Матта жазған Хош Хабар 5 bob

1 Таўдағы ўаз. 3 Ҳақыйқый бахытлылық. 13 Дуз ҳәм жақтылық. 17 Мухаддес Нызам туўралы. 21 Ғәзеп туўралы. 27 Неке ҳадаллығын бузыў ҳәм ажырасыў туўралы. 33 Ант ишиў туўралы. 38 Өш алыў туўралы. 43 Душпанларыңызды сүйиңлер!

1 Ийса халықты кѳрип, бир таўға шықты. Ол отырғаннан кейин, шәкиртлери қасына келди.
2 Ийса оларға былай деп тәлим бере баслады:
3 – Руўхый жарлы болғанлар бахытлы! Аспан Патшалығы олардики!
4 Ќайғырып жүргенлер бахытлы! Олар жубаныш табады.
5 Кишипейиллилер бахытлы! Олар жер жүзине ийелик етеди.
6 Ҳақлыққа мүтәж болғанлар бахытлы! Ќудай оларды толық қанаатландырады.
7 Мийрим-шәпәәтлилер бахытлы! Олар мийрим-шәпәәт алады.
8 Пәк кеўиллилер бахытлы! Олар Ќудайды кѳреди.
9 Жарастырыўшылар бахытлы! Олар Ќудайдың балалары деп аталады.
10 Ҳақлық ушын қуўдаланғанлар бахытлы! Аспан Патшалығы олардики.
11 Адамлар сизлерди Мен себепли хорласа, қуўдаласа, ҳәр түрли ѳтирик сѳзлер менен жаманласа, сизлер бахытлысызлар!
12 Ќуўаныңлар ҳәм шадланыңлар! Ѳйткени сизлердиң аспандағы сыйыңыз үлкен. Сизлерден бурынғы пайғамбарларды да усылай қуўдалаған.
13 – Сизлер – дүньяның дузысызлар. Бирақ дуз ѳз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады? Онда ол ҳеш нәрсеге жарамайды, тек шығарып тасланып, адамлардың аяғы астында басылып қалады.
14 Сизлер – дүньяның нурысызлар. Таў басына салынған қала жасырын болып қалмайды.
15 Сондай-ақ шыраны жаққаннан соң, оны ыдыстың астына емес, ал шыра қойғышқа қояды, сонда ол үйдегилердиң ҳәммесине ѳз жақтысын түсиреди.
16 Сол сыяқлы, сизлердиң нурыңыз адамлардың алдында жарқырай берсин. Адамлар сизлердиң жақсы ислериңизди кѳрип, аспандағы Єкеңизди даңққа бѳлесин!
17 – Сизлер Мени Мухаддес Нызамды ямаса пайғамбарлардың Жазыўларын бийкар етиўге келди, деп ойламаңлар. Мен бийкар етиў ушын емес, ал орынлаў ушын келдим.
18 Сизлерге шынын айтып турман: аспан менен жер жойылмағанша, Мухаддес Нызамның бир ҳәриби де, бир ноқаты да жойылмайды, барлығы да орынланыўы тийис.
19 Солай етип, ким де ким усы буйрықлардың ең киши биреўин бузып, адамларға да солай үйретсе, ол Аспан Патшалығында ең киши болып саналады. Ал ким де ким оларды орынлап, адамларға үйретсе, ол Аспан Патшалығында уллы болып саналады.
20 Мениң сизлерге айтатуғыным: егер сизлердиң ҳақлығыңыз диний муғаллимлер менен парисейлердикинен артық болмаса, сизлер Аспан Патшалығына кирмейсиз.
21 – «Адам ѳлтирме! Ким де ким адам ѳлтирсе, ол ҳүким етилиўге тийисли», – деп бурынғыларға айтылғанды еситкенсиз.
22 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким туўысқанына бийкарға ғәзепленсе, ол ҳүким етилиўге тийисли. Ким де ким туўысқанын масқаралап, оған: «Ақылсыз адамсаң!» десе, жоқарғы кеңес тәрепинен ҳүким етилиўге тийисли. Ал ким де ким туўысқанына: «Ақмақ!» десе, дозақ отына түсиўге тийисли.
23 Сонлықтан егер де сен қурбанлығыңды қурбанлық шалынатуғын орынға алып келгениңде, жақын адамыңның саған ѳкпели екени сол жерде есиңе түссе,
24 қурбанлығыңды сол жердиң алдында қалдырып, әўели жақын адамыңа барып, оның менен жарасып ал! Соңынан қайтып келип, қурбанлығыңды Ќудайға бер.
25 Сен даўласың менен бирге ҳүким етилиўге баратырған ўақтыңда, оның менен тезирек жарасып ал. Олай етпесең, ол сени қазының алдына апарады, қазы сени сақшыға тапсырып, қаматып таслайды.
26 Саған шынын айтаман: соңғы тийиниңди тѳлеп таўыспағаныңша, ол жерден шыға алмайсаң.
27 – Сизлер: «Неке ҳадаллығын бузба!» – дегенди еситкенсиз.
28 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким басқа бир ҳаялға бузық нийет пенен қараса, ол әлле қашан-ақ, кеўлинде оның менен неке ҳадаллығын бузған болады.
29 Егер сени оң кѳзиң азғырса, оны ойып тасла. Себеби пүткил денеңниң дозаққа түскенинен гѳре, бир мүшеңниң жоқ болғаны саған жақсырақ болады.
30 Егер сени оң қолың азғырса, оны шаўып тасла. Пүткил денеңниң дозаққа түскенинен гѳре, бир мүшеңниң жоқ болғаны саған жақсырақ болады.
31 Тағы да: «Ким де ким ѳз ҳаялы менен ажыраспақшы болса, оған талақ хат берсин», – делинген.
32 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким неке ҳадаллығын бузбаған ҳаялынан ажырасса, ҳаялының неке ҳадаллығын бузыўына себепкер болады. Сондай-ақ ким де ким күйеўинен ажырасқан бир ҳаялды алса, ол неке ҳадаллығын бузады.
33 – Тағы да сизлер: «Антыңды бузба, Ќудай алдында антыңды орынла!» – деп бурынғыларға айтылғанды еситкенсиз.
34 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ҳеш ўақытта ант ишпе! Аспан менен де ант ишпе, ѳйткени ол – Ќудайдың тахты.
35 Жер менен де ант ишпе, себеби ол – Оның аяқ басары. Ерусалим менен де ант ишпе, ѳйткени ол – уллы Патшаның қаласы.
36 Ѳз басың менен де ант ишпе, себеби сен бир тал шашыңды да ағарта ямаса қарайта алмайсаң.
37 Сизлердиң: «аўа» сѳзиңиз «аўа» ямаса «яқ» сѳзиңиз «яқ» болсын, буннан басқасы шайтаннан.
38 – Сизлер: «Кѳзге кѳз, тиске тис», – дегенди еситкенсиз.
39 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: жаман адам менен қарсыласпаңлар. Биреў бетиңниң оң жағына урса, оған бетиңниң сол жағын да тут.
40 Биреў сениң менен даўласып кѳйлегиңди алғысы келсе, оған шапаныңды да шешип бер.
41 Биреў сени ѳзи менен бирге бир шақырым жер жүриўге мәжбүрлесе, оның менен бирге еки шақырым жүр.
42 Сеннен сорағанға бер, сеннен қарызға алайын дегеннен аяма.
43 – Сизлер: «Жаныңдағы адамды сүй, душпаныңды жек кѳр», – дегенди еситкенсиз.
44 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: душпанларыңызды сүйиңлер, сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын дуўа етиңлер.
45 Сонда аспандағы Єкеңиздиң балалары боласызлар. Ѳйткени Ол жаманлардың үстине де, жақсылардың үстине де, Ѳз қуяшының нурын тѳгеди ҳәм ҳақ адамлардың үстине де, наҳақлардың үстине де, жаўынын жаўдырады.
46 Егер сизлер ѳзлериңизди сүйгенлерди ғана сүйсеңлер, қандай сыйлық аласызлар? Салықшылар да солай ислемей ме?
47 Сизлер туўысқанларыңыз бенен ғана сәлемлессеңлер, онда қандай ѳзгешеликлериңиз бар? Бутқа табыныўшылар да солай ислемей ме?
48 Солай етип, аспандағы Єкеңиздиң минсиз болғаны сыяқлы, сизлер де минсиз болыңлар!