Матта жазған Хош Хабар 12 bob

1 Дем алыс күни ҳаққында тартыс. 15 Қудайдың таңлаған Хызметшиси. 22 Қудайдың Руўхына қарсы болмаў туўралы ескертиў. 38 Ийсадан кәраматлы белги көрсетиўин сораў. 43 Қайтып келген жаўыз руўхлар. 46 Ийсаның анасы ҳәм туўысқанлары.

1 Сонда бир дем алыс күни Ийса бийдай атызының арасынан ѳтип баратыр еди. Шәкиртлери аш болып, бийдайдың масақларын үзип алып жей баслады.
2 Буны парисейлер кѳрип, Оған: – Ќара, Сениң шәкиртлериң дем алыс күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атыр, – деди.
3 Ийса оларға: – Ѳзи де, қасындағылар да аш болғанда, Даўыттың не ислегенин сизлер оқымағансызлар ма?
4 Ол Ќудайдың Үйине кирип, руўханийлерден басқа ѳзине де, қасындағыларға да жеўге болмайтуғын, Ќудайға арналған нанларды жеген емес пе?
5 Дем алыс күнинде руўханийлер Ибадатханада дем алыс күни ҳаққында Мухаддес Нызамды бузса да гүнасыз болатуғынларын Мухаддес Нызамда оқымағансызлар ма?
6 Сизлерге айтатуғыным: бул жерде Ибадатханадан да уллы Биреў бар.
7 Егер сизлер: «Мен қурбанлық емес, ал мийрим-шәпәәт тилеймен», – деген сѳздиң мәнисин түсинсеңлер, гүнасызларды айыпламас едиңлер.
8 Адам Улы дем алыс күниниң де ийеси, – деди.
9 Ийса ол жерден кетип, олардың мәжилисханасына кирди.
10 Сол жерде бир қолы ләң адам бар еди. Парисейлер Ийсаны айыпламақшы болып, Оған былай деп сораў қойды: – Дем алыс күнинде аўырыў адамға шыпа бериў нызамға туўры келе ме?
11 Ийса оларға: – Сизлердиң араңыздағы бириңиздиң жалғыз ғана қойы болса, ол дем алыс күни бир шуқырға түсип кеткенде, оны шығарып алмай ма?
12 Адам қойдан гѳре, анағурлым артық емес пе? Демек, дем алыс күни жақсылық ислеў нызамға туўры келеди, – деди.
13 Соңынан Ол қолы ләң адамға: – Ќолыңды соз! – деди. Адам қолын созғанда, екиншисиндей сап-саў болып қалды.
14 Сонда парисейлер сыртқа шығып, Ийсаны жоқ қылыў туўралы тил бириктире баслады.
15 Бирақ Ийса буны билип, сол жерден кетип қалды. Оның изине кѳп халық ерип жүрди. Ол аўырыўлардың ҳәммесине шыпа берип,
16 Ѳзиниң ким екенлигин ашық айтыўды оларға қадаған ететуғын еди.
17 Бул Ќудайдың Ийшая пайғамбар арқалы айтқан сѳзлериниң орынланыўы ушын болды:
18 «Бул – таңлап алған Хызметшим, Кеўлим унатқан Сүйиклим. Мен Ѳз Руўхымды Оған беремен. Ол ҳәмме халықларға әдилликти жәриялайды.
19 Тартыспайды да, бақырмайды да, Оның даўысы кѳшелерде еситилмейди.
20 Єдиллик жеңиске ериспегенше, Ол бүгилген қамысты сындырмайды ҳәм пысқып турған пиликти ѳширмейди.
21 Халықлар Оның атынан үмит етип жасайды».
22 Сол ўақытта адамлар Ийсаға жин урып, гүң ҳәм соқыр болған адамды алып келди. Ийса оған шыпа бергенликтен, гүң-соқырдың кѳзи ашылып, сѳйлей баслады.
23 Адамлардың ҳәммеси қатты таң қалысып: – Даўыттың Урпағы – Усы емес пе екен? – дести.
24 Буны еситкен парисейлер: – Ол жинлерди тек жинлердиң баслығы Белзебүл-шайтанның күши менен ғана қуўып шығарып жүр, – дести.
25 Ал Ийса олардың ойларын билип, былай деди: – Ѳз ара қарсы болып бѳлинген ҳәр бир патшалық жоқ болады, ѳз ара қарсы болып бѳлинген ҳәр бир қала ямаса үй қулайды.
26 Ал егер шайтан ѳзин ѳзи қуўып шығарса, онда оның ѳз ара қарсы болып бѳлингени болады. Олай болса, оның патшалығы қалай сақланады?
27 Егер Мен жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығаратуғын болсам, онда сизлердиң шәкиртлериңиз оларды кимниң күши менен қуўып шығарып жүр? Солай етип, олар сизлердиң надурыс екениңизди әшкаралайды.
28 Бирақ Мен жинлерди Ќудайдың Руўхы менен қуўып шығаратуғын болсам, онда сизлерге Ќудай Патшалығының жетип келгени.
29 Ким дәслеп күшли адамды байлап тасламай турып, оның үйине кирип, мал-мүлкин тартып әкете алады? Тек оны байлағаннан кейин ғана оның үйин тонай алады-ғо.
30 Ким де ким Мениң менен бирге болмаса, ол Маған қарсы. Ким де ким Мениң менен бирге жыйнамаса, ол шашады.
31 Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: адамлар ҳәр қандай гүна ислесе де, тил тийгизсе де кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа тил тийгизсе, кеширилмейди.
32 Ким де ким Адам Улына қарсы бир сѳз айтса, кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа қарсы сѳйлеген ҳәзир де, келешекте де кеширилмейди.
33 Теректи жақсы деп санасаңлар, мийўесин де жақсы деп санаңлар, ал теректи жаман деп санасаңлар, мийўесин де жаман деп санаңлар. Себеби терек мийўесинен билинеди.
34 Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Сизлер ѳзлериңиз жаман бола тура, қалай жақсы сѳзлер сѳйлей аласызлар? Адамның кеўли неге толып тасса, аўзынан сол шығады-ғо.
35 Жақсы адам кеўлиндеги жақсы ғәзийнесинен жақсылық шығарады, ал жаман адам кеўлиндеги жаман ғәзийнесинен жаманлық шығарады.
36 Сизлерге айтатуғыным мынаў: адамлар айтқан ҳәр бир бос сѳзи ушын ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде жуўап бериўлери шәрт.
37 Ѳйткени сен ѳз сѳзлериң менен ақланасаң да, ѳз сѳзлериң ушын айыпланасаң да.
38 Сонда диний муғаллимлер менен парисейлердиң гейбиреўлери Ийсаға: – Устаз! Сени Ќудайдың жибергенлигин дәлиллейтуғын кәраматлы белги кѳрсетиўиңди қәлеймиз, – деди.
39 Бирақ Ийса оларға былай деп жуўап қайтарды: – Жаман ҳәм опасыз әўлад кәраматлы белги талап етпекте. Бирақ оған Юнус пайғамбардың кәраматлы белгисинен басқасы кѳрсетилмейди.
40 Юнустың үлкен балықтың ишинде үш күн, үш түн болғанындай, Адам Улы да жер қойнында үш күн, үш түн болады.
41 Ниневия турғынлары ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўлад пенен бирге турып, оны айыплайды. Себеби Юнус жәриялағанда, олар тәўбе еткен-ғо. Бирақ бул жерде Юнустан да уллы Биреў бар.
42 Ќубладағы ҳаял патша да ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўлад пенен бирге турып, оны айыплайды. Ѳйткени ол Сулайманның даналығын еситиў ушын жер бетиниң арғы шетинен келген-ғо. Бирақ бул жерде Сулайманнан да уллы Биреў бар.
43 – Жаўыз руўх адамнан шыққаннан кейин суўсыз жерлерди гезип, дем алыўға орын излейди, бирақ таба алмайды.
44 Сонда ол ѳзине: «Шыққан үйиме қайтайын», – дейди ҳәм қайтып келгенде, үйдиң бос болып, тазаланып ҳәм жыйналып турғанын кѳреди.
45 Сонда ол барып, ѳзинен де жаўыз жети руўхты ертип келеди де, кирип сол үйде турады. Солай етип, сол адамның соңғы аўҳалы бурынғыдан да жаман болады. Бул жаман әўладқа да сондай болады!
46 Ийса халыққа сѳйлеп турғанда, анасы менен туўысқанлары келди. Олар сыртта турып, Оның менен сѳйлеспекши болды.
47 Сонда биреў Оған: – Анаң менен туўысқанларың Сениң менен сѳйлеспекши болып, сыртта турыпты, – деди.
48 Ол буны айтқан адамға қарап: – Мениң анам ким, туўысқанларым кимлер? – деди де,
49 Ѳзиниң шәкиртлерин қолы менен кѳрсетип былай деди: – Мине, Мениң анам ҳәм туўысқанларым!
50 Себеби ким де ким Мениң аспандағы Єкемниң еркин орынласа, Мениң туўысқаным да, анам да – сол.