Матта жазған Хош Хабар 21 bob

1 Ийсаның Ерусалимге салтанатлы түрде кириўи. 12 Ийсаның Ибадатханадан сатыўшыларды қуўыўы. 18 Қуўрап қалған әнжир ағашы. 23 Ийсаның бийлиги. 28 Еки ул туўралы тымсал. 33 Жаўыз дийханлар ҳаққында тымсал. 

1 Олар Ерусалимге жақынлап, Зәйтүн таўының етегиндеги Бетфаге деген аўылға келгенде, Ийса еки шәкиртин жумсап,
2 оларға былай деди: – Ќарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған кириўден-ақ, байлаўлы турған ешек пенен гүррени табасызлар. Оларды шешип алып, Маған әкелиңлер.
3 Егер биреў сизлерге бир нәрсе десе, сизлер: «Олар Ийемизге керек», – деп жуўап берсеңлер, ол оларды сол ўақытта-ақ жибереди.
4 Бул пайғамбар арқалы айтылған мына сѳзлердиң орынланыўы ушын болды:
5 «Сион қызына айтыңлар: Мине, сениң Патшаң жас ешекке, яғный гүрреге минип, кишипейиллик пенен саған киятыр!»
6 Шәкиртлери барып, Ийсаның буйырғанын иследи.
7 Олар ешекти гүрреси менен алып келип, шапанларын үстине салғанда, Ийса гүрреге минип алды.
8 Халықтың кѳпшилиги ѳз шапанларын жолға тѳсеп, басқалары тереклерден шақа кесип алып жолға жайды.
9 Алдында ҳәм изде ерип киятырған халық қуўанысып: – Даўыттың Урпағына ҳосанна! Ийемиздиң атынан Келиўши жарылқанған! Ең жоқарыда ҳосанна! – деп бақырысты.
10 Ийса Ерусалимге кирип келгенде, пүткил қала жанланып: – Бул ким? – деп сорады.
11 Халық: – Бул – Ийса, Галиладағы Насырадан шыққан пайғамбар, – дести.
12 Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшылар менен алыўшылардың ҳәммесин қуўып шығарды да, ақша алмастырыўшылардың столларын, кептер сатыўшылардың отырғышларын аўдарып таслап,
13 оларға: – «Мениң үйим дуўа ететуғын үй деп аталады», – деп Мухаддес Жазыўда айтылған, ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар! – деди.
14 Ибадатханада Ийсаның қасына соқырлар ҳәм ақсақлар келгенде, Ол оларға шыпа берди.
15 Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер Ол ислеген кәраматларды ҳәм Ибадатханада: «Даўыттың Урпағына ҳосанна!» – деп бақырысқан балаларды кѳрип, ашыўланып қалды да,
16 Оған: – Олардың не деп атырғанын еситип турсаң ба? – деди. Ийса оларға: – Аўа! Сизлер: «Нәрестелер менен емизиўли балалардың аўзынан Ѳзиңе мақтаўлар айтқыздың», – деп Мухаддес Жазыўда айтылғанды ҳеш оқымағансызлар ма? – деди.
17 Соннан соң, Ийса оларды қалдырып, қаладан шығып кетти ҳәм Бетанияға барып, сол жерде түнеди.
18 Ерте азанда Ийса қалаға қайтып киятырғанда, аш болды.
19 Жол бойында бир әнжир ағашын кѳрип, оның қасына барды. Бирақ онда жапырақларынан басқа ҳеш нәрсе таппағаннан соң, ағашқа: – Буннан былай, сенде мәңгиге ҳеш жемис ѳспесин, – деди. Єнжир ағашы сол ўақытта-ақ қуўрап қалды.
20 Шәкиртлери буны кѳргенде таң қалысып: – Бул әнжир ағашы қалайынша дәрриў қуўрап қалды? – деп сорады.
21 Ийса оларға жуўап берип: – Сизлерге шынын айтып турман: егер гүмансыз исенсеңлер, тек әнжир ағашына ислегенимдей ғана емес, ал мына таўға: «Орныңнан кѳтерилип, теңизге қула!» – десеңлер, сондай болады.
22 Егер исеним менен дуўа етсеңлер, не сорасаңлар да, ҳәммесин аласызлар, – деди.
23 Ийса Ибадатханаға кирип, тәлим берип отырғанда, Оған бас руўханийлер менен халық ақсақаллары келип: – Бул ислерди қандай бийлик пенен ислеп жүрсең ҳәм бундай бийликти Саған ким берди? – деп сорады.
24 Ийса жуўап қайтарып: – Мен де сизлерге бир сораў берейин. Егер оның жуўабын берсеңлер, Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтаман.
25 Яқыя адамларды шомылдырыў ушын қаяқтан бийлик алды? Аспаннан ба ямаса адамлардан ба? – деди. Олар ѳз ара ойласып: «Егер „аспаннан“ десек, Ол бизлерге: „Сонда неге сизлер оған исенбедиңлер“, – дейди.
26 Ал егер „Адамлардан“ деўге халықтан қорқамыз: ҳәммеси де Яқыяны пайғамбар деп есаплайды-ғо!» – дести.
27 Сонлықтан олар Ийсаға: – Билмеймиз, – деп жуўап берди. Ол: – Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди.
28 – Сизлер қалай ойлайсызлар: бир адамның еки улы болыпты. Ол бириншисине барып: «Балам, сен бүгин барып, жүзим бағында исле», – депти.
29 Ол: «Бармайман», – деп жуўап берипти. Бирақ соңынан ѳкинип, барыпты.
30 Соң әкеси екинши улына барып, оған да солай депти. Ол: «Яқшы, тақсыр, бараман», – деп жуўап берипти, бирақ бармапты.
31 Усы екеўиниң қайсысы әкесиниң тилегин орынлаған болады? – деп сорады Ийса. – Бириншиси, – деп жуўап қайтарды олар. Ийса оларға былай деди: – Сизлерге шынын айтып турман: салықшылар ҳәм бузық ҳаяллар Ќудайдың Патшалығына сизлерден бурын киреди.
32 Ѳйткени Яқыя сизлерге ҳақ жолды кѳрсетиў ушын келген еди, бирақ сизлер оған исенбедиңлер. Ал салықшылар менен бузық ҳаяллар оған исенди, бирақ сизлер буны кѳргеннен кейин де тәўбе етпедиңлер ҳәм исенбедиңлер.
33 – Енди басқа бир тымсалды тыңлаңлар: бир үй ийеси болыпты. Ол жүзим бағын отырғызып, оны дийўал менен қоршапты, жүзимниң суўын сығыўға арналған шуқыр қазып, гүзет минарасын орнатыпты. Соңынан бағын дийханларға ижараға берип, ѳзи узақ жерге кетип қалыпты.
34 Зүрәәт жыйнайтуғын мәўсим жақынлағанда, ол ѳзине тийисли үлесин алыў ушын, дийханларға хызметшилерин жиберипти.
35 Дийханлар оның хызметшилерин услап алып, олардың биреўин сабап, екиншисин ѳлтирип, ал және биреўин тас пенен урыпты.
36 Соңынан бағдың ийеси бурынғыдан да кѳп басқа хызметшилерин жибергенде, оларға да солай ислепти.
37 Ең ақырында ол: «Улымды ҳүрмет етер» деп, оларға ѳз улын жиберипти.
38 Бирақ дийханлар оның улын кѳрип, бир-бирине: «Бул – мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны ѳлтирип, мийрас мүлкине ийе болайық», – десипти.
39 Олар оны услап алып, жүзим бағынан сыртқа шығарып ѳлтирипти.
40 Енди жүзим бағының ийеси келгенде, сол дийханларға не қылады?
41 Олар Ийсаға: – Ол бул жаўызларды реҳимсиз ѳлим менен ѳлтиреди де, жүзим бағын ўақтында жемисин берип туратуғын басқа дийханларға ижараға береди, – деди.
42 Ийса оларға былай деди: – Сизлер Мухаддес Жазыўларда мына сѳзлерди оқымағансызлар ма? «Ќурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды. Ийемиз қылған бул ис, Кѳзимизге әжайып кѳринди!»
43 Сонлықтан Мениң сизлерге айтатуғыным: Ќудай Ѳз Патшалығын сизлерден тартып алады да, оны жемисин берип туратуғын халыққа береди.
44 Сол тасқа түскен адамның шыл-пәршеси шығады. Тас кимниң үстине түссе, соны женшип таслайды.
45 Бас руўханийлер менен парисейлер Ийсаның айтқан тымсалларын еситкеннен соң, Оның ѳзлери ҳаққында айтқанын түсинип,
46 Оны қолға алыўға тырысты. Бирақ халықтан қорқты, себеби халық Оны пайғамбар деп санайтуғын еди.