Матта жазған Хош Хабар 22 bob

1 Үйлениў тойы туўралы тымсал. 15 Салық төлеў туўралы. 23 Қайта тирилиў туўралы сораў. 34 Ең баслы буйрық. 41 Масих – кимниң Урпағы? 

1 Ийса оларға тымсаллар менен сѳзин даўам еттирип, былай деди:
2 – Аспан Патшалығы бир патшаның ѳз баласына үйлениў тойын бериўине уқсайды.
3 Тойға мирәт етилгенлерди шақырып келиў ушын, патша хызметшилерин жиберипти. Бирақ олардың келгиси келмепти.
4 Сонда ол және басқа хызметшилерин жиберип: «Мирәт етилгенлерге айтыңлар: мине, мен зыяпатымды таярлап қойдым, өгизлерим де, семиртилген малларым да сойылды, ҳәммеси де тайын. Тойға келсин!» – деп айтып қалыпты.
5 Бирақ, мирәт етилгенлер оның сѳзине кеўил аўдармапты: кимиси егислик жерине, кимиси саўда-сатығына кетипти.
6 Ал гейбиреўлери патшаның хызметшилерин услап алып, хорлап ѳлтирипти.
7 Буны еситкен патша қәҳәрленип, ѳзиниң әскерлерин жиберипти. Сол жынаятшыларды ѳлтиртип, олардың қалаларын ѳртетип жиберипти.
8 Сонда ол ѳзиниң хызметшилерине: «Тойдың асы таяр, бирақ мирәт етилгенлер ылайықсыз болды.
9 Сонлықтан енди сизлер жол дәрбентлерине барып, ушыратқанларыңыздың бәрин тойға шақырып келиңлер», – депти.
10 Сонда хызметшилери жолларға шығып, ушыратқанларының бәрин де: жақсысы болсын, жаманы болсын, шақырып жыйнап келипти. Тойхана қонақларға толы болыпты.
11 Патша қонақларды кѳриўге киргенде, той кийимин киймеген биреўге кѳзи түсип,
12 оған: «Ҳәй, достым, сен бул жерге той кийимисиз қалай киргенсең?» – депти. Бирақ ол үндемепти.
13 Сонда патша хызметшилерине буйырып, былай депти: «Мынаның аяқ-қолын байлап, сыртқы қараңғылыққа таслаңлар! Ол сол жерде жылап, пушайман жейди».
14 Ѳйткени мирәт етилгенлер кѳп, ал таңлап алынғанлар аз.
15 Сонда парисейлер сыртқа шығып кетип, Ийсаны қалай сѳзинен тутыў туўралы ойласа баслады.
16 Оған Ҳиродтың адамлары менен бирге ѳзлериниң шәкиртлерин жиберип, былай деп айтқызды: – Устаз! Бизлер Сениң дурыс адам екениңди ҳәм жағымпазлық етпейтуғыныңды билемиз. Себеби Сен адамлардың бет-жүзине қарамайсаң.
17 Солай етип, бизлерге айтшы, Сен мынаған қалай қарайсаң: Рим патшасы-Қайсарға салық төлеў дурыс па ямаса надурыс па?
18 Бирақ Ийса олардың ҳарам нийетин билип, оларға: – Ҳәй, еки жүзлилер! Сизлер Мени неге сынап атырсызлар?
19 Маған салық теңгесин кѳрсетиңлер, – деди. Олар Оған бир динар әкелип берди.
20 Ол: – Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деп сорады.
21 Олар: – Рим патшасы-Ќайсардың, – деп жуўап берди. Сонда Ийса: – Олай болса, Ќайсардың ҳақын Ќайсарға, Ќудайдың ҳақын Ќудайға бериңлер, – деди.
22 Олар буны еситип, таң қалысты ҳәм Оның жанынан кетип қалды.
23 Ќайта тирилиў жоқ, деўши саддукейлер сол күни Ийсаға келип, былай деп сораў қойды:
24 – Устаз! Муўса: «Биреў баласы болмай ѳлсе, изинде қалған жесирине иниси үйленип, ағасының урпағын даўам еттирсин», – деген-ғо.
25 Бизде жети ағайинли жигит бар еди. Солардың бириншиси үйленип, қайтыс болды, баласы болмағанлықтан, ҳаялы инисине қалды.
26 Екиншисине де, үшиншисине де, ҳәтте, жетиншисине де солай болды.
27 Бәринен кейин ҳаялдың ѳзи де қайтыс болды.
28 Ал енди қайта тирилиўде ол жетеўиниң ишинде қайсысының ҳаялы болады? Ол олардың ҳәммесине де ҳаял болған еди-ғо.
29 Ийса оларға жуўап қайтарып былай деди: – Сизлер Мухаддес Жазыўларды да, Ќудайдың қүдиретин де билмегенликтен алжасып турсызлар.
30 Ѳйткени адамлар қайта тирилиўде үйленбейди де, турмысқа да шықпайды, ал аспандағы периштелер сыяқлы болады.
31 Ѳлгенлердиң қайта тирилиўи туўралы Ќудайдың сизлерге айтқанларын оқымағансызлар ма?
32 Ќудай: «Мен Ибрайымның Ќудайыман, Ысақтың Ќудайыман, Яқыптың Ќудайыман», – деген-ғо. Ќудай ѳлилердиң емес, ал тирилердиң Ќудайы.
33 Буны еситкен халық Оның тәлийматына таң қалды.
34 Ийсаның саддукейлерди сѳйлетпей таслағанын еситкен парисейлер бир жерге жыйналысты.
35 Олардың арасынан бир диний муғаллим Ийсаны сынамақшы болып,
36 Оннан: – Устаз! Мухаддес Нызамдағы ең баслы буйрық қайсы? – деп сорады.
37 Ийса оған: – «Ийең болған Ќудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил ақыл-ойың менен сүй».
38 Бул – биринши ҳәм ең баслы буйрық.
39 Екиншиси де сол сыяқлы: «Ѳзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй».
40 Пүткил Мухаддес Нызам да, пайғамбарлардың Жазыўлары да усы еки буйрыққа тийкарланған, – деди.
41 Парисейлер жыйналып болғаннан соң, Ийса олардан:
42 – Масих ҳаққында не ойлайсызлар? Ол – кимниң урпағы? – деп сорады. – Ол – Даўыттың Урпағы, – деди олар.
43 Ийса олардан: – Олай болса, Даўыт Мухаддес Руўхтан илҳамланып, Масихты қалайынша «Ийем» деп атаған? Ол былай деген-ғо:
44 «Ийем мениң Ийеме айтты: „Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр!“»
45 Солай етип, Даўыт Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның урпағы болады? – деп сорады.
46 Оған ҳеш ким де жуўап бере алмады ҳәм сол күннен баслап, Оған сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады.