Матта жазған Хош Хабар 6 bob

1 Саўап ислер туўралы. 5 Дуўа етиў туўралы. 16 Ораза тутыў туўралы. 19 Жоғалмайтуғын байлық. 25 Тәшиўишленбеңлер! 

1 – Абайлаңлар, сизлер саўап ислериңизди адамларға кѳрсетиў ушын, олардың алдында ислемеңлер. Олай етсеңлер, сизлерге аспандағы Єкеңизден сыйлық болмайды.
2 Солай етип, сен қайыр-садақа бергениңде, еки жүзлилер сыяқлы ѳз-ѳзиңнен жар салма. Бундайлар адамлар мақтасын деп, мәжилисханаларда ҳәм кѳшелерде усылай ислейди. Сизлерге шынын айтып турман: олар әлле қашан ѳз сыйларын алып болды.
3 Сен қайыр-садақа бергениңде, оң қолыңның не ислегенин сол қолың билмесин.
4 Сонда сениң қайыр бериўиң жасырын болады ҳәм жасырынлықты кѳриўши Єкең саған қайтарады.
5 – Дуўа еткениңизде, адамларға кѳрсетиў ушын мәжилисханаларда ҳәм кѳшелердиң мүйешлеринде турып дуўа етиўди жақсы кѳретуғын еки жүзлилер сыяқлы болмаңлар. Сизлерге шынын айтып турман: олар әлле қашан ѳз сыйларын алып болды.
6 Ал сен дуўа еткениңде бѳлмеңе кирип, есигиңди жапқаныңнан соң, кѳзге кѳринбейтуғын Єкеңе дуўа ет! Сонда жасырынлықты кѳриўши Єкең саған қайтарады.
7 Дуўа еткениңизде, бутқа табыныўшылар сыяқлы мылжыңға берилмеңлер. Олар кѳп сѳйлесек тыңлар деп ойлайды.
8 Сизлер оларға уқсамаңлар. Себеби Єкеңиз неге мүтәж екенлигиңизди Оннан сорамасыңыздан алдын биледи.
9 Сонлықтан сизлер былай деп дуўа етиңлер: Аспандағы Єкемиз! Сениң атың мухаддес бола берсин.
10 Сениң Патшалығың келсин. Аспанда орынланғаны сыяқлы, жерде де Сениң еркиң орынлансын.
11 Бизлерге бүгин де күнделикли нанымызды бере гѳр.
12 Бизлерге гүна ислегенлерди кеширгенимиздей, бизлердиң де гүналарымызды кешире гѳр.
13 Бизлердиң азғырылыўымызға жол қоймай, шайтаннан қутқара гѳр. Себеби Патшалық та, қүдирет те, уллылық та мәңгиликке Сеники. Аўмийин.
14 Егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширсеңлер, аспандағы Єкеңиз де сизлерди кеширеди.
15 Ал егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширмесеңлер, Єкеңиз де гүналарыңызды кеширмейди.
16 – Ораза тутқаныңызда, еки жүзлилер сыяқлы муңайып жүрмеңлер. Олар адамларға ораза тутыўшы болып кѳриниў ушын ғана ажарын бузып жүреди. Сизлерге шынын айтаман: олар әлле қашан ѳз сыйларын алып болды.
17 Сен ораза тутқаныңда, шашыңды тарап, бетиңди жуў.
18 Солай етип, ораза тутқаның адамларға емес, ал кѳзге кѳринбейтуғын Єкеңе кѳринсин. Жасырынлықты кѳриўши Єкең саған қайтарады.
19 – Ѳзлериңизге жер бетинде байлық жыйнамаңлар. Бул жерде оны күйе де жейди, тат та басады, урылар да бузып кирип урлайды.
20 Ал ѳзлериңизге аспанда байлық жыйнаңлар. Сол жерде оны күйе де жемейди, тат та баспайды, урылар да бузып кирип урламайды.
21 Ѳйткени байлықларыңыз қай жерде болса, кеўиллериңиз де сол жерде болады.
22 Кѳз – денениң шырағы. Сонлықтан да, егер кѳзиң саў болса, пүткил денең де жарық болады.
23 Егер кѳзиң саў болмаса, пүткил денең де қараңғы болады. Сонлықтан егер ишиңдеги жарық қараңғы болса, онда қараңғылықтың ѳзи қаншелли тас түнек болады!
24 Ҳеш ким еки хожаға хызмет ете алмайды. Себеби ол биреўин жек кѳрип, екиншисин жақсы кѳреди ямаса биреўине садық болып, екиншисине итибарсыз қарайды. Сизлер ҳәм Ќудайға, ҳәм байлыққа бирдей хызмет ете алмайсызлар.
25 – Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: не ишип, не жеймиз деп, жаныңыз ушын, не кийемиз деп, денеңиз ушын тәшиўишленбеңлер. Жан аўқаттан, дене кийимнен артық емес пе?
26 Аспандағы қусларға қараңлар! Олар екпейди де, ормайды да, телекке жыйнамайды да, ал аспандағы Єкеңиз оларды асырайды. Сизлер олардан анағурлым артық емессизлер ме?
27 Тәшиўишлениў себепли, ким сизлердиң араңызда ѳз ѳмирин бир саатқа болса да узайта алады?
28 Кийим туўралы неге тәшиўишленесизлер? Даладағы лилия гүллериниң қалай ѳсип турғанына қараңлар! Олар мийнет те етпейди, жип те ийирмейди.
29 Ал сизлерге айтатуғыным: Сулайман да ѳзиниң сән-салтанатында усылардың биреўиндей сәнли кийинбеген еди.
30 Егер бүгин бар болып, ертең ошаққа тасланатуғын даладағы шѳпти Ќудай солай кийиндирсе, сизлерди олардан да артық кийиндирмес пе еди, ҳәй, исеними азлар?
31 Сонлықтан да: «Не ишип, не жеймиз?» ямаса «Не кийемиз?» – деп тәшиўишленбеңлер.
32 Ѳйткени усылардың ҳәммесин бутқа табыныўшылар излеп жүреди. Усы нәрселердиң ҳәммесине мүтәж екениңизди аспандағы Єкеңиз биледи.
33 Ең алды менен Ќудайдың Патшалығын ҳәм Оның ҳақлығын излеңлер! Сонда булардың ҳәммеси сизлерге қосымша етип бериледи.
34 Солай етип, ертеңги күн туўралы тәшиўишленбеңлер! Себеби ертеңги күн ѳзи ушын ѳзи ғам жейди. Ҳәр күнниң ѳз ғамы ѳзине жетеди.