Матта жазған Хош Хабар 13 bob

1 Туқым себиўши туўралы тымсал. 10 Ийсаның тымсаллар менен сөйлегендеги мақсети. 18 Туқым себиўши туўралы тымсалдың түсиндирилиўи. 24 Бийдай ҳәм ҳарам шөп. 31 Қышқыл туқым ҳәм ашытқы туўралы тымсал. 36 Бийдай ҳәм ҳарам шөп туўралы тымсалдың түсиндирилиўи. 44 Табылған ғәзийне ҳәм қымбат ҳинжи туўралы тымсал. 47 Аўға түскен балықлар туўралы тымсал. 53 Насыралылардың Ийсаға исенбеўи. 

1 Сол күни Ийса үйден шығып, теңиздиң жағасына барып отырды.
2 Оның жанына жүдә кѳп халық жыйналғанлықтан, Ол қайыққа минип отырды, ал халық жағада турды.
3 Ол тымсаллар менен оларға кѳп нәрселерди айтып, былай деди: – Бир күни туқым себиўши туқым себиўге шығыпты.
4 Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсип, қуслар келип, оларды шоқып жеп қойыпты.
5 Гейбиреўлери топырағы аз болған таслаққа түсип, жер терең болмағанлықтан тез кѳгерип шығыпты.
6 Бирақ күн шыққаннан соң солып, тамырсыз болғанлықтан қуўрап қалыпты.
7 Гейбиреўлери тикенлер арасына түсипти. Тикенлер ѳскеннен соң, оларды туншықтырып таслапты.
8 Ал басқалары ѳнимли жерге түсип, биреўи жүз еседен, биреўи алпыс еседен, биреўи отыз еседен зүрәәт берипти.
9 Ќулағы бар жақсылап еситип алсын!
10 Ийсаның шәкиртлери қасына келип, Оннан: – Халыққа не ушын тымсаллар менен сѳйлеп турсаң? – деп сорады.
11 Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Аспан Патшалығының сырларын билиў сизлерге берилген, бирақ оларға берилмеген.
12 Себеби кимде бар болса, оған және де мол етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оннан бары да тартып алынады.
13 Сонлықтан да оларға тымсаллар менен сѳйлеп турман. Ѳйткени: «Олар қараса да кѳрмейди, Тыңласа да еситпейди ҳәм түсинбейди».
14 Ийшая пайғамбардың алдын ала олар ҳаққында айтқаны дурыс келди: «Тыңлап еситесизлер, бирақ түсинбейсизлер, Ќарайсызлар, бирақ кѳрмейсизлер!
15 Себеби бул халықтың кеўли қайсар болып, қулақлары питип қалған, олар кѳзлерин де жумып алған. Олай болмағанда, олардың кѳзлери кѳрер еди, Ќулақлары еситер еди, кеўиллери түсинер еди. Олар Маған қайтып келсе, Мен оларға шыпа берер едим».
16 Бирақ, сизлердиң кѳрип турған кѳзлериңиз, еситип турған қулақларыңыз бахытлы!
17 Сизлерге шынын айтып турман: кѳплеген пайғамбарлар менен ҳақ адамлар сизлердиң кѳргенлериңизди кѳргиси келген еди, бирақ кѳрмеди. Еситкенлериңизди еситкиси келген еди, бирақ еситпеди.
18 – Енди сизлер туқым себиўши туўралы тымсалдың мәнисин тыңлаңлар.
19 Аспан Патшалығы туўралы айтылған сѳзди еситкен, бирақ оны түсинбеген адамға шайтан келип, оның кеўлине себилген сѳзди тартып әкетеди. Жол бойына себилген туқымның мәниси усы.
20 Ал таслаққа себилген туқым мынаны билдиреди: адам сѳзди еситкен ўақытта-ақ, оны қуўаныш пенен қабыл алады.
21 Бирақ тамырсыз болғанлықтан, турақсызлық етеди. Сѳз ушын азап шегиўге ямаса қуўдаланыўға туўра келгенде, тез исенимнен қайтады.
22 Тикенлер арасына себилген туқым мынаны билдиреди: адам сѳзди еситеди, бирақ бул дүньяның тәшиўишлери ҳәм байлыққа алданыў сѳзди туншықтырады. Сонлықтан ол зүрәәт бермейди.
23 Ал ѳнимли жерге себилген туқым мынаны билдиреди: адам сѳзди еситип, оны түсинеди ҳәм биреўлери жүз еседен, биреўлери алпыс еседен, биреўлери отыз еседен зүрәәт береди.
24 Ийса басқа тымсал келтирип, оларға былай деди: – Аспан Патшалығы ѳзиниң егислик жерине жақсы туқым сепкен адамға уқсайды.
25 Түнде, адамлар уйықлаған ўақытта душпаны келип, оның бийдайының арасына ҳарам шѳп егип кетипти.
26 Бийдай кѳгерип масақ шығарғанда, ҳарам шѳп те пайда бола баслапты.
27 Сонда хызметшилери хожасына келип: «Хожайын! Сиз егислик жериңизге жақсы туқым сеппеген бе едиңиз? Онда ҳарам шѳп қаяқтан пайда болды?» – депти.
28 Ол: «Буны душпан иследи», – депти. Сонда хызметшилери: «Бизлердиң барып, оларды суўырып таслаўымызды қәлейсиз бе?» – деп сорапты.
29 Ол: «Яқ, сизлер ҳарам шѳплерди суўырғаныңызда, олар менен бирге бийдайды да суўырып алыўыңыз мүмкин.
30 Орыў мәўсими жеткенше, екеўи қатар ѳсе берсин. Орыў мәўсиминде мен орақшыларға: „Дәслеп ҳарам шѳпти жыйнаңлар ҳәм баўлап ѳртеңлер, ал бийдайды телегиме қуйыңлар“, – деймен», – депти.
31 Ийса оларға ѳзге бир тымсал келтирип, былай деди: – Аспан Патшалығы бир адамның ѳз егислик жерине еккен қышқыл туқымына уқсайды.
32 Ол туқымлардың ишиндеги ең кишкенеси болса да, ѳсип шыққаннан соң барлық шѳплерден үлкейип, терек болады. Шақаларына аспан қуслары ушып келип, уя салады.
33 Ийса оларға басқа тымсал айтып: – Аспан Патшалығы бир ҳаялдың алып, барлық қамыр ашығанша, үш самар унға араластырған ашытқысына уқсайды, – деди.
34 Ийса булардың ҳәммесин халыққа тымсаллар менен айтты. Тымсалсыз оларға ҳеш нәрсе айтпады.
35 Солай етип, пайғамбардың алдын ала айтқан мына сѳзлери орынланды: «Аўзымды тымсаллар айтыў ушын ашып, дүнья жаратылғаннан бери жасырын болғанларды сѳйлеймен».
36 Соңынан Ийса халықты қалдырып, үйге кирди. Шәкиртлери Оның қасына келип: – Егислик жердеги ҳарам шѳп туўралы тымсалды бизлерге түсиндирип бер, – деди.
37 Ийса былай деп жуўап берди: – Жақсы туқым себиўши – Адам Улы.
38 Егислик жер – дүнья, жақсы туқымлар – Аспан Патшалығының балалары. Ал ҳарам шѳплер – шайтанның балалары.
39 Ҳарам шѳплерди сепкен душпан – шайтан. Орыў мәўсими – ақырзаман, орақшылар – периштелер болады.
40 Солай етип, ҳарам шѳплерди қалай жыйнап алып, отқа жақса, бул дүньяның ақырында да сондай болады.
41 Адам Улы периштелерин жибереди, Оның Патшалығынан олар барлық азғырыўшылар менен нызамды бузыўшыларды жыйнап алады да,
42 жанып турған ошаққа таслайды: олар сол жерде жылап, пушайман жейди.
43 Сонда ҳақ адамлар ѳзлериниң Єкесиниң Патшалығында күн сыяқлы жарқырап турады. Ќулағы бар жақсылап еситип алсын!
44 – Аспан Патшалығы егислик жерге жасырылған ғәзийнеге уқсайды. Оны биреў таўып алып, және жасырып қойыпты да, қуўанғанынан барлық мал-мүлкин сатып жиберип, сол егислик жерди сатып алыпты.
45 Және Аспан Патшалығы ҳасыл ҳинжилер излеп жүрген бир саўдагерге уқсайды.
46 Ол жүдә қымбат бир ҳинжини тапқанда, ѳзиниң барлық мал-мүлкин сатып жиберип, сол ҳинжини сатып алыпты.
47 – Және Аспан Патшалығы теңизге салынып, әлўан түрли балықлар түскен аўға уқсайды.
48 Толғаннан кейин, балықшылар оны жағаға сүйреп шығарыпты. Соңынан отырып, жақсыларын таңлап ыдысларға салып, ал жаманларын ылақтырып таслапты.
49 Ақырзаманда да солай болады: периштелер келип, жаман адамларды ҳақ адамлардан айырып алып,
50 жанып турған ошаққа таслайды. Олар сол жерде жылап, пушайман жейди.
51 Соннан соң, Ийса олардан: – Булардың ҳәммесин түсиндиңлер ме? – деп сорады. Олар: – Аўа, Ийем, түсиндик, – деди.
52 Ийса оларға: – Сонлықтан Аспан Патшалығынан үйренген ҳәр бир диний муғаллим ѳз ғәзийнесинен жаңаны да, гѳнени де шығарыўшы үй ийесине уқсайды, – деди.
53 Ийса усы тымсалларды айтып болғаннан соң, сол жерден кетип қалды.
54 Ѳзи ѳскен қалаға келип, сол жердеги мәжилисханада халыққа тәлим бере баслады. Халық таң қалысып: – Ол бундай даналықты ҳәм кәрамат ислеў қүдиретин қаяқтан алған?
55 Ол – ағаш устасының баласы емес пе? Оның анасының аты Мәриям, инилериниң атлары Яқып, Юсуп, Симон, Яҳуда емес пе?
56 Оның ҳәмме қарындаслары да бизиң арамызда емес пе? Ал булардың ҳәммеси Онда қаяқтан пайда болды екен? – деди де,
57 Оны тән алмады. Сонда Ийса оларға: – Пайғамбардың барлық жерде қәдири бар, ол тек ѳз ўатаны менен үйинде ғана қәдирсиз, – деди.
58 Олар исенбегени себепли, Ийса ол жерде кѳп кәраматларды ислемеди.