Матта жазған Хош Хабар 19 bob

1 Ажырасыў туўралы. 13 Ийсаның балаларға пәтия бериўи. 16 Бай жигит. 

1 Ийса усы сѳзлерди айтып болғаннан соң Галиладан жолға шығып, Иорданның арғы жағасындағы Яҳудия үлкесине барды.
2 Оның изине кѳп халық ерди, Ол сол жерде оларға шыпа берди.
3 Ийсаның қасына парисейлер келип, Оны сынап кѳриў ушын: – Ер адамның ҳәр қыйлы себеп пенен ҳаялынан ажырасыўы нызамға туўры келе ме? – деп Оннан сорады.
4 Ийса оларға жуўап қайтарып былай деди: – Жаратыўшы ең баста оларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратқанын сизлер оқымағансызлар ма?
5 Және Ол былай деген: «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, ѳз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады».
6 Солай етип, олар енди еки емес, ал бир дене болады. Сол себепли, Ќудай қосқанларды адам ажыратпасын.
7 Олар Ийсаға: – Сонда неге Муўса пайғамбар ер адамның ҳаялына талақ хат берип ажырасыўын буйырған? – деди.
8 Ийса оларға: – Муўса сизлер тас баўыр болғанлықтан, ҳаялларыңыз бенен ажырасыўға рухсат берген. Бирақ баста олай емес еди.
9 Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким ѳз ҳаялы менен некеге ҳадалсызлығынан басқа себеп пенен ажырасып, басқа ҳаял алса, ол неке ҳадаллығын бузған болады, – деди.
10 Сонда Ийсаның шәкиртлери Оған: – Егер ер адамның ҳаялына деген ўазыйпасы усындай болса, онда үйленбегенниң ѳзи жақсырақ-ғо, – деди.
11 Ийса оларға: – Буны ҳәр бир адам қабыл ете алмайды, бирақ кимге Ќудайдан берилсе, сол ғана қабыл ете алады.
12 Ѳйткени үйленбейтуғын ҳәр түрли адамлар бар: гейбиреўлери ақта болып туўылады, гейбиреўлерин адамлар ақта қылып таслайды, ал базылары Аспан Патшалығына хызмет етиў ушын ѳз ерки менен үйлениўден бас тартады. Ким бул сѳзди қабыл ете алса, сол қабыл етсин, – деди.
13 Сол ўақытта адамлар Ийсаға олардың үстине қолын қойып дуўа етсин деп, балаларын алып келди. Ал шәкиртлер оларға кейиди.
14 Бирақ Ийса: – Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер, оларға тосқынлық жасамаңлар. Себеби Аспан Патшалығы усындайлардики, – деди.
15 Соңынан Ол балалардың үстине қолын қойып дуўа етти де, сол жерден кетип қалды.
16 Сонда бир жигит Ийсадан: – Устаз! Мәңгилик ѳмирге ийе болыўым ушын қандай ийгиликли ислер ислеўим керек? – деп сорады.
17 Ийса оған: – Сен неге Меннен ийгилик ҳаққында сорадың? Тек Ќудай ғана ийгиликли-ғо. Ал мәңгилик ѳмирге ерискиң келсе, Оның буйрықларын орынла, – деди.
18 Жигит Ийсадан: – Ќандай буйрықларды? – деп сорады. Ийса: – «Адам ѳлтирме, неке ҳадаллығын бузба, урлық ислеме, жалған гүўалық берме,
19 ата-анаңды ҳүрметле ҳәм ѳзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй! », – деди.
20 Жас жигит Оған: – Мен булардың ҳәммесин орынлап киятырман, және не жетиспейди? – деди.
21 Ийса оған: – Егер минсиз болғың келсе, барып барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға бер. Сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди.
22 Бул сѳзлерди еситкен жас жигит қапа болып, сол жерден кетип қалды. Ѳйткени оның байлығы кѳп еди.
23 Ийса Ѳз шәкиртлерине: – Сизлерге шынын айтып турман: бай адамның Аспан Патшалығына кириўи қыйын.
24 Тағы сизлерге айтатуғыным: бай адамның Ќудай Патшалығына кириўинен гѳре, түйеге ийнениң кѳзинен ѳтиў аңсатырақ, – деди.
25 Буны еситкен шәкиртлери қатты таң қалысып: – Олай болса, ким қутқарыла алады? – деп сорады.
26 Ал Ийса оларға қарап: – Бул адамлардың қолынан келмейди, бирақ Ќудай ушын мүмкин емес нәрсе жоқ, – деди.
27 Сонда Петр жуўап қайтарып, Оған: – Минекей, бизлер ҳәмме нәрсемизди таслап, Сениң изиңе ердик. Бизлер неге ерисемиз? – деди.
28 Ийса оларға: – Сизлерге шынын айтып турман: дүнья жаңаланғаннан соң, Адам Улы Ѳзиниң салтанатлы тахтына отырғанда, Мениң изиме ерип жүрген сизлер де он еки тахтқа отырып, Израил халқының он еки урыўын ҳүким етесизлер.
29 Сонда Мениң атым ушын ѳз үйлерин, я аға-инилерин, я апа-қарындасларын, я ата-анасын, я балаларын, я жер-мүлкин таслап шыққан ҳәр ким жүз есе артығы менен алады ҳәм мәңгилик ѳмирге ийе болады.
30 Бирақ бириншилердиң кѳбиси соңғылар, соңғылардың кѳбиси бириншилер болады, – деди.