Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян 15 bob

1 Жети периште ҳәм жети бәле. 

1 Мен аспанда жєне уллы ҳєм таң қаларлық басқа бир белги кѳрдим. Бул – қолында соңғы жети бєле бар жети периште еди. Ѳйткени усы бєлелер менен Кудайдың ғєзеби жуўмақланатуғын еди.
2 Сонда от аралас шийше теңиз сыяқлы бир нєрсени кѳрдим. Ҳайўанның, оның мүсининиң ҳєм атының саны үстинен жеңиске ерискенлер қолларына Кудайдың берген тарлы єсбапларын алып, шийше теңиздиң үстинде турған еди.
3 Олар Кудайдың хызметшиси Муўсаның ҳєм Козының қосығын айтып турған еди: «Ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийе, Сениң ислериң уллы ҳєм єжайып, О, миллетлер Патшасы! Сениң жолларың ҳақыйқат ҳєм єдил.
4 Ийем, Сеннен қорқпайтуғын, атыңды алғысламайтуғын ким бар? Себеби тек жалғыз Сен ғана мухаддессең. Пүткил миллетлер келип, Сениң алдыңда табынады. Ѳйткени Сениң єдил ислериң аян болды».
5 Буннан соң мен қарап, аспандағы Ибадатхананың, яғный Гүўалық шатырының ашылғанын кѳрдим.
6 Колында жети бєле бар жети периште жарқыраған аппақ кийим кийип, кѳкиреклерине алтын ѳңирше байлап, Ибадатханадан шықты.
7 Тѳрт мақлуқтың бири жети периштеге мєңгиге жасаўшы Кудайдың қєҳєрли ғєзебине толы жети алтын кесе берди.
8 Ибадатхана Кудайдың уллылығының ҳєм қүдиретиниң түтини менен толып кетти. Жети периштениң жети бєлеси тамамланбағанша, ҳеш ким Ибадатханаға кире алмады.