Матта жазған Хош Хабар 10 bob

1 Ийсаның он еки шәкиртин таңлаўы. 5 Шәкиртлерге берилген тапсырмалар. 16 Келешектеги қуўдаланыўлар. 26 Кимнен қорқыў керек? 34 Ийса ушын болатуғын айырылысыўлар. 40 Қабыл алыў ҳәм сыйлық.

1 Ийса он еки шәкиртин қасына шақырып алып, оларға жаўыз руўхларды қуўып шығарыўға ҳәм барлық аўырыўлар менен ҳәлсизликлерге шыпа бериўге бийлик берди.
2 Он еки елшиниң атлары мынадай: Петр деп аталған Симон ҳәм оның иниси Андрей, Зебедейдиң баласы Яқып ҳәм оның иниси Юхан.
3 Филип пенен Бартоломей, Томас пенен салықшы Матта, Алпейдиң баласы Яқып ҳәм Тадей.
4 Ўатансүйер Симон ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот.
5 Ийса усы он екисин жибергенде, оларға былай деп тапсырмалар берди: – Басқа миллетлердиң жерлерине бармаңлар, самариялылардың қалаларына да кирмеңлер.
6 Ал жоғалған қойлардай болған Израил халқына барыңлар.
7 Баратырып, жол бойы: «Аспан Патшалығы жақынлады», – деп жәриялап жүриңлер.
8 Аўырыўларға шыпа бериңлер, ѳлгенлерди тирилтиңлер, мақаў кесел болғанларды тазалаңлар, жинлерди қуўып шығарыңлар. Ешейин алдыңлар, ешейин бериңлер.
9 Беллик қалталарыңызға алтын, гүмис ҳәм мыс теңгелер салып жүрмеңлер.
10 Жолға дорба да, аўысық кийим де, аяқ кийим де, таяқ та алмаңлар. Себеби мийнет етиўши ѳз нанын табады.
11 Сизлер қайсы қалаға ямаса аўылға кирсеңлер де, сол жерде кимниң ылайықлы екенин излеп табыңлар да, кеткенше сол адамның үйинде турыңлар.
12 Оның үйине киргениңизде, аманлық тилеп сәлем бериңлер.
13 Үй ылайықлы болса, тилеген аманлығыңыз сол үйге орнайды, ылайықлы болмаса, тилеген аманлығыңыз ѳзлериңизге қайтады.
14 Егер сизлерди биреў қабыл алмаса ҳәм сѳзлериңизге қулақ аспаса, сол үйден ямаса қаладан шығып баратырып, аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер.
15 Сизлерге шынын айтып турман: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Содом менен Гомораның аўҳалы сол қаланың аўҳалынан жеңилирек болады.
16 – Мине, Мен сизлерди қойларды қасқырлардың арасына жибергендей жиберип атырман. Сонлықтан жыландай ақыллы, кептердей ақ кеўил болыңлар.
17 Адамлардан сақ болыңлар, олар сизлерди ҳүким етиўшилерге услап береди, мәжилисханаларында қамшылап сабайды.
18 Мен себепли сизлер ҳәкимлер ҳәм патшалардың алдыларына апарыласызлар. Усылайынша сизлер оларға ҳәм басқа миллетлерге Мен туўралы гүўалық бересизлер.
19 Сизлерди услап берген ўақытта қалай ямаса не айтыў ҳаққында қайғырмаңлар: ѳйткени айтатуғын сѳзлериңиз сол ўақытта сизлерге бериледи.
20 Себеби сизлер емес, ал сизлер арқалы Єкеңиздиң Мухаддес Руўхы сѳйлейди.
21 Туўысқаны туўысқанын, әкеси баласын ѳлимге услап береди. Балалары да ата-аналарына қарсы шығып, оларды ѳлтиртеди.
22 Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек кѳреди. Бирақ ақырына дейин шыдаған қутқарылады.
23 Сизлерди бир қалада қуўдаласа, екинши қалаға қашыңлар. Сизлерге шынын айтып турман: сизлер Израил елиниң қалаларын аралап болмай-ақ, Адам Улы жетип келеди.
24 Шәкирт устазынан, хызметши хожасынан уллы емес.
25 Шәкирт устазы сыяқлы болса, хызметши де хожасы сыяқлы болса, оларға жеткиликли. Адамлар үй ийесин Белзебүл-шайтан деп атаған болса, оның үй-ишине оннан да жаманырақ ат тақпай ма?!
26 – Солай етип, олардан қорқпаңлар. Ѳйткени ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ.
27 Мениң сизлерге қараңғыда айтып турғанымды сизлер жарықта айтыңлар. Ќулақларыңызға сыбырлап айтылғанды үй тѳбесинен жәриялаңлар.
28 Денени ѳлтирсе де, жанды ѳлтире алмайтуғынлардан қорқпаңлар. Ал жанды да, денени де дозақта жоқ қыла алатуғын Ќудайдан қорқыңлар.
29 Еки шымшық бир тийинға сатылмай ма? Бирақ олардың биреўи де Єкеңиздиң ерки болмаса жерге қулап түспейди.
30 Басларыңыздағы шашлардың бәри де Ќудайға санаўлы.
31 Сонлықтан қорқпаңлар: кѳп шымшықлардан сизлер қымбатлырақсызлар-ғо.
32 Солай етип, ким де ким Мени адамлар алдында тән алса, Мен де оны аспандағы Єкемниң алдында тән аламан.
33 Ал ким де ким Мени адамлар алдында тән алмаса, Мен де оны аспандағы Єкемниң алдында тән алмайман.
34 – Мени жер жүзине татыўлық әкелген, деп ойламаңлар. Мен татыўлық емес, қылыш бериўге келдим.
35 Себеби Мен улын әкесине, қызын анасына, келинин қәйин енесине қарсы етип, айырыўға келдим.
36 Адамның душпанлары ѳзиниң үй-иши болады.
37 Ким де ким Меннен артық әкесин ямаса анасын сүйсе, ол Маған ылайықлы емес. Ким де ким Меннен артық улын ямаса қызын сүйсе, ол Маған ылайықлы емес.
38 Ким де ким ѳз атанақ ағашын арқалап Мениң изиме ермесе, ол Маған ылайықлы емес.
39 Ѳз жанын сақлап жүрген адам оны жоғалтады, ал жанын Мен ушын жоғалтқан адам оны сақлап қалады.
40 – Ким де ким сизлерди қабыл алса, оның Мени қабыл алғаны болады, ким де ким Мени қабыл алса, оның Мени Жибергенди қабыл алғаны болады.
41 Ким де ким пайғамбарды пайғамбар болғаны ушын қабыл алса, ол пайғамбар алатуғын сыйлықты алады. Ким де ким ҳақ адамды ҳақ болғаны ушын қабыл алса, ол ҳақ адам алатуғын сыйлықты алады.
42 Мен сизлерге шынын айтып турман: ким де ким усылардың ишиндеги ең қарапайымына шәкиртлеримниң бири болғаны ушын тек бир кесе суўық суў ишкизсе де, ол сыйсыз қалмайды.