Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян 5 bob

1 Мөрленген китап ҳәм Қозы. 

1 Сонда тахтта Отырғанның оң қолында иши-сырты жазылған, жети мѳр басылып бекитилген бир китапты кѳрдим.
2 Жєне мен бєлент даўыс пенен жєриялап бақырған бир күшли периштени де кѳрдим. Ол жар салып: «Ким бекитилген мѳрлерди бузып, китапты ашыўға ылайықлы?» – деди.
3 Бирақ аспанда да, жерде де, жердиң астында да китапты ашып, оның ишине қараўға ылайықлы ҳеш ким болмады.
4 Китапты ашып, оның ишине қараўға ылайықлы ҳеш ким табылмағанлықтан, мен қатты жыладым.
5 Сонда ақсақаллардың бири маған: – Жылама! Кара, Яҳуда урыўынан шыққан Арыслан, Даўыттың Урпағы жеңип шықты! Ол бекитилген мѳрлерди бузып, китапты аша алады, – деди.
6 Сол ўақытта мен тѳрт мақлуқ пенен ақсақаллар қоршап турған тахтың ортасында баўызланғанға уқсаған бир Козыны кѳрдим. Козының жети мүйизи ҳєм жети кѳзи бар еди. Бул кѳзлер – Кудайдың пүткил жер жүзине жиберген жети руўхы.
7 Козы жақынлап барып, тахтта Отырғанның оң қолынан китапты алды.
8 Козы китапты алғанда, тѳрт мақлуқ ҳєм жигирма тѳрт ақсақал Оның аяғына жығылды. Ҳєр бириниң қолында тарлы єсбап ҳєм хош ийисли затларға толған алтын кеселер бар еди. Бул хош ийисли затлар мухаддеслердиң дуўаларын билдиреди.
9 Олар жаңа алғыс-мақтаў қосығын айтып былай деди: «Сен китапты алыўға ҳєм бекитилген мѳрлерди бузып ашыўға ылайықлысаң! Ѳйткени Сен Ѳзиңди қурбан еттиң ҳєм ҳєр бир урыў, тил, халық ҳєм миллеттен шыққан адамларды Кудайға арнаў ушын, Ѳз қаныңды тѳгип, олардың тѳлемлерин ѳтедиң.
10 Оларды патшалығыңа еристирип, Кудайдың хызметиндеги руўханийлер қылдың. Олар жер жүзинде ҳєкимлик етеди».
11 Соңынан тахтты, мақлуқларды ҳєм ақсақалларды қоршаған есап-сансыз, мыңлаған, миллионлаған периштелерди кѳрдим ҳєм олардың даўысларын еситтим.
12 Олар даўыслап қосық айтып былай деди: «Баўызланған Козы күш, байлық, даналық, қүдирет, ҳүрмет, даңқ ҳєм алғыс-мақтаўды алыўға ылайықлы».
13 Жєне мен аспандағы, жер жүзиндеги, жердиң астындағы ҳєм теңиздеги пүткил жаратылыстың, олардағы пүткил барлықтың былай деп қосық айтқанын еситтим: «Тахтта отырған ҳєм Козы алғыс-мақтаўға, ҳүрметке, даңққа ҳєм қүдиретке мєңгиге ийе болсын!»
14 Тѳрт мақлуқ: «Аўмийин!» деп жуўап берди, ал жигирма тѳрт ақсақал жерге жығылып табынды.