Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян 10 bob

1 Периште ҳәм китапша. 

1 Соңынан мен аспаннан түсип киятырған басқа бир күшли периштени кѳрдим. Ол бултқа оранған болып, басының үстинде радуга бар еди. Жүзи қуяшқа, аяқлары отлы сүтинге уқсаған еди.
2 Оның қолында ашылған бир китапша бар еди. Ол оң аяғын теңизге, ал сол аяғын жерге қойып,
3 арысланның ақырғанына уқсаған бєлент даўыс пенен бақырды. Ол бақырғанда, жети гүлдирмама сести гүркиреп, тилге кирди.
4 Жети гүлдирмама тилге киргенде, мен жазбақшы болып едим, бирақ аспаннан бир даўыстың: «Жети гүлдирмаманың айтқанларын жазба, оларды қупыя сақла», – дегенин еситтим.
5 Соннан кейин, бир аяғы менен теңизде, бир аяғы менен жерде турғанын ѳзим кѳрген сол периште оң қолын аспанға кѳтерди.
6 Ол аспанды ҳєм аспандағылардың ҳєммесин, жерди ҳєм жердегилердиң ҳєммесин, теңизди ҳєм теңиздегилердиң ҳєммесин жаратқан мєңги тири Кудайдың аты менен ант ишип: «Енди ўақыт қалмады.
7 Бирақ, жетинши периште кєрнайын шертетуғын күнлерде Кудайдың Ѳз хызметшилери – пайғамбарларға хабарлаған сырлы жобасы ємелге асады», – деди.
8 Ѳзим аспаннан еситкен даўыс мениң менен жєне сѳйлесе баслап: «Барып, теңизде ҳєм жерде турған периштениң қолындағы ашыўлы китапшаны ал», – деди.
9 Мен периштениң жанына барып, китапшаны маған бериўин сорадым. Периште маған: «Буны ал да, жеп қой. Ол қарныңа барғанда ашшы, ал аўзыңда пал сыяқлы татлы болады», – деди.
10 Сонда мен китапшаны периштениң қолынан алып, жеп қойдым. Ол аўзымда пал сыяқлы татлы болды, ал жутқанымнан кейин қарнымды ашытты.
11 Соңынан маған былай делинди: «Сен жєне кѳп халықлар, миллетлер, тиллер ҳєм патшалар туўралы пайғамбаршылық айтыўың тийис».