мен жєне шығыстан кѳтерилип киятырған, тири Кудайдың мѳрине ийе басқа бир периштени кѳрдим. Ол жерге ҳєм теңизге зыян келтириў бийлиги берилген тѳрт периштеге бєлент даўыс пенен бақырып:
3 «Бизлер Кудайымыздың хызметшилериниң маңлайларына мѳр баспағанымызша, жерге, теңизге ҳєм тереклерге зыян тийгизбеңлер!» – деди.
4 Сонда мен маңлайларына мѳр басылғанлардың саны бир жүз қырық тѳрт мың екенин еситтим. Олар Израил халқының барлық урыўларынан еди.
5 Яҳуда урыўынан он еки мың, Рубен урыўынан он еки мың, Гад урыўынан он еки мың,
6 Ашер урыўынан он еки мың, Нафтали урыўынан он еки мың, Манасия урыўынан он еки мың,
7 Симон урыўынан он еки мың, Лебий урыўынан он еки мың, Исаҳар урыўынан он еки мың,
8 Зебулон урыўынан он еки мың, Юсуп урыўынан он еки мың, Бенамин урыўынан он еки мың адамға мѳр басылды.
9 Буннан соң қарасам, ҳєр түрли миллеттен, ҳєр түрли урыўдан, ҳєр түрли халықтан ҳєм ҳєр түрли тилден болған, ҳеш ким санай алмайтуғын үлкен топар тахтың ҳєм Козының алдында тур еди. Ҳєммеси ақ кийим кийген болып, қолларына хурма ағашының шақаларын услап турған еди.
10 Олар бєлент даўыс пенен: «Кутқарыў тахт үстинде отырған Кудайымыздың ҳєм Козының қолында», – деп бақырып турған еди.
11 Барлық периштелер тахтың, ақсақаллардың ҳєм тѳрт мақлуқтың дѳгерегинде турған еди. Олар тахтың алдында жерге жығылып, Кудайға табынып былай деди:
12 «Аўмийин. Алғыс, даңқ, даналық, мақтаў, ҳүрмет, күш-қүдирет мєңгиге Кудайымыздики болсын. Аўмийин».
13 Сонда ақсақаллардың бири меннен: – Ақ кийим кийген мына адамлар кимлер, олар қаяқтан келди? – деп сорады.
14 – Буны сиз билесиз, мырзам, – дедим мен. Ол маған былай деди: – Булар – аўыр азапты басынан кеширгенлер. Кийимлерин Козының қаны менен жуўып, аппақ қылғанлар.
15 Сонлықтан олар Кудайдың тахтының алдында турып, Оның Ибадатханасында күни-түни Оған хызмет етеди. Тахтта Отырған олар менен бирге болып, Ѳз панасында сақлайды.
16 Олар енди ҳеш қашан аш болмайды ҳєм шѳллемейди, қуяш ямаса жєзийрама ыссы оларды күйдирмейди.
17 Ѳйткени тахтың ортасында болған Козы олардың шопаны болып, тири суў булақларына алып барады. Кудай олардың барлық кѳз жасларын сүртип таслайды.