Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян 18 bob

1 Бабилонның қулаўы. 

1 Буннан соң, мен күшли бийликке ийе басқа бир периштениң аспаннан түскенин кѳрдим. Оның салтанатынан дүнья жүзи жарқырап кетти.
2 Периште қатты даўыслап былай деди: «Кулады! Уллы Бабилон қулады! Ол енди жинлердиң мєканы, Ҳєр түрли жаўыз руўхлардың ордасы, Ҳєр қыйлы ҳарам ҳєм жеркенишли қуслардың уясы болды.
3 Ѳйткени барлық миллетлер оның бузықшылығының күшли шарабын ишти. Дүньяның патшалары оның менен бирге бузықшылық иследи. Дүньяның саўдагерлери де оның асып-тасқан молшылығынан байып кетти».
4 Сонда мен аспаннан басқа бир даўыс еситтим. Бул даўыс былай деди: «Ҳєй, халқым! Оның гүналарына шерик болып, Ол дуўшар болған бєлелерге дуўшар болмаўың ушын, оннан шығып кет!
5 Себеби оның гүналары үсти-үстине жыйналып, аспанға жетти, Кудай оның жаман ислерин ядында сақлады.
6 Бабилон сизлерге не қылған болса, оған соны қайтарыңлар. Ислеген ислерин еки есе етип қайтарыңлар, Ѳзи араластырып таярлаған шараптан еки есе толтырып, оған бериңлер.
7 Ол қаншама сєн-салтанатқа ҳєм молшылыққа бѳленген болса, оған соншама қайғы-ҳєсирет бериңлер. Ѳйткени ол ѳз кеўлинде: „Мен ҳаял патша болып, тахтта отырман, жесир емеспен. Ҳеш қашан қайғы кѳрмеймен“, – дейди.
8 Сонлықтан ол ѳлим, қайғы ҳєм ашлық бєлелерине бир күнниң ишинде дуўшар болады, ол отта жанып күл болады. Себеби оны ҳүким қылыўшы Кудай Ийемиз қүдиретли».
9 Оның менен бирге бузықшылық ислеп, оның асып-тасқан молшылығын бѳлискен дүньяның патшалары ол жанып атырған оттың түтинин кѳргенде, оны азалап жылайды.
10 Олар оның шегип атырған азабынан қорқып, узақта турып: «Ўай-ўай, уллы қала, күшли қала Бабилон! Аз ўақыт ишинде ҳүким етилдиң-ғо», – дейди.
11 Дүньяның саўдагерлери де ол ушын жылап, аза тутады. Ѳйткени олардың буйымларын сатып алатуғын енди ҳеш ким жоқ.
12 Олар алтын, гүмис, ҳасыл таслар, ҳинжи, баҳалы гезлеме, жипек, қызғылт кѳк ҳєм қырмызы гезлемелерди, ҳєр түрли хош ийисли ағашларды, пил сүйегинен исленген затларды, қымбат баҳалы ағашлардан исленген нєрселерди, қола, темир ҳєм мєрмерден исленген ҳєр қыйлы буйымларды,
13 дємли қабық, мазалы дєм беретуғын нєрселерди, хош ийисли түтеткилерди, єтир май, єтир, шарап, зєйтүн майы, сапалы ун ҳєм бийдай, ири қара мал ҳєм қойлар, атлар ҳєм арбалар, қулларды, жєне де адам жанын сататуғын ҳєм сатып алатуғын еди.
14 Олар жєне: «Жаның сүйген мийўелер қолыңнан кетти. Пүткил байлығың ҳєм кѳзди қамастыратуғын затларың жоқ болды. Енди оларды ҳеш қашан таба алмайсаң», – дейди.
15 Бабилонда усы нєрселерди сатып, байып кеткен саўдагерлер қаланың шеккен азабынан қорқынышқа түседи ҳєм узақта турып, жылап аза тутады.
16 Олар былай дейди: «Ўай, ўай, уллы қала! Баҳалы гезлеме, қызғылт кѳк ҳєм қырмызы липаслар кийген, алтын, ҳасыл таслар ҳєм ҳинжилер менен безенген уллы қала!
17 Усындай үлкен байлық аз ўақыт ишинде жоқ болды». Барлық кеме басшылары, кеме жолаўшылары, кемеде ислейтуғынлар ҳєм теңизден күн кѳретуғынлардың ҳєммеси узақта турып,
18 ол жанған оттың түтинин кѳргенде: «Усы уллы қалаға тең келетуғын қала бар ма?» – деп дад салды.
19 Басларына күл шашты, аза тутып жылап, былай деп бақырысты: «Ўай, ўай, уллы қала! Теңиз кемелерине ийе болғанлардың ҳєммеси ол себепли, оның қымбат баҳалы буйымлары себепли байыған еди. Деген менен, қала аз ўақыт ишинде ўайран болды.
20 Куўаныңлар Бабилонның аўҳалына, Ҳєй аспан, мухаддеслер, елшилер ҳєм пайғамбарлар! Себеби Кудай оны ҳүким етип, сизлер ушын ѳш алды».
21 Соңынан бир күшли периште үлкен дигирман тасына уқсайтуғын бир тасты кѳтерип, теңизге ылақтырды да, былай деди: «Уллы қала Бабилон! Минекей, ол усындай күш пенен ылақтырылып, мєңгиге жоқ болады.
22 Ендигиден былай, сенде тарлы єсбап шертиўшилердиң, қосықшылардың, сырнай ҳєм кєрнай шертиўшилердиң даўыслары ҳеш қашан еситилмейди. Сенде қайтып ҳеш бир ѳнердиң устасы табылмайды, дигирманның даўысы ҳеш қашан еситилмейди.
23 Сенде буннан былай шыра жақтысы болмайды. Келин-күйеў сеслери ҳеш қашан еситилмейди. Ѳйткени саўдагерлериң дүньяда атақлы адамлар болып, пүткил миллетлер сениң сыйқыршылығың менен азғырылған еди.
24 Жєне де, пайғамбарлардың, мухаддеслердиң ҳєм жер жүзинде ѳлтирилгенлердиң ҳєммесиниң қаны сеннен табылған еди».