Матта жазған Хош Хабар 4 bob

1 Ийсаның сыналыўы. 12 Ийсаның Хош Хабарды жәриялай баслаўы. Ийсаның дәслепки шәкиртлерин таңлаўы. 23 Ийсаның аўырыўларға шыпа бериўи. 

1 Соннан соң, шайтан сынасын деп, Мухаддес Руўх Ийсаны шѳлге алып барды.
2 Ийса сол жерде қырық күн, қырық түн ораза тутып, ақыры аш болды.
3 Сонда азғырыўшы шайтан Оның қасына келип: – Егер Сен Ќудайдың Улы болсаң, мына тасларға буйыр, олар нанға айлансын! – деди.
4 Ийса жуўап қайтарып: «Адам тек ғана нан менен емес, Ал Ќудайдың аўзынан шыққан ҳәр бир сѳз бенен жасайды», – деп Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо, – деди.
5 Соннан соң, шайтан Оны мухаддес қала Ерусалимге алып барып, Ибадатхананың тѳбесине турғызып қойды да,
6 Оған: – Егер Сен Ќудайдың Улы болсаң, тѳмен секирши. Ѳйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған-ғо: «Ол Ѳзиниң периштелерине буйрық береди. Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын, олар Сени қолларында кѳтерип алып кетеди», – деди.
7 Ийса оған: – «Ќудай-Ийеңди сынама!» – деп те Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо, – деди.
8 Және шайтан Оны жүдә бийик бир таўға апарып, Оған дүньяның барлық патшалықлары менен олардың сән-салтанатларын кѳрсетип:
9 – Егер аяғыма жығылып, маған табынсаң, усылардың ҳәммесин Саған беремен, – деди.
10 Сонда Ийса оған: – Жоқ бол кѳзимнен, шайтан! «Ќудай-Ийеңе сыйынып, тек Оған хызмет ет!» – деп Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо, – деди.
11 Соннан кейин, шайтан Оның қасынан кетти. Сонда периштелер келип, Ийсаға хызмет етти.
12 Ийса Яқыяның тутқынға алынғанын еситип, Галила үлкесине қайтып кетти.
13 Ол Насыра қаласын қалдырып, Зебулон ҳәм Нафтали дѳгерегиндеги теңиздиң жағасында жайласқан Капарнаҳумға келип орналасты.
14 Солай етип, Ийшая пайғамбар арқалы айтылған мына сѳзлер орынланды:
15 «Ҳәй, Зебулон жери ҳәм Нафтали жери, теңизге баратуғын жолдағы, Иорданның арғы жағасындағы, басқа миллетлердиң Галила ели!
16 Ќараңғылықта жасаған халық үлкен бир жарықты кѳрди. Ѳлим қараңғысында жасағанлар ушын, жақтылық нуры түсти».
17 Сол ўақыттан баслап, Ийса: – Тәўбе етиңлер! Себеби Аспан Патшалығы жақынлады! – деп жәриялай баслады.
18 Ийса Галила теңизиниң жағасында жүргенде, теңизге аў салып атырған еки ағалы-инилини: Петр деп аталған Симонды ҳәм оның иниси Андрейди кѳрди. Олар балықшылар еди.
19 Ийса оларға: – Мениң изиме ериңлер! Мен сизлерди адамларды Ќудайдың жолына түсириўшилер қыламан, – деди.
20 Олар дәрриў аўларын таслап, Оның изине ерди.
21 Сол жерден кетип баратырып, Ол басқа еки ағалы-инилини: Зебедейдиң улы Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды кѳрди. Олар әкеси Зебедей менен бирге қайықта аўларын жамап отырған еди. Ийса оларды да шақырды.
22 Олар дәрриў қайықты да, әкесин де қалдырып, Оның изине ерди.
23 Ийса пүткил Галила үлкесин аралап жүрди. Олардың мәжилисханаларында тәлим берди ҳәм Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабарды жәриялап, халықтағы ҳәр қандай аўырыў ҳәм ҳәлсизликти шыпалайтуғын еди.
24 Ийса туўралы хабар пүткил Сирияға жайылды. Барлық аўырыў адамларды, түрли сырқаў ҳәм дәртке ушырағанларды, жин урғанларды, қояншық ҳәм ләң болғанларды Оған алып келди. Ийса оларға шыпа берди.
25 Оның изине Галиладан, Декаполистен, Ерусалимнен, Яҳудиядан ҳәм Иорданның арғы жағынан келген кѳп халық ерип жүрди.