Матта жазған Хош Хабар 27 bob

1 Ийсаның Пилаттың алдына апарылыўы. 3 Яҳуданың өзин өзи өлтириўи. 11 Өлим ҳүкими. 27 Әскерлердиң Ийсаны масқаралаўы. 32 Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи. 45 Ийсаның жан тапсырыўы. 57 Ийсаның қәбирге қойылыўы. 62 Қәбирди қараўыллаў. 

1 Таң атқанда, барлық бас руўханийлер менен халық ақсақаллары Ийсаны ѳлтириў туўралы кеңести де,
2 Оны байлатып, римли ҳәким Понтий Пилатқа апарып тапсырды.
3 Сонда Ийсаға сатқынлық қылған Яҳуда Оның жазаға ҳүким етилгенин кѳрип ѳкинди де, алған отыз гүмис теңгени бас руўханийлер менен халық ақсақалларына қайтарып берип:
4 – Мен сатқынлық қылдым. Айыпсыз қанды тѳктирип, гүна иследим, – деди. Олар оған: – Бизлерге не? Ѳзиң бил, – деди.
5 Сонда Яҳуда гүмисти Ибадатхананың ишине ылақтырып таслады да, сыртқа шығып кетип, асылып ѳлди.
6 Бас руўханийлер гүмисти алып: – Буны Ибадатхана қазнасына салыўға болмайды, себеби бул қанның қуны-ғо, – деди.
7 Олар ѳз ара ойласып, сол ақшаға гүлалшының егислик жерин сатып алды да, оны жат жерден келгенлерди жерлеўге арнады.
8 Сонлықтан сол жер усы күнге дейин «Ќан жери» деп аталады.
9 Солай етип, Еремия пайғамбардың алдын ала айтқан мына сѳзлери орынланды: «Олар отыз гүмис теңгени, яғный Израилдың урпақлары баҳалаған Оның қунын алып,
10 Жаратқан Ийемниң маған айтқанындай, гүлалшының егислик жери ушын берди».
11 Ийса римли ҳәкимниң алдында турғанда, ҳәким Оннан: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. Ийса оған: – Сол екенимди ѳзиң айттың, – деп жуўап берди.
12 Ал бас руўханийлер менен халық ақсақаллары Оны айыплағанда, Ол ҳеш жуўап бермеди.
13 Сонда Пилат Оған: – Саған қарсы қаншама гүўалықлар айтып атырғанын еситип турған жоқсаң ба? – деди.
14 Бирақ Ийсаның ѳзиниң бирде бир сѳзине жуўап қайтармағанына ҳәким қатты ҳайран қалды.
15 Ќутқарылыў байрамында халық сораған бир тутқынды босатып бериў – ҳәкимниң әдети еди.
16 Сол ўақытта қамақта Бараба деген белгили бир жынаятшы бар еди.
17 Халық жыйналып болғанда, Пилат оларға былай деди: – Сизлер кимди босатып бериўимди қәлейсизлер? Барабаны ма ямаса Масих деп аталатуғын Ийсаны ма?
18 Ѳйткени ол олардың Ийсаны ѳзине күншиллик пенен услап бергенин билетуғын еди.
19 Пилат ҳүким гүрсисинде отырғанда, ҳаялы оған мынадай хабар жиберди: «Сол ҳақ Адамға ҳеш нәрсе ислеме. Мен бүгин түсимде Ол себепли кѳп азап шектим».
20 Бас руўханийлер менен халық ақсақаллары халықты үгитлеп: – Барабаны босатып берип, Ийсаны ѳлтириўди талап етиңлер, – деди.
21 Ҳәким олардан және: – Сизлерге екеўиниң қайсысын босатып бериўимди қәлейсизлер? – деп сорады. Олар: – Барабаны, – деди.
22 Пилат оларға: – Ал Масих деп аталатуғын Ийсаға не ислейин? – деп сорады. Олардың ҳәммеси де: – Оны атанақ ағашқа шегелетип тасла! – деди.
23 Ал Пилат олардан: – Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? – деп сорады. Бирақ олар бурынғысынан бетер: – Оны атанақ ағашқа шегелетип тасла! – деп бақырысты.
24 Пилат ҳеш нәрсе ислей алмайтуғынын ҳәм қозғалаң басланажағын сезип, суў алды да, халықтың кѳз алдында қолын жуўып: – Бул Адамның қанының тѳгилиўине мен айыплы емеспен, сизлер жуўапкерсиз, – деди.
25 Пүткил халық: – Оның қаны ушын бизлер ҳәм бизлердиң балаларымыз жуўапкер болғаймыз! – деп жуўап қайтарды.
26 Сонда Пилат оларға Барабаны босатып берди. Ал Ийсаны қамшылатқаннан соң, атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды.
27 Сонда ҳәкимниң әскерлери Ийсаны ҳәкимниң ҳәўлисине алып барып, оның алдына пүткил әскерлерди жыйнады.
28 Оның кийимлерин шешип, үстине шым қызыл шапан кийгизди де,
29 тикенли шыбықлардан таж ѳрип, Оның басына салды. Оң қолына қамыс таяқты услатты да, Оның алдында дизелерин бүгип: – Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп мазақ етти.
30 Оған түкирип, қамысты алып, Оның басына урды.
31 Оны мазақ қылып болғаннан соң, үстиндеги шым қызыл кийимди шешип алып, Оған Ѳз кийимин кийгизди де, атанақ ағашқа шегелеў ушын алып кетти.
32 Єскерлер шығып баратырғанда Симон атлы бир киренели адамды ушыратып, оны Ийсаның атанақ ағашын арқалап алып жүриўге мәжбүрледи.
33 Голгота деп аталған, яғный «Бас сүйек орны» дегенди аңлататуғын жерге келгенде,
34 олар Ийсаға ѳт қосылған шарапты ишиўге берди, бирақ Ол татып кѳрип, ишиўден бас тартты.
35 Оны атанақ ағашқа шегелеп болғаннан соң шек тасласып, кийимлерин ѳз ара бѳлисти,
36 соңынан отырып, Оны қараўыллады.
37 Оның айыбын кѳрсететуғын: «БУЛ – ЯҲУДИЙЛЕРДИЊ ПАТШАСЫ ИЙСА» деген жазыўды бас бетиндеги ағашқа қағып қойды.
38 Ийса менен бирге еки қарақшыны да, биреўин оң тәрепине, екиншисин сол тәрепине атанақ ағашларға шегеледи.
39 Ийсаның жанынан ѳтип баратырғанлар басларын шайқады ҳәм Оны мазақ етип:
40 – Ҳәй, Ибадатхананы бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклейжақ болған, Сен! Егер Сен Ќудайдың Улы болсаң, қәнекей, Ѳзиңди Ѳзиң қутқар! Атанақ ағаштан түсип кѳрши! – дести.
41 Бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар да Оның үстинен күлип былай деди:
42 – Бул басқаларды қутқарып, Ѳзин Ѳзи қутқара алмайды. Егер Ол Израилдың Патшасы болса, ҳәзир атанақ ағаштан түссин. Сонда бизлер Оған исенермиз.
43 Ол Ќудайға арқа сүйеп тур. Егер Ќудай қәлесе, ҳәзир Оны қутқарсын. Себеби Ол: «Мен Ќудайдың Улыман», – деген еди-ғо.
44 Ийса менен бирге атанақ ағашқа шегеленген қарақшылар да Оны усылай мазақ етти.
45 Түски саат он екиден баслап, түстен кейин саат үшке дейин, пүткил жерди қараңғылық қаплап турды.
46 Саат үшлер шамасында Ийса қатты даўыс пенен: – Ели, Ели! Лама сабахтани? (Яғный: «Ќудайым, Ќудайым! Неге Мени таслап кеттиң?») – деп бақырды.
47 Сол жерде турғанлардың гейбиреўлери буны еситип: – Ол Илиясты шақырып атыр, – дести.
48 Дәрриў олардың биреўи жуўырып барып, бир сорғышты сирке суўына сиңдирди де, оны таяққа қадап, Оған ишиўге берди.
49 Ал басқалары: – Тоқтай тур, Илияс келип, Оны қутқарар ма екен, кѳрейик, – дести.
50 Ийса және қатты даўыслап бақырды да, жан тапсырды.
51 Сол ўақытта-ақ Ибадатхананың Мухаддесханасындағы перде жоқарыдан тѳменге дейин қақ айырылып, екиге бѳлинди. Жер силкинип, жартаслар жарылды.
52 Ќәбирлер ашылып, жатырған мухаддес адамлардың кѳбиси қайта тирилди.
53 Ийса қайта тирилгеннен кейин, олар қәбирлеринен шығып, мухаддес қалаға барды ҳәм кѳп адамларға кѳринди.
54 Жер силкиниўдиң ҳәм басқа ўақыялардың болғанын кѳрген жүзбасы ҳәм оның менен бирге Ийсаны қараўыллағанлар қатты қорқысып: – Бул ҳақыйқаттан да, Ќудайдың Улы екен! – дести.
55 Сол жерде узақтан қарап турған кѳп ҳаяллар да бар еди, олар Ийсаның изине Галиладан ерип келип, Оған хызмет еткен еди.
56 Олардың арасында магдалалы Мәриям, Яқып пенен Юсуптың анасы Мәриям ҳәм Зебедейдиң улларының анасы да бар еди.
57 Кеш болғанда, Ариматиядан Юсуп атлы бир бай адам келди. Ол да Ийсаның шәкирти еди.
58 Ол Пилатқа барып, Ийсаның денесин сорады. Пилат оған бериўди буйырды.
59 Юсуп денени алып, оны таза кепинликке орады да,
60 ѳзиниң жартаста ойылған жаңа қәбирине апарып қойды. Соңынан үлкен бир тасты домалатып, қәбирдиң аўзына қойды да, сол жерден кетип қалды.
61 Магдалалы Мәриям менен басқа Мәриям сол жерде, қәбирдиң қарсысында отырған еди.
62 Келеси күни, яғный яҳудийлердиң таярлық күнинен кейинги дем алыс күни бас руўханийлер менен парисейлер Пилаттың алдына жыйналып,
63 оған: – Тақсыр! Ана ѳтирикшиниң тири ўақтында: «Мен үш күннен кейин қайта тирилемен», – дегени есимизге түсти.
64 Сонлықтан да, шәкиртлери түнде келип, Оны урлап алып кетип, халыққа: «Ол ѳлимнен қайта тирилди», – деп айтпаўы ушын, Оның қәбирин үш күнге дейин қараўыллаўға буйрық бериң. Олай етпесек, соңғы жалған бурынғысынан да бетер болады, – деди.
65 Пилат оларға: – Сақшылар бар-ғо. Барып, қәбирди ѳз билгенлериңизше гүзетиңлер, – деди.
66 Олар барып, тасқа мѳр басты да, қәбирге сақшы қойды.