1 Басқаларды ҳүким етпеңлер! 7 Сораңлар, излеңлер, есикти қағыңлар! 13 Тар қапыдан кириңлер! 15 Терек мийўесинен билинер. 24 Ақыллылық ҳәм ақылсызлық.
Матта жазған Хош Хабар 7 bob
1 – Басқаларды ҳүким етпеңлер, сонда сизлер де ҳүким етилмейсизлер.
2 Ѳйткени сизлер басқаларды қалай ҳүким етсеңлер, Ќудай да сизлерди солай ҳүким етеди. Ќандай ѳлшем менен ѳлшеп берсеңлер, Ќудай да сизлерге сондай ѳлшем менен ѳлшеп береди.
3 Сен неге туўысқаныңның кѳзиндеги шѳпти кѳрип турып, ѳз кѳзиңдеги қаданы сезбейсең?
4 Ѳз кѳзиңде қада бола тура, қалай: «Ќәне, кѳзиңдеги шѳпти шығарып алайын», – деп туўысқаныңа айтасаң?
5 Ҳәй, еки жүзли! Дәслеп ѳз кѳзиңдеги қаданы шығар, сонда анық кѳрип, туўысқаныңның кѳзиндеги шѳпти шығара аласаң.
6 Мухаддес затты ийтлерге бермеңлер, ҳинжи-маржанларыңызды шошқалардың алдына тасламаңлар. Оларды аяқлары менен басқылап, айланып келип сизлерди тилкимлеп таслайды.
7 – Сораңлар, сизлерге бериледи. Излеңлер, табасызлар. Есикти қағыңлар, ол сизлерге ашылады.
8 Себеби сораған ҳәр бир адам алады, излеген табады, есик қаққанға ашылады.
9 Сизлердиң араңызда улы нан сораса, тас беретуғын адам бар ма?
10 Я болмаса, балық сораса, оған жылан беретуғын бар ма?
11 Ѳзлериңиз жаман бола тура, балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, онда аспандағы Єкеңиз Ѳзинен сорағанларға қаншелли кѳп ийгиликлер береди!
12 Солай етип, ҳәмме исте адамлардың сизлерге не ислегенин қәлесеңлер, сизлер де оларға соны ислеңлер. Мухаддес Нызамның да, пайғамбарлардың Жазыўларының да мәниси усы.
13 – Тар қапыдан кириңлер. Ѳйткени набыт болыўға апаратуғын қапы кең, жол да үлкен, оның менен жүретуғынлар кѳп.
14 Ал ѳмирге апаратуғын қапы тар, жол да киши, оны табатуғынлар аз.
15 – Жалған пайғамбарлардан сақ болыңлар! Олар қой терисин жамылып сизлерге келеди, бирақ ишлеринде олар жыртқыш қасқырлар.
16 Сизлер оларды мийўесинен билесизлер. Шеңгелден жүзим ямаса ошағаннан әнжир жыйнай аласыз ба?
17 Ҳәр бир жақсы терек жақсы мийўе береди, жаман терек жаман мийўе береди.
18 Жақсы терек жаман мийўе, жаман терек жақсы мийўе бере алмайды.
19 Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады.
20 Солай етип, сизлер оларды мийўесинен билесизлер.
21 Маған: «Ийем! Ийем!» дегенниң ҳәр бири емес, тек аспандағы Єкемниң еркин орынлаўшы Аспан Патшалығына киреди.
22 Заманның ақырғы күнинде кѳбиси Маған: «Ийем! Ийем! Бизлер Сениң атың менен пайғамбаршылық етип, Сениң атың менен жинлерди қуўып шығармадық па? Сениң атың менен кѳп кәраматлар ислемедик пе?» – дейди.
23 Сонда Мен оларға: «Мен сизлерди ҳеш қашан таныған емеспен, Меннен аўлақ кетиңлер, ҳәй, нызамды бузыўшылар!» – деп ашық айтаман.
24 – Солай етип, Мениң усы сѳзлеримди тыңлап, оларды орынлаўшылардың ҳәр бири ѳз үйин жар тас үстине салған ақыллы адамға уқсайды.
25 Жаўын жаўып, дәрьялар тасып, самал есип, бул үйди соққылады, бирақ ол жар тас үстине салынғанлықтан қуламады.
26 Ал Мениң усы сѳзлеримди тыңлап, оларды орынламаўшылардың ҳәр бири ѳз үйин шеге қум үстине салған ақылсыз адамға уқсайды.
27 Жаўын жаўып, дәрьялар тасып, самал есип, бул үйди суў басқанда, ол қулап, қатты қыйралды.
28 Ийса усы сѳзлерди айтып болғанда, халық Оның тәлимине таң қалды.
29 Себеби Ол диний муғаллимлер сыяқлы емес, ал Ѳз бийлиги менен адамларға тәлим берди.