Матта жазған Хош Хабар 14 bob

1 Шомылдырыўшы Яқыяның өлтирилиўи. 13 Ийсаның бес мың адамды тойғызыўы. 22 Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи. 

1 Сол ўақытта Ийса ҳаққында хабарды Галила үлкесиниң патшасы Ҳирод та еситип,
2 ѳз хызметкерлерине: – Бул адам – Шомылдырыўшы Яқыя. Ол ѳлимнен қайта тирилипти, сонлықтан да усындай кәраматлар ислемекте, – деди.
3 Буннан бурын Ҳирод ѳз иниси Филиптиң ҳаялы Ҳиродия себепли Яқыяны услап алып байлатып, қаматып таслаған еди.
4 Ѳйткени Яқыя оған: «Оны ҳаял қылып алыўың нызамға туўры келмейди», – деген еди.
5 Ҳирод Яқыяны ѳлтирмекши де болып еди, бирақ халықтан қорқты. Себеби халық Яқыяны пайғамбар деп санайтуғын еди.
6 Ал Ҳирод туўылған күнин тойлағанда, Ҳиродияның қызы жыйналған қонақлардың алдында ойынға түсип, Ҳиродтың кеўлинен шықты.
7 Соның ушын ол қыз не тилесе де бермекши болып, ўәде берип, ант ишти.
8 Ќыз анасының кеңеси бойынша: – Шомылдырыўшы Яқыяның басын алдырып, маған ҳәзир табаққа салып бериң, – деди.
9 Патша буған қыйналса да, ѳзи ант ишкенликтен ҳәм қонақлары себепли, қызға сорағанын бериўди буйырды.
10 Солай етип, патша адам жиберип, қамақта Яқыяның басын кестирди.
11 Табаққа салып әкелинген бас қызға берилди. Ќыз оны анасына апарып берди.
12 Яқыяның шәкиртлери келип, оның денесин алып кетип жерледи. Соннан соң барып, Ийсаға хабарлады.
13 Ийса буны еситкеннен кейин қайыққа минип, елсиз бир жерге жалғыз кетип қалды. Бул туўралы еситкен халық ѳз қалаларынан шығып, пиядалап Оның изине ерди.
14 Ийса қайықтан түскенде соншама халықты кѳрди, оларға жаны ашып, аўырыўларына шыпа берди.
15 Кеш болғанда шәкиртлери қасына келип, Оған: – Бул – бир елсиз жер, күн де кеш болды. Халықты тарқатып жибер, олар аўылларға барып, ѳзлерине аўқат сатып алсын, – деди.
16 Бирақ Ийса: – Олар кетпеўи керек, оларға сизлер аўқат бериңлер, – деди.
17 – Бизлерде тек бес нан менен еки балық ғана бар, – деди олар.
18 Ийса: – Оларды бул жерге, Маған алып келиңлер, – деди.
19 Соңынан халыққа шѳпли жерге отырыўды буйырды да, бес нан менен еки балықты алып, аспанға қарап Ќудайға шүкирлик етти. Нанларды сындырып, шәкиртлерине берди, олар халыққа үлестирди.
20 Ҳәммеси жеп тойды, аўысқан бѳлеклерин жыйнап алып, үлкен он еки себет толтырды.
21 Ал жегенлер ҳаял ҳәм балалардан басқа бес мыңдай адам еди.
22 Буннан соң дәрҳал Ийса шәкиртлерине қайыққа миниўди ҳәм Ѳзинен бурын арғы жағаға кетиўди буйырды. Ал Ѳзи халықты тарқатып жиберди.
23 Халықты тарқатып жибергеннен соң, Ийса дуўа етиў ушын жалғыз Ѳзи таўға шықты, кеште де сол жерде жалғыз қалды.
24 Ал сол ўақытта теңиздиң жағасынан узақласқан қайықты толқынлар соққылай баслады, ѳйткени күшли самал қайыққа қарсы есип тур еди.
25 Ерте таңда Ийса теңиздиң үсти менен жүрип, олардың қасына барды.
26 Шәкиртлери теңиздиң үсти менен киятырған Оны кѳргенде зәррелери ушып: – Бул әрўақ, – деп қатты қорқып бақырысты.
27 Бирақ Ийса оларға дәрриў: – Жигерлениңлер! Бул Мен-ғо, қорқпаңлар, – деди.
28 Петр Оған жуўап берип: – Ийем! Егер бул Сен болсаң, маған суўдың үсти менен Сениң қасыңа жүрип барыўды буйыр, – деди.
29 Ийса: – Кел, – деди. Петр қайықтан түсип, Ийсаға қарай суўдың үсти менен жүрип кетти.
30 Бирақ ол самалдың күшли екенин кѳргенде қорқып кетип, суўға бата баслағанда: – Ийем! Мени қутқар! – деп бақырды.
31 Ийса дәрриў қолын созып, оны тартып алды да, оған: – Ҳәй, исеними аз! Сен неге гүманландың? – деди.
32 Олар қайыққа мингенде, самал тынып қалды.
33 Ќайықтағы шәкиртлери Ийсаның аяғына жығылып: – Сен шынында да, Ќудайдың Улысаң! – дести.
34 Олар теңиздиң арғы жағасына ѳтип, Генесарет жерине келип тоқтады.
35 Сол жердиң турғынлары Ийсаны танып, пүткил дѳгерекке хабарлады ҳәм аўырған адамлардың ҳәммесин Оған алып келди.
36 Олар Ийсадан тек кийиминиң шетине ғана қол тийгизиўге рухсат сорады. Ќол тийгизгенлердиң ҳәммеси шыпа тапты.