1 Ләң адамның шыпа табыўы. 9 Маттаның шәкирт болыўы. 14 Ораза ҳаққында сораў. 18 Басшының қызы ҳәм ҳаялдың исеними. 27 Еки соқырдың шыпа табыўы. 32 Жин урған бир гүңелектиң шыпа табыўы. 35 Ийсаның адамларға жаны ашыўы.
Матта жазған Хош Хабар 9 bob
1 Соңынан Ийса қайыққа минип, теңиздиң арғы жағасына ѳтти де, Ѳз қаласына қайтып келди.
2 Сонда адамлар тѳсегинде жатырған бир ләң адамды кѳтерип, Оған алып келди. Ийса олардың исенимин кѳрип, ләң адамға: – Балам, жигерли бол, гүналарың кеширилди! – деди.
3 Сонда диний муғаллимлердиң гейбиреўлери ишлеринен: «Бул Ќудайға тил тийгизип тур-ғо!» – деди.
4 Ийса олардың не ойлағанын билип, оларға: – Ишлериңизден неге жаманлық ойлап турсызлар?
5 Ќайсысын айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса «Орныңнан турып жүре бер», – деў ме?
6 Бирақ, Адам Улының жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деди де, ләң адамға: – Орныңнан турып тѳсегиңди ал да, үйиңе бар! – деди.
7 Ләң адам орнынан турып, үйине кетти.
8 Буны кѳрген адамларды қорқыныш бийлеп, адамларға усындай бийлик берген Ќудайды мақтады.
9 Ийса сол жерден кетип баратырып салық кеңсесинде отырған Матта атлы адамды кѳрди де, оған: – Мениң изиме ер, – деди. Ол орнынан турып, Ийсаның изине ерди.
10 Ийса оның үйинде дастурхан басында отырғанда, кѳплеген салықшылар менен гүнакарлар келип, Ол ҳәм Оның шәкиртлери менен бирге дастурханлас болды.
11 Парисейлер буны кѳрип, Оның шәкиртлеринен: – Сизлердиң Устазыңыз неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ас ишип отыр? – деп сорады.
12 Буны еситкен Ийса оларға: – Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж.
13 Сизлер барып: «Мен қурбанлық емес, ал мийрим-шәпәәт тилеймен», – деген сѳзлердиң мәнисин билип алыңлар. Себеби Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды шақырыў ушын келдим, – деди.
14 Сол ўақытта Яқыяның шәкиртлери келип, Ийсадан: – Бизлер де, парисейлер де жийи-жийи ораза тутамыз, ал Сениң шәкиртлериң неге ораза тутпайды? – деп сорады.
15 Ийса оларға: – Тойға келгенлер күйеў олар менен бирге болған ўақытта қайғыра ала ма? Бирақ, олардан күйеўди тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, сонда олар ораза тутады.
16 Ҳеш ким ески кийимге жаңа таўардан жамаў жамамайды, ѳйткени жаңа жамаў ески кийимнен жыртылып қалып, жыртық бурынғысынан бетер болады.
17 Жаңа шарапты да ҳеш ким ески меске қуймайды. Олай етсе, мес жарылып, шарап та ағып кетеди, мес те бузылады. Жаңа шарап жаңа меске қуйылады, сонда екеўи де сақланады, – деди.
18 Ийса оларға усыларды айтып турғанда қасына бир мәжилисхананың басшысы келип, Оның аяғына жығылды да: – Мениң қызым жаңа ғана ѳлди. Сен келип оған қолыңды тийгиз, сонда ол тириледи, – деди.
19 Ийса орнынан турып, шәкиртлери менен бирге оған ерди.
20 Сонда он еки жыл бойы қан кетип аўырған бир ҳаял Ийсаның артына жақынлап келип, Оның кийиминиң шетине қолын тийгизди.
21 Себеби ҳаял ишинен: «Оның кийимине ғана қолымды тийгизсем, шыпа табаман», – деген еди.
22 Ийса бурылып, оны кѳрди де: – Ќызым, жигерли бол, исенимиң сени қутқарды! – деди. Ҳаял сол ўақытта-ақ шыпа тапты.
23 Ийса басшының үйине келгенде, сыбызғышыларды ҳәм тынышсызланып турған адамларды кѳрип,
24 оларға: – Шығыңлар! Ќыз ѳлген жоқ, тек уйықлап атыр, – деди. Олар Ийсаның үстинен күлди.
25 Адамлар сыртқа шығарылғаннан кейин, Ийса ишке кирип қыздың қолын услағанда, қыз орнынан турды.
26 Бул ўақыя туўралы хабар пүткил дѳгерекке жайылды.
27 Ийса сол жерден кетип баратырғанда Оның изине еки соқыр адам ерип, Оған: – Даўыттың Урпағы! Бизлерге реҳим ете гѳр! – деп бақырысты.
28 Ол үйге киргенде, Оның қасына соқырлар да келди. Ийса оларға: – Мениң буны ислей алатуғыныма исенесизлер ме? – деп сорады. Олар: – Аўа, Ийем, исенемиз, – деп жуўап берди.
29 Сонда Ийса олардың кѳзлерине қолын тийгизип: – Сизлерге исенимиңиз бойынша болсын, – дегенде,
30 олардың кѳзлери кѳре баслады. Ийса оларға: – Абайлаң, буны ҳеш ким билмесин! – деп қатаң тапсырды.
31 Бирақ олар сыртқа шығып, Ийса туўралы хабарды пүткил дѳгерекке жайды.
32 Олар шығып кетейин деп атырған ўақытта адамлар Ийсаға жин урғаны себепли гүңелек болған бир адамды алып келди.
33 Жин қуўып шығарылғаннан кейин, гүңелек адам сѳйлей баслады. Адамлар таң қалысып: – Бундай ўақыя Израилда ҳеш қашан болған емес еди, – дести.
34 Бирақ парисейлер: – Ол жинлерди жинлердиң баслығының күши менен қуўып шығарып жүр, – дести.
35 Соннан соң, Ийса барлық қала ҳәм аўылларды аралап жүрди. Яҳудийлердиң мәжилисханаларында тәлим берди ҳәм Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабарды жәриялап, барлық аўырыўларға ҳәм ҳәмме ҳәлсиз адамларға шыпа берди.
36 Ол кѳп халықты кѳрип, оларға жаны ашыды, ѳйткени олар шопансыз қойларға уқсап қыйналған ҳәм пытыраңқы еди.
37 Сонда Ол шәкиртлерине: – Орылатуғын егин кѳп, бирақ жумысшылар аз.
38 Сонлықтан зүрәәттиң ийеси болған Ийемизден Ѳзиниң атызына егинди оратуғын жумысшылар жибериўин дуўа етип сораңлар, – деди.