1 Ийсаның қайта тирилиўи. 11 Сақшылардың хабары. 16 Уллы тапсырма.
Матта жазған Хош Хабар 28 bob
1 Яҳудийлердиң дем алыс күни ѳткеннен соң, екшемби күни таң сәҳәрде магдалалы Мәриям ҳәм басқа Мәриям қәбирди кѳриўге келди.
2 Бирден жер қатты силкинип, Ќудайдың периштеси аспаннан түсип келди де, қәбирдиң аўзындағы тасты домалатып алып таслап, оның үстине отырды.
3 Периштениң түси жылдырымдай болып, кийими қардай аппақ еди.
4 Сақшылар оннан қатты қорқып қалтырасты ҳәм ѳли сыяқлы болып, жаны қалмады.
5 Периште ҳаялларға: – Ќорқпаңлар! Атанақ ағашқа шегеленген Ийсаны излеп келгенлериңизди билемен.
6 Ол бул жерде жоқ. Ѳзиниң айтқанындай, Ол қайта тирилди. Барып, Оның жатқан жерин кѳриңлер.
7 Ҳәзир тез Оның шәкиртлерине барып: «Ийса ѳлимнен қайта тирилипти! Ол сизлерден бурын Галилаға барады. Оны сол жерде кѳресизлер!» – деп айтып барыңлар. Мениң сизлерге айтатуғыным усы, – деди.
8 Ҳаяллар биресе қорқысып, биресе қатты қуўанысып, қәбирден тез шықты да, Оның шәкиртлерине хабарды жеткизиў ушын асығып жуўырып кетти.
9 Күтилмегенде Ийса олардың алдынан шығып: – Ассалаўма әлейкум! – деди. Олар жақынлап келди де, Ийсаның аяғын қушақлап, Оған табынды.
10 Сонда Ийса оларға: – Ќорқпаңлар! Мениң туўысқанларыма барып айтыңлар, Галилаға барсын. Олар Мени сол жерде кѳреди, – деди.
11 Ҳаяллар жолда жүргенде сақшылардың гейбиреўлери қалаға барып, болған ўақыяның барлығын бас руўханийлерге айтып берди.
12 Бас руўханийлер ақсақаллар менен жыйналысып кеңести де, әскерлерге кѳп ақша берип:
13 – «Түнде бизлер уйықлап атырғанымызда шәкиртлери келип, Оны урлап алып кетти», – деп айтыңлар.
14 Егер бул хабар ҳәкимниң қулағына жетсе, бизлер оның менен келисип, сизлерди ҳәр қандай бәледен сақлап қаламыз, – деди.
15 Єскерлер ақшаны алып, олардың үйретиўи бойынша иследи. Ал усы сѳз яҳудийлердиң арасында бүгинги күнге дейин кең тарқалған.
16 Он бир шәкирти Галилаға, Ийсаның ѳзлерине айтқан таўына барды.
17 Олар Ийсаны кѳргенде, Оған табынды, бирақ гейбиреўлери гүманланды.
18 Сонда Ийса олардың қасына келип: – Маған аспанда да, жерде де пүткил бийлик берилген.
19 Сонлықтан да барып, барлық миллетлерди Маған шәкирт қылыңлар: оларды Єкениң, Улдың ҳәм Мухаддес Руўхтың аты менен шомылдырып,
20 Мениң сизлерге буйырғанларымның ҳәммесин орынлаўды оларға үйретиңлер. Минекей, Мен дүньяның ақырына дейин ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге боламан! – деди.