Матта жазған Хош Хабар 3 bob

1 Шомылдырыўшы Яқыяның Хош Хабарды жәриялаўы. 13 Ийсаның шомылдырылыўы. 

1 Сол күнлери Шомылдырыўшы Яқыя келип, Яҳудия үлкесиниң шѳл даласында:
2 – Тәўбе етиңлер! Ѳйткени Аспан Патшалығы жақынлап қалды, – деп жәриялады.
3 Ийшая пайғамбар арқалы мынадай деп алдын ала айтылған адам усы Яқыя еди: «Шѳл далада бақырған биреўдиң даўысы шығады: „Ийемизге жол таярлаңлар, Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер!“»
4 Яқыя түйениң жүнинен кийим кийген, белин тери қайыс пенен буўған болып, оның аўқаты шегиртке менен жабайы ҳәррениң палы еди.
5 Сол ўақытта Ерусалимниң, пүткил Яҳудия үлкесиниң ҳәм Иорданның пүткил дѳгерегиниң турғынлары оған барды
6 ҳәм ѳзлериниң гүналарын мойынлап, Иордан дәрьясында шомылдырылды.
7 Яқыя ѳзине кѳп парисейлер менен саддукейлердиң шомылдырылыўға киятырғанын кѳрип, оларға: – Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Келешектеги қәҳәрли жазадан қутылыўды сизлерге ким үйретти?
8 Тәўбе еткениңизге ылайық жемис бериңлер!
9 Және: «Бизлердиң ата тегимиз – Ибрайым ата-ғо!» – деп ишлериңизден ойламаңлар. Себеби сизлерге айтатуғыным: Ќудай Ибрайымға мына таслардан да балалар жасап бере алады.
10 Тереклердиң тамырында ҳәзирдиң ѳзинде-ақ балта жатыр. Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады.
11 Тәўбе еткениңиздиң белгиси ретинде, мен сизлерди суў менен шомылдыраман. Бирақ меннен кейин Келиўши меннен де қүдиретли: мен Оның аяқ кийимин шешиўге де ылайықлы емеспен. Ол сизлерди Мухаддес Руўх ҳәм от пенен шомылдырады.
12 Оның жабасы қолында. Ол Ѳз қырманын тазалап, бийдайын ғәллеханасына жыйнайды, ал сабанын сѳнбес отқа жандырады, – деди.
13 Сонда Ийса Яқыя тәрепинен шомылдырылыў ушын Галиладан Иордан дәрьясына, Яқыяның қасына келди.
14 Бирақ Яқыя Оны иркип: – Сениң қолыңнан шомылдырылыўға мен мүтәжбен-ғо! Сен неге маған киятырсаң? – деди.
15 Бирақ, Ийса оған жуўап берип: – Енди ыразы бол, пүткил ҳақлықты бизлер усылайынша орынлаўға тийислимиз-ғо, – деди. Соннан соң, Яқыя Оған қайылшылық берди.
16 Ийса шомылдырылып, дәрриў суўдан шықты. Мине, аспан ашылып, Ол Ќудайдың Руўхының Ѳзиниң үстине кептердей түсип киятырғанын кѳрди.
17 Сонда аспаннан: – Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман! – деген саза еситилди.