Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян 21 bob

1 Жаңа аспан ҳәм жаңа жер. 9 Жаңа Ерусалим. 

1 Буннан соң, мен жаңа аспан менен жаңа жерди кѳрдим. Себеби бурынғы аспан ҳєм бурынғы жер жоқ болып кеткен еди. Енди теңиз де жоқ еди.
2 Жєне мен аспаннан, Кудайдың жанынан түсип киятырған мухаддес қала – жаңа Ерусалимди кѳрдим. Ол ѳз күйеўи ушын таярланып безенген келин сыяқлы еди.
3 Сонда тахттан шыққан бир бєлент даўыстың былай дегенин еситтим: «Мине, Кудайдың мєканы адамлар арасында. Кудай да олардың арасында жасайды. Олар Кудайдың халқы болады, Кудайдың Ѳзи де олардың Кудайы болып, олар менен бирге жасайды.
4 Кудай олардың барлық кѳз жасларын сүртип таслайды. Енди ѳлим де, қайғы да, жылаў да, азап та болмайды. Ѳйткени бурынғылар ѳтип кетти».
5 Тахтта Отырған: – Енди ҳєммесин жаңалайман, – деди. Ол жєне маған: – Мынаны жаз: себеби бул сѳзлер исенимли ҳєм ҳақыйқат, – деди.
6 Соңынан Ол маған былай деди: – Орынланды. Мен – Альфа ҳєм Омегаман, биринши ҳєм соңғыман. Шѳллеген адамға ѳмир суўының булақларынан ешейин суў беремен.
7 Жеңип шыққан усыларды мийрас етип алады. Мен оның Кудайы боламан, ол Маған перзент болады.
8 Бирақ қорқақлар, исенбейтуғынлар, ҳарамылар, адам ѳлтириўшилер, бузықлар, сыйқыршылар, бутпаразлар ҳєм барлық ѳтирикшилердиң орны – күкирт жанған от кѳли болады. Бул – екинши ѳлим.
9 Соңынан ақырғы жети бєлеге толы жети кесеси бар жети периштениң бири жаныма келип: – Берман кел. Мен саған Козының қалыңлығын кѳрсетемен. Ол Козының болажақ келиншеги, – деди.
10 Периште мени Мухаддес Руўхтың басқарыўында үлкен ҳєм бийик бир таўға кѳтерди. Ол жерден маған аспаннан, Кудайдың жанынан түсип киятырған мухаддес қала Ерусалимди кѳрсетти.
11 Кала Кудайдың салтанатына ийе еди. Ол ҳасыл тас сыяқлы, кристаллдай мѳлдир яспис тасы сыяқлы жарқырап тур еди.
12 Каланың үлкен ҳєм бийик дийўаллары болып, он еки дєрўазасы бар еди. Дєрўазаларды он еки периште қараўыллайтуғын еди. Дєрўазаларға Израилдың он еки урыўының атлары жазылған еди.
13 Шығыста үш дєрўаза, арқада үш дєрўаза, қублада үш дєрўаза, батыста үш дєрўаза бар еди.
14 Каланың дийўаллары он еки тийкар тасқа ийе болып, оларда Козының он еки елшисиниң атлары жазылған еди.
15 Мениң менен сѳйлескен периштениң қолында қаланы ҳєм қаланың дєрўазалары менен дийўалларын ѳлшеў ушын, ѳлшейтуғын алтын таяқ бар еди.
16 Кала тѳрт мүйеш тєризинде болып, узынлығы менен ени бирдей еди. Периште қаланы ѳлшейтуғын таяқ пенен ѳлшегенде, узынлығы, ени ҳєм бийиклиги бирдей болып, ҳєр бир тєрепи еки мың еки жүз шақырым болып шықты.
17 Периште дийўалларды да ѳлшеп шықты. Адамның ѳлшеми бойынша, дийўаллардың бийиклиги алпыс бес метр болып шықты.
18 Дийўаллар яспис тасынан, ал қала мѳлдир шийше сыяқлы, сап алтыннан салынған еди.
19 Кала дийўалларының тийкар таслары ҳєр түрли ҳасыл таслар менен безелген еди. Биринши тийкар тасы яспис, екиншиси кѳк сапфир, үшиншиси халкидон, тѳртиншиси жасыл зумрат,
20 бесиншиси ала сардоникс, алтыншысы сардолик, жетиншиси сары яқыт, сегизиншиси кѳк зумрат, тоғызыншысы сары топаз, оныншысы сары зумрат, он бириншиси кѳк яқыт, он екиншиси қызғылт кѳк аметист.
21 Он еки дєрўаза он еки ҳинжи, яғный ҳєр бир дєрўаза бир ҳинжиден соғылған еди. Каланың кѳшеси мѳлдир шийше сыяқлы сап алтыннан еди.
22 Мен қалада Ибадатхана кѳрмедим. Ѳйткени ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийемиз ҳєм Козы қаланың Ибадатханасы еди.
23 Каланы жақтыландырыў ушын қуяштың ямаса айдың кереги жоқ еди. Себеби Кудайдың салтанаты оны жақтыландырып туратуғын еди. Ал Козы оның шырасы еди.
24 Миллетлер қаланың жақтысында жүреди. Дүнья патшалары ѳз даңқ-салтанатын ол жерге алып келеди.
25 Каланың дєрўазалары ҳєр қашан ашық турады, ѳйткени ол жерде ҳеш қашан түн болмайды.
26 Адамлар ѳз миллетиниң даңқ-салтанатын ҳєм абырайын ол жерге алып келеди.
27 Оған ҳеш қандай ҳарам нєрсе, жеркенишли ҳєм жалған ислер ислеген ҳеш ким ҳеш қашан кирмейди. Тек атлары Козының Ѳмир китабында жазылғанлар ғана киреди.