Матта жазған Хош Хабар 8 bob

1 Мақаў кесел болып аўырған адамның шыпа табыўы. 5 Римли жүзбасының исеними. 14 Ийсаның көп адамларға шыпа бериўи. 18 Ийсаға шәкирт болыўдың шәрти. 23 Ийсаның даўылды тоқтатыўы. 28 Жин урған еки адамның шыпа табыўы. 

1 Ийса таўдан түскенде, изине кѳп халық ерди.
2 Сонда Оның қасына мақаў кесел адам келип, аяғына жығылды да: – Ийем, егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, – деди.
3 Ийса қолын созып, оған тийгизди де: – Ќәлеймен, тазалан! – деди. Ол сол ўақытта-ақ мақаў кеселден тазаланып шыпа тапты.
4 Ийса оған: – Абайлы бол, буны ҳеш кимге айтпа! Бирақ руўханийге барып ѳзиңди кѳрсет те, мақаў кеселден тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деди.
5 Ийса Капарнаҳумға кирген ўақытта Оның қасына бир римли жүзбасы келип:
6 – Ийем, мениң хызметшим ләң болып, қатты қыйналып үйде жатыр, – деп Оннан жәрдем сорады.
7 Ийса оған: – Мен барып, оған шыпа беремен, – деди.
8 Ал жүзбасы: – Ийем, Сениң шаңарағыма келиўиңе мен ылайықлы емеспен. Тек бир сѳз ғана айтсаң, хызметшим жазылып кетеди.
9 Ѳйткени мен де биреўдиң қол астындағы адамман, ѳзиме бағынышлы әскерлерим де бар. Олардың биреўине «бар» десем, барады, екиншисине «кел» десем, келеди, қулыма «мынаны исле» десем, ислейди, – деп жуўап қайтарды.
10 Буларды еситкен Ийса таң қалып, изине ерип киятырғанларға: – Сизлерге шынын айтып турман: Мен бундай исенимди Израилда да ушыратпаған едим.
11 Сизлерге айтатуғыным: шығыстан ҳәм батыстан кѳп адамлар келип, Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқып пенен бирге Аспан Патшалығында дастурханлас болады.
12 Ал Патшалықтың мийрасхорлары сыртқы қараңғылыққа шығарып тасланады. Сол жерде олар жылап, пушайман жейди, – деди.
13 Соннан соң, Ийса жүзбасыға: – Бара бер, сениң исенимиңе қарай болсын! – деди. Жүзбасының хызметшиси сол ўақытта-ақ жазылып кетти.
14 Ийса Петрдиң үйине келип, оның қәйин енесиниң ыссылығы кѳтерилип, аўырып жатырғанын кѳрди.
15 Ийса ҳаялдың қолына қолын тийгизгенде, ыссылығы түсти ҳәм ҳаял орнынан турып, Оған хызмет етти.
16 Кеш болғанда, адамлар Ийсаға жин урған кѳп адамларды алып келди. Ийса олардағы жаўыз руўхларды Ѳзиниң сѳзи менен қуўып шығарып, аўырғанлардың ҳәммесине шыпа берди.
17 Булар Ийшая пайғамбар арқалы айтылған мына сѳзлердиң орынланыўы ушын болды: «Ол ҳәлсизликлеримизди Ѳзине алды, Аўырыўларымызды Ѳзине жүкледи».
18 Ийса дѳгерегине жыйналған кѳп халықты кѳргенде, шәкиртлерине теңиздиң арғы жағасына ѳтиўди буйырды.
19 Сонда бир диний муғаллим келип, Оған: – Устаз, Сен қаяққа барсаң да, мен Саған еремен, – деди.
20 Ийса оған: – Түлкилердиң инлери, аспандағы қуслардың уялары бар. Бирақ Адам Улының бас паналайтуғын орны да жоқ, – деди.
21 Және бир шәкирти Оған: – Ийем, дәслеп барып, әкемди жерлеўиме рухсат ет, – деди.
22 Бирақ Ийса оған: – Маған ер. Ѳз ѳлгенлерин жерлеўди ѳлилерге қалдыр, – деди.
23 Ийса қайыққа мингенде, шәкиртлери де Оның изинен минди.
24 Теңизде тосаттан күшли даўыл кѳтерилип, толқынлар қайықты суўға толтыра баслады. Ал Ийса уйықлап жатыр еди.
25 Сонда шәкиртлери Оған жақынлап келди де, Оны оятып: – Ийем! Бизлерди қутқар, набыт болажақпыз! – деди.
26 Ийса оларға: – Неге буншама қорқасызлар, ҳәй, исеними азлар? – деди де, турып самалға ҳәм теңизге тыйым салғанда, аўыр тынышлық орнады.
27 Адамлар таң қалысып: – Самалды да, теңизди де Ѳзине бойсындыратуғын бул ким? – дести.
28 Ийса арғы жағадағы Гадара үлкесине келгенде, қәбирлердиң арасынан киятырған жин урған еки адамды ушыратты. Олар жүдә қәҳәрли болғанлықтан, бул жол менен ѳтиўге ҳеш кимниң батылы бармайтуғын еди.
29 Олар қышқырысып: – Ќудайдың Улы Ийса, Сениң бизлер менен не жумысың бар? Бул жерге бизлерди ўақты келместен бурын азаплаўға келдиң бе? – деди.
30 Олардан алысырақта бир үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди.
31 Жинлер Ийсаға: – Егер бизлерди қуўып шығаратуғын болсаң, шошқалардың падасына жибер, – деп жалынды.
32 Сонда Ийса оларға: – Барыңлар, – деди. Жинлер адамлардан шығып, шошқалардың ишине кирди. Сонда шошқалардың ҳәммеси жуўырысып, тик жағадан теңизге түсти де, суўда набыт болды.
33 Падашылар қашып қалаға барып, бәрин хабарлады ҳәм жин урғанларға не болғанын да айтып берди.
34 Сонда қаланың барлық турғынлары Ийсаның алдына шықты. Олар Оны кѳргенде, үлкеден шығып кетиўин ѳтинди.