Матта жазған Хош Хабар 24 bob

1 Ийсаның Ибадатхананың қыйралыўын болжаўы. 15 Ең уллы апат. 29 Адам Улының қайта келиўи. 32 Әнжир ағашын мысалға алыңлар! 36 Сол күнди ямаса саатты ҳеш ким де билмейди. 

1 Ийса Ибадатханадан шығып баратырғанда, шәкиртлери Оған Ибадатхананың имаратларын нусқап кѳрсетиў ушын қасына келди.
2 Сонда Ийса оларға: – Мыналардың бәрин кѳрип турсызлар ма? Сизлерге шынын айтып турман: бул жерде тас үстинде тас қалмайды, ҳәммеси қыйратылады, – деди.
3 Соннан соң, Ол Зәйтүн таўында отырғанда шәкиртлери аўлақта Оның қасына келип: – Устаз, буның қашан болатуғынын бизлерге айтып бер. Сениң келиўиңди ҳәм усы заманның ақырын қандай белги билдиреди? – деп сораў қойды.
4 Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Биреўлердиң сизлерди алдаўынан сақ болыңлар!
5 Себеби кѳплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масихпан» деп, кѳп адамларды алдайды.
6 Сизлер урыслардың шаўқымын ҳәм урыслар ҳаққында мыш-мышларды еситкенде қәўетерленбеңлер. Булардың болыўы шәрт, бирақ бул еле ақыры емес.
7 Ѳйткени миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы кѳтериледи, кѳп жерлерде ашаршылықлар ҳәм жер силкиниўлер болады.
8 Ал булардың ҳәммеси толғақ азабының басланыўындай болады.
9 Сонда сизлерди қыйнаўға услап береди ҳәм ѳлтиреди. Мениң атым ушын барлық халықлар сизлерди жек кѳреди.
10 Сонда кѳп адамлар исенимнен қайтады, бир-бирине сатқынлық ислеп, бир-бирин жек кѳреди.
11 Кѳплеген жалған пайғамбарлар пайда болып, кѳп адамларды алдайды.
12 Жаўызлық кѳбейгенликтен, кѳп адамлардың сүйиспеншилиги суўыйды.
13 Бирақ, ақырына дейин шыдаған қутқарылады.
14 Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабар пүткил жер жүзине жәрияланып, барлық халықларға гүўалық болады. Соннан кейин, усы заманның ақыры келеди.
15 – Ал Даниел пайғамбар алдын ала айтқан ўайран етиўши жеркенишлиниң мухаддес орында турғанын кѳргениңизде (оқыған адам мәнисин түсинсин!),
16 Яҳудиядағылар таўларға қашсын.
17 Ким де ким үйиниң тѳбесинде болса, үйинен бир нәрсе алайын деп тѳменге түспесин.
18 Ким де ким атызда болса, шапанын алайын деп изине қайтпасын.
19 Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады!
20 Ќашатуғын ўақытларыңыз қыс мәўсимине ямаса дем алыс күнине туўра келмесин деп, Ќудайға дуўа етиңлер.
21 Себеби сонда дүнья жаратылғаннан бери усы күнге дейин болмаған ҳәм қайтып болмайтуғын уллы апат болады.
22 Егер сол күнлердиң саны қысқартылмағанда, ҳеш ким де қутқарылмаған болар еди, бирақ Ќудай Ѳзиниң таңлап алған адамлары ушын, сол күнлердиң санын қысқартады.
23 Сонда егер сизлерге биреў: «Ќараңлар, Масих бул жерде!» ямаса: «Ол ана жерде» десе исенбеңлер.
24 Ѳйткени жалған масихлар ҳәм жалған пайғамбарлар пайда болып, егер мүмкин болса, Ќудайдың таңлап алғанларын да алдаў ушын, уллы кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислерди кѳрсетеди.
25 Дыққат етиңлер! Мен сизлерге алдын ала айтып атырман.
26 Солай етип, егер сизлерге: «Мине, Ол шѳлистанда!» десе, шықпаңлар ямаса: «Ол жасырын бѳлмелерде» десе, исенбеңлер.
27 Себеби Адам Улының келиўи шығыста пайда болып, аспан бойлап батысқа зуўлап ѳткен жылдырымдай болады.
28 Ѳлик қай жерде болса, қузғынлар сол жерге жыйналады.
29 – Сол күнлердиң апатынан соң, «бирден күн қараңғыланады, ай ѳз жақтысын түсирмейди, жулдызлар аспаннан түсип, аспан күшлери силкинеди».
30 Сонда аспанда Адам Улының кәраматлы белгиси кѳрингенде, жер жүзиндеги барлық халықлар жылай баслайды. Олар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен аспандағы бултларда киятырғанын кѳреди.
31 Кәрнайдың күшли даўысы менен Ол Ѳзиниң периштелерин жибереди ҳәм олар дүньяның тѳрт тәрепинен, аспанның бир шетинен баслап екинши шетине дейин, Оның таңлап алғанларын жыйнап келеди.
32 – Єнжир ағашын мысалға алыңлар: оның шақалары жумсарып, жапырақ шығара баслағанда, жаздың жақын екенин билесизлер.
33 Сол сыяқлы, сизлер усылардың ҳәммесин кѳргениңизде Адам Улының жақынлап, есик алдында турғанын билиңлер!
34 Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жойылып кетпесинен бурын усылардың ҳәммеси болады.
35 Аспан менен жер жойылады, бирақ Мениң сѳзлерим ҳеш қашан жойылмайды.
36 – Бирақ, сол күнди ҳәм сол саатты ҳеш ким де билмейди: аспандағы периштелер де, Улдың Ѳзи де, тек ғана Єкем биледи.
37 Нухтың заманында қалай болған болса, Адам Улы келгенде де солай болады.
38 Ѳйткени суў тасқынынан бурын, Нух кемеге минген күнге дейин, адамлар ишип жеди, үйленди, турмысқа шықты.
39 Суў тасқыны басып, бәрин қырып жойғанға дейин, олар аңғармады. Адам Улы келгенде де солай болады.
40 Сол ўақытта еки адам атызда болса, биреўи алынып, екиншиси қалдырылады.
41 Еки ҳаял дигирман тартып отырса, биреўи алынып, екиншиси қалдырылады.
42 Солай етип, сергек болыңлар! Себеби Ийеңиздиң қашан келетуғынын билмейсизлер.
43 Мынаны билип қойыңлар: егер үй ийеси урының түнниң қайсы ўақтында келетуғынын билсе уйықламай, үйине урының бузып кириўине мүмкиншилик бермеген болар еди.
44 Сонлықтан сизлер де таяр болып турыўыңыз шәрт! Ѳйткени Адам Улы сизлер ойламағанда келеди.
45 Ийеси үй-ишимдегилерди басқарсын ҳәм оларға ўақтында аўқатын берсин деп тайынлаған исенимли ҳәм ақыллы хызметши ким?
46 Ийеси келгенде оның солай ислеп атырғанын кѳрсе, сол хызметши бахытлы!
47 Сизлерге шынын айтып турман: ийеси оны ѳзиниң пүткил мал-мүлкин басқарыўшы етип тайынлайды.
48 Ал егер сол хызметши жаман болып, ишинен: «Ийем тез келе қоймас», – деп ойлап,
49 хызметши жолдасларын сабап, мәскүнемлер менен бирге ишип-жесе,
50 сонда сол хызметшиниң ийеси күтпеген күни ҳәм ойламаған ўақытта келип,
51 оны қатты жазалап, еки жүзлилердиң аўҳалына салады. Сол жерде ол жылап, пушайман жейди.