1 Ийсаны өлтириў ушын тил бириктириў. 6 Ийсаның басына әтир май қуйылыўы. 14 Яҳуданың сатқынлығы. 17 Ийсаның Өз шәкиртлери менен Қутқарылыў байрамының асын жеўи. 26 Ийсаның соңғы кешеси. 31 Петрдиң Ийсадан таныўы туўралы болжаў. 36 Ийсаның Гетсеманиде дуўа етиўи. 47 Ийсаның қолға алыныўы. 57 Ийса жоқарғы кеңес алдында. 69 Петрдиң Ийсадан үш рет таныўы.
Матта жазған Хош Хабар 26 bob
1 Ийса усы сѳзлердиң ҳәммесин айтып болғаннан кейин, Ѳз шәкиртлерине:
2 – Енди еки күннен соң, Ќутқарылыў байрамы болатуғынын билесизлер. Сонда Адам Улы атанақ ағашқа шегелениўге услап бериледи, – деди.
3 Сол ўақытта бас руўханийлер ҳәм халық ақсақаллары Каяфа деген бас руўханийдиң ҳәўлисине жыйналды.
4 Олар Ийсаны ҳийле менен қолға түсирип алып ѳлтириў ҳаққында тил бириктирди.
5 Бирақ олар: «Халық арасында қозғалаң болмаўы ушын, бул исти байрам күнлери ислемейик», – дести.
6 Ийса Бетанияда, бурын мақаў кесел болған Симонның үйинде
7 дастурхан басында отырғанда, қолында қымбатлы әтир майға толған мәрмер ыдысы бар бир ҳаял Оның қасына келип, әтир майды Оның басына қуйды.
8 Буны кѳрген шәкиртлери ашыўланып: – Бундай ысырапкершиликтиң неге кереги бар?
9 Бул әтир майды қымбатқа сатып, ақшасын жарлыларға үлестириўге болар еди-ғо, – дести.
10 Бирақ Ийса буны еситип, оларға: – Бул ҳаялды неге уялтып атырсызлар? Ол Маған жақсылық иследи-ғо.
11 Жарлылар сизлер менен бәрқулла бирге, ал Мен сизлер менен бәрқулла бирге болмайман.
12 Ол бул әтир майды денеме қуйып, Мени жерлеўге таярлады.
13 Сизлерге шынын айтып турман: Хош Хабар дүньяның қай жеринде жәрияланса да, бул ҳаял еске алынып, оның ислеген иси айтылатуғын болады, – деди.
14 Соңынан Ийсаның он еки шәкиртиниң бири болған Яҳуда Исқариот деп аталған адам бас руўханийлерге барып:
15 – Ийсаны сизлерге услап берсем, маған не бересизлер? – деп сорады. Олар оған отыз гүмис теңге усынды.
16 Яҳуда да сол ўақыттан баслап Ийсаны услап бериўге қолайлы пайыт изледи.
17 Ашытқысыз нан байрамының биринши күнинде Ийсаның шәкиртлери Оған келип: – Ќутқарылыў байрамының асын жеўиң ушын қай жерде таярлық кѳриўимизди қәлейсең? – деп сорады.
18 Ол жуўап берип былай деди: – Ќаладағы пәленше деген адамға барып, оған: «Устазымыз: „Мениң күним жақынлап қалды. Шәкиртлерим менен бирге байрам аўқатын сениң үйиңде жеймен“, деди», – деп айтыңлар.
19 Шәкиртлери Ийсаның тапсырғанын ислеп, байрам аўқатын таярлады.
20 Кеш болғанда, Ийса он еки шәкирти менен бирге дастурхан әтирапына отырды.
21 Олар аўқатланып отырғанда, Ийса оларға: – Сизлерге шынын айтып турман: араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди, – деди.
22 Сонда олар қатты қапа болып, биринен соң бири Оннан: – Мен емеспен бе, Ийем? – деп сорай баслады.
23 Ийса оларға жуўап берип: – Мениң менен бирге табаққа қолын салғанның ѳзи Маған сатқынлық ислейди.
24 Деген менен, Адам Улы Ѳзи ҳаққында Мухаддес Жазыўда айтылғандай баратыр, бирақ Адам Улына сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! Ол адамның бул дүньяға келмегени ѳзи ушын жақсырақ болар еди, – деди.
25 Сонда Оған сатқынлық қылатуғын Яҳуда: – Мен емеспен бе, Устаз? – деди. Ийса оған: – Буны сен ѳзиң айттың, – деп жуўап берди.
26 Олар аўқатланып отырғанда Ийса нанды алып, Ќудайға шүкирлик етти ҳәм оны сындырып, шәкиртлерине берди де: – Алыңлар, жеңлер, бул – Мениң денем, – деди.
27 Соңынан Ол кесени қолына алып, Ќудайға шүкирлик етти ҳәм оларға кесени берип былай деди: – Ҳәммеңиз буннан ишиңлер!
28 Себеби бул – кѳп адамның гүналарының кеширилиўи ушын тѳгилетуғын, Жаңа Келисимди бекитетуғын Мениң қаным.
29 Сизлерге айтатуғыным: Єкемниң Патшалығында сизлер менен жаңасын ишетуғын күниме дейин, Мен бундай жүзим ишимлигинен қайтып ишпеймен.
30 Соңынан олар Ќудайды жырлайтуғын қосық айтып, Зәйтүн таўына кетти.
31 Сонда Ийса оларға: – Бул түни ҳәммеңиз Мени таслап кетесизлер. Ѳйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Шопанды урғанымда, Сүриўдеги қойлар тарқап кетеди».
32 Бирақ қайта тирилгенимнен кейин, сизлерден бурын Галилаға бараман, – деди.
33 Петр Оған жуўап берип: – Сени ҳәммеси таслап кетсе де, мен Сени ҳеш қашан таслап кетпеймен, – деди.
34 Ийса оған: – Саған шынын айтып турман: бүгин түнде қораз шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң, – деди.
35 Петр Оған: – Маған Сениң менен бирге ѳлиўге туўра келсе де, мен Сеннен ҳеш қашан танбайман, – деди. Басқа шәкиртлериниң ҳәммеси де солай деди.
36 Соңынан Ийса шәкиртлери менен бирге Гетсемани деген жерге келип, оларға: – Мен ана жерге барып дуўа етип боламан дегенше, сизлер усы жерде отырыңлар, – деди.
37 Ѳзи менен бирге Петрди ҳәм Зебедейдиң еки улын алып кетти де, қайғырып қыйнала баслады.
38 Сонда Ийса оларға: – Жаным ѳлердей қыйналып тур. Сизлер усы жерде қалып, Мениң менен бирге сергек болып турыңлар, – деди.
39 Соңынан Ол бираз шетирек барды да, бетин жерге басып, былай деп дуўа ете баслады: – Єкем Мениң! Егер де мүмкин болса, бул азап кесеси Меннен ѳтсин. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлеўиң болсын!
40 Шәкиртлериниң қасына қайтып келип, олардың уйықлап атырғанын кѳрди де, Петрге: – Солай етип, сизлер Мениң менен бирге уйықламай бир саат та отыра алмадыңлар ма?
41 Азғырылмаўыңыз ушын сергек болып, дуўа етиңлер! Руўх қәлейди, бирақ дене ҳәлсиз, – деди.
42 Ийса екинши рет барып, және былай деп дуўа етти: – Єкежаным! Егер бул азап кесеси Мен ишпей Меннен ѳте алмаса, онда Сениң еркиң орынлансын.
43 Ќайтып келип, олардың және уйықлап атырғанын кѳрди. Ѳйткени кѳзлерин уйқы басқан еди.
44 Оларды қалдырып, және барып, үшинши рет те сол сѳзлерин қайталап дуўа етти.
45 Соңынан шәкиртлериниң қасына қайтып келип, оларға: – Сизлер еле уйықлап, дем алып атырсызлар ма? Мине, ўақыт болды, Адам Улы гүнакарлардың қолына услап бериледи.
46 Турыңлар, кеттик. Ќараңлар, Маған сатқынлық қылыўшы жақынлады, – деди.
47 Ийса еле сѳйлеп турғанда, он екиниң бири Яҳуда келди. Оның менен бирге бас руўханийлер ҳәм халық ақсақаллары жиберген жүдә кѳп адамлар бар еди. Адамлар қолларына қылыш ҳәм шоқмар услаған еди.
48 Ийсаға сатқынлық қылыўшы оларға белги берип: «Мен кимди сүйсем, Ол – Соның Ѳзи. Оны қолға алыңлар», – деген еди.
49 Ол дәрриў Ийсаның қасына барып: – Ассалаўма әлейкум, Устаз! – деп Оны сүйди.
50 Ийса оған: – Ҳәй, достым, неге келдиң? – деди. Сонда олар Ийсаға жақынлап келди де, Оған қол салып услап алды.
51 Сол ўақытта-ақ Ийса менен бирге болғанлардың биреўи қылышын суўырып алып, бас руўханийдиң қулының қулағын шаўып таслады.
52 Бирақ Ийса оған: – Ќылышыңды қынабына салып қой! Ќылыш кѳтериўшилердиң ҳәммеси де қылыштан қаза табады.
53 Сен егер Мен ҳәзир Єкемнен сорасам, Ол Маған он еки легионнан да артық периште жибермейди, деп ойлайсаң ба?
54 Бирақ егер ондай болса, Мухаддес Жазыўлардағы солай болыўы тийис деген сѳзлер қалайынша орынланар еди? – деди.
55 Сонда Ийса халыққа: – Мени услаў ушын, жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме? Мен ҳәр күни Ибадатханада отырып тәлим беретуғын едим, бирақ сизлер Мени усламадыңлар.
56 Усылардың ҳәммеси пайғамбарлардың Жазыўларының орынланыўы ушын болды, – деди. Сонда шәкиртлериниң ҳәммеси Оны таслап, қашып кетти.
57 Ийсаны қолға алғанлар Оны Каяфа деген бас руўханийге апарды. Ол жерге диний муғаллимлер менен ақсақаллар жыйналған еди.
58 Петр Ийсаға бас руўханийдиң ҳәўлисине дейин узақтан ерип барды ҳәм соңын кѳриў ушын ишке кирип, сақшылар менен бирге отырды.
59 Бас руўханийлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес Ийсаны ѳлим жазасына ҳүким етиў ушын, Оған қарсы жалған гүўалық изледи.
60 Кѳплеген жалған гүўалар келсе де, таба алмады. Ақырында еки жалған гүўа келип:
61 – Ол: «Ќудайдың Ибадатханасын бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклей аламан», – деп айтты, – деди.
62 Сонда бас руўханий орнынан турып, Ийсадан: – Олар Саған қарсы гүўалық берип атыр-ғо. Сен неге ҳеш жуўап бермейсең? – деп сорады.
63 Бирақ Ийса үндемеди. Сонда бас руўханий Оған: – Мен Саған тири Ќудайдың аты менен буйыраман. Бизлерге айтшы: Ќудайдың Улы, Масих – Сенбисең? – деп сорады.
64 Ийса оған: – Ѳзиң айттың. Сизлерге айтатуғыным: усы ўақыттан баслап, сизлер Адам Улының Ќүдиретлиниң оң жағында отырғанын ҳәм аспандағы бултлардың үстинде киятырғанын кѳресизлер, – деди.
65 Сонда бас руўханий ѳз кийимлерин жыртып: – Ол Ќудайға тил тийгизди-ғо! Енди бизлерге гүўалардың неге кереги бар? Сизлер ҳәзир Оның Ќудайға тил тийгизгенин ѳзлериңиз еситтиңиз-ғо!
66 Сизлердиң ҳүкимиңиз қандай болады? – деп сорады. Олар жуўап қайтарып: – Ол ѳлим жазасына тартылыўы тийис, – деди.
67 Сонда олар Оның бетине түкирип, Оны ура баслады. Биреўлер бетине шапалақ пенен урып,
68 Оған: – Ҳәй, Масих! Бизлерге ўәлийлик етип айт: Сени ким урды? – деди.
69 Сол ўақытта Петр сыртта, ҳәўлиде отырған еди. Оның қасына бир шоры қыз келип: – Сен де галилалы Ийса менен бирге едиң-ғо, – деди.
70 Бирақ ол ҳәммениң алдында танып: – Сениң не айтып турғаныңды түсинбеймен, – деди.
71 Ол дәрўазаға қарай баратырғанда оны басқа бир шоры қыз кѳрип, сол жердегилерге: – Мына адам Насыралы Ийса менен бирге болған-ғо, – деди.
72 Ол ант ишип: – Мен ол Адамды танымайман, – деп және танды.
73 Бираздан кейин, сол жерде турғанлар Петрге жақынлап келип, оған: – Шынында да, сен солардың бирисең. Бул сениң сѳйлегениңнен анық билинип тур-ғо, – деди.
74 Сонда Петр: – Шынын айтып турман, мен ол Адамды танымайман, – деп ант ишип, ѳзин ѳзи ғарғай баслады. Сол ўақытта-ақ қораз шақырды.
75 Сонда Ийсаның: «Ќораз шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң», – деген сѳзи Петрдиң есине түсти. Ол сыртқа шығып кетип, ѳкирип жылады.