Матта жазған Хош Хабар 25 bob

1 Он қыз туўралы тымсал. 14 Аманат етилген талант туўралы тымсал. 31 Ақырзамандағы ҳүким. 

1 – Сол күни Аспан Патшалығы шыраларын алып, күйеўди қарсы алыўға шыққан он қызға уқсайды.
2 Олардың бесеўи ақылсыз, ал бесеўи ақыллы болыпты.
3 Ақылсыз қызлар шыраларын алыпты да, бирақ аўысық май алмай шығыпты.
4 Ал ақыллы қызлар шыралары менен қоса май қуйылған ыдысларын да алып шығыпты.
5 Күйеў кешиккеннен соң олардың ҳәммеси қалғып, уйықлап қалыпты.
6 Бирақ түн ортасы болғанда: «Күйеў киятыр, оны қарсы алыўға шығыңлар», – деп бақырған даўыс еситилипти.
7 Сонда қызлардың ҳәммеси турып, ѳзлериниң шыраларын таярлапты.
8 Ақылсыз қызлар ақыллыларға: «Бизлерге майларыңыздан аз-маз бериңлер, шыраларымыз сѳнип атыр», – депти.
9 Ал ақыллы қызлар: «Бизлерге де, сизлерге де жетпей қалыўы мүмкин, жақсысы, сатыўшыларға барып сатып алыңлар», – деп жуўап берипти.
10 Олар май сатып алыўға кеткен ўақытта күйеў келип, таяр турған қызлар оның менен бирге тойханаға киргеннен соң, қапы бекитилипти.
11 Соңынан қалған қызлар да келип: «Ийем! Ийем! Бизлерге қапыны аш!» – деп жалыныпты.
12 Бирақ ол: «Сизлерге шынын айтып турман: мен сизлерди танымайман!» – деп жуўап қайтарыпты.
13 Солай етип, сергек болыңлар, себеби Адам Улының келетуғын күнин ҳәм ўақтын билмейсизлер-ғо.
14 – Аспан Патшалығы бир адамның узақ жолға кетпесинен бурын хызметшилерин шақырып алып, оларға ѳзиниң мал-мүлкин аманат еткенине уқсайды.
15 Олардың уқыбына қарай, биреўине бес, екиншисине еки, үшиншисине бир талант берип, жолға атланыпты.
16 Бес талант алғаны дәрриў барып, ақшаны саўдаға айландырып, және бесеўин арттырыпты.
17 Еки талант алғаны да солай ислеп, және екеўин арттырыпты.
18 Бир талант алғаны барып, ийесиниң ақшасын жерге кѳмип жасырыпты.
19 Арадан кѳп ўақыт ѳткеннен соң хызметшилердиң ийеси қайтып келип, олардан есап талап етипти.
20 Сонда бес талант алғаны және бесеўин әкелип: «Ийем, маған бес талант берген едиңиз, минекей, мен және бесеўин арттырдым», – депти.
21 Ийеси оған: «Бәрекелла, жақсы ҳәм исенимли хызметшим! Кишкене исте исенимли болдың, мен саған үлкен ис тапсырмақшыман. Жүр, мениң қуўанышыма ортақ бол!» – депти.
22 Еки талант алғаны да келип: «Ийем, сиз маған еки талант берген едиңиз, минекей, мен және екеўин арттырдым», – депти.
23 Ийеси оған: «Бәрекелла, жақсы ҳәм исенимли хызметшим! Кишкене исте исенимли болдың, мен саған үлкен ис тапсырмақшыман. Жүр, мениң қуўанышыма ортақ бол!» – депти.
24 Соңынан бир талант алғаны да келип: «Ийем, сизиң қатал адам екениңизди билемен. Сиз ѳзиңиз екпеген жериңизден орып, шашпаған жериңизден жыйнайсыз.
25 Сонлықтан мен сизден қорқып, талантыңызды жерге кѳмип жасырған едим. Минекей, ақшаңыз, алың», – депти.
26 Ал ийеси оған жуўап қайтарып былай депти: «Ҳәй, жаман ҳәм жалқаў хызметшим! Мениң ѳзим екпеген жерден орып, шашпаған жерден жыйнайтуғынымды сен билипсең.
27 Сонлықтан да, мениң ақшамды айланысқа жиберетуғын адамға бериўиң тийис еди, қайтып келгенимде ѳзимдикин пайдасы менен алар едим-ғо.
28 Енди оннан талантты алыңлар да, оны он таланты барға бериңлер!
29 Ѳйткени кимде бар болса, оған және де мол етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады.
30 Ал мына жарамсыз хызметшини сыртқы қараңғылыққа шығарып таслаңлар. Сол жерде ол жылап, пушайман жейди».
31 – Адам Улы Ѳз салтанатында ҳәм барлық периштелери менен бирге келгенде, Ѳзиниң салтанатлы тахтына отырады.
32 Сонда барлық халықлар Оның алдына жыйналады ҳәм Ол шопанның қойларды ешкилерден айырғаны сыяқлы, оларды айырып бѳледи.
33 Ќойларды оң жағына, ешкилерди сол жағына қояды.
34 Сонда патша оң жағындағыларға: «Келиңлер, Єкемнен жарылқанғанлар, дүнья жаратылғаннан бери сизлер ушын таярлап қойылған Патшалықты мийрас етип алыңлар.
35 Себеби Мен аш болғанымда, сизлер Маған аўқат бердиңлер, шѳллегенимде, суў бердиңлер, жат жерде жүргенимде, Мени қабыл алдыңлар.
36 Жалаңаш болғанымда, Маған кийим бердиңлер, наўқас болғанымда, Мени күттиңлер, қамақта болғанымда, Маған келдиңлер», – дейди.
37 Сонда ҳақ адамлар Оған: «Ийем! Бизлер қашан аш болғаныңды кѳрип, Саған аўқат бердик, қашан шѳллегениңди кѳрип, суў бердик?
38 Ќашан жат жерде жүргениңди кѳрип, Сени қабыл еттик, қашан жалаңаш болғаныңда, Саған кийим бердик?
39 Ќашан наўқас ямаса қамақта болғаныңды кѳрип, Саған бардық?» – дейди.
40 Патша оларға жуўап берип: «Сизлерге шынын айтып турман: сизлердиң усы ислерди Мениң мына ең қарапайым туўысқанларымның биреўине ислегениңиз – Маған ислегениңиз болады», – дейди.
41 Соннан кейин, Ол сол жағындағыларға: «Ҳәй, ғарғыс алғанлар! Мениң қасымнан арман, шайтан ҳәм оның хызметшилери ушын таярланып қойылған мәңгилик отқа кетиңлер!
42 Ѳйткени Мен аш болғанымда, сизлер Маған аўқат бермедиңлер, шѳллегенимде, суў бермедиңлер.
43 Жат жерде жүргенимде, Мени қабыл алмадыңлар, жалаңаш болғанымда, Маған кийим бермедиңлер, наўқас, қамақта болғанымда, Маған келмедиңлер», – дейди.
44 Сонда олар жуўап берип: «Ийем! Бизлер Сениң қашан я аш болғаныңды, я шѳллегениңди, я жат жерде жүргениңди, я жалаңаш, я наўқас, я қамақта болғаныңды кѳрип, Саған хызмет етпедик?» – дейди.
45 Сонда патша жуўап қайтарып: «Сизлерге шынын айтып турман: сизлер усы ислерди мына ең қарапайым биреўине ислемегениңиз – Маған ислемегениңиз болады», – дейди.
46 Солай етип, олар мәңгилик азапқа жибериледи, ал ҳақ адамлар мәңгилик ѳмирге ериседи.