1 Жулдыз изертлеўшилердиң жаңа туўылған Патшаға табыныўы. 13 Мысырға қашыў. 19 Мысырдан Насыраға қайтыў.
Матта жазған Хош Хабар 2 bob
1 Ийса Яҳудияның Бейтлеҳем қаласында, патша Ҳиродтың заманында туўылғаннан соң, Ерусалим қаласына күншығыстан жулдыз изертлеўшилер келип:
2 – Яҳудийлердиң жаңа туўылған Патшасы қаяқта екен? Ѳйткени бизлер күншығыста Оның жулдызын кѳрип, Оған табыныўға келдик, – деп сорады.
3 Буны еситкен патша Ҳирод ҳәм оның менен бирге пүткил Ерусалим қаласы тынышсызланып қалды.
4 Ҳирод халықтың барлық бас руўханийлерин ҳәм диний муғаллимлерин жыйнап алып, олардан Масихтың қай жерде туўылыўы тийис екенин сорастырды.
5 Олар былай деди: – Яҳудиядағы Бейтлеҳемде. Себеби пайғамбар арқалы мынадай сѳзлер жазылған:
6 «Ҳәй, Яҳудия жериндеги Бейтлеҳем! Яҳудияның баслы қалаларынан сен ҳеш кем емессең! Ѳйткени Мениң халқым Израилды бағатуғын Кѳсем сеннен шығады».
7 Сонда Ҳирод жулдыз изертлеўшилерди жасырын шақыртып, олардан жулдыздың шыққан ўақтын сорастырып билип алды.
8 Оларды Бейтлеҳемге жиберип: – Барып, Нәресте ҳаққында жақсылап билип алыңлар. Оны тапқаннан кейин, маған хабар бериңлер, мен де барып Оған табынайын, – деди.
9 Олар патшаның сѳзин еситип болып, жүрип кетти. Сонда ѳзлери күншығыста кѳрген жулдыз олардың алдында жүрип, жол кѳрсетти ҳәм Нәресте болған жердиң үстинде тоқтады.
10 Жулдызды кѳргенде, олар қатты қуўанды.
11 Үйге кирип, Нәрестени ҳәм Оның анасы Мәриямды кѳрди де, Нәрестениң аяғына жығылып, Оған табынды. Ѳзлериниң ғәзийне ыдысларын ашып, Оған алтын, ладан ҳәм мирра деген хош ийисли затларды сыйға берди.
12 Олар Ҳиродқа қайтып бармаў ҳаққында түслеринде ескертилгенликтен, басқа бир жол менен ѳз еллерине қайтып кетти.
13 Жулдыз изертлеўшилер кеткеннен кейин, Ќудайдың бир периштеси Юсуптың түсине енип: – Орныңнан тур да, Нәресте менен анасын алып, Мысырға қаш! Саған ѳзим хабар бергенимше, сол жерде бол! Себеби Ҳирод Нәрестени ѳлтириў ушын излемекте, – деди.
14 Юсуп турды да, Нәресте менен анасын алып, түн ишинде Мысырға қашып кетти.
15 Ҳиродтың ѳлимине шекем сол жерде болды. Солай етип, Ќудайдың: «Улымды Мысырдан шақырып алдым», – деп пайғамбар арқалы алдын ала айтқан сѳзлери орынланды.
16 Ал Ҳирод жулдыз изертлеўшилердиң алдап кеткенин түсинип, қатты ашыўланды. Жулдыз изертлеўшилерден ўақытты билип алған ол Бейтлеҳемдеги ҳәм оның дѳгерегиндеги еки жасар ҳәм оннан да киши ул балалардың ҳәммесин ѳлтириўди буйырды.
17 Солай етип, Еремия пайғамбар арқалы айтылған мына сѳзлер орынланды:
18 «Рамада бир даўыс еситиледи, Ќатты зарлап жылаған. Балаларын жоқлап жылар Раҳила. Жубанғысы келмес, ѳйткени жоқ енди олар».
19 Ҳирод ѳлгеннен кейин, Ќудайдың бир периштеси Мысырда Юсуптың түсине енип:
20 – Орныңнан тур да, Нәресте менен анасын алып, Израил елине қайт. Себеби Нәрестени ѳлтирмекши болғанлар ѳлди, – деди.
21 Юсуп турып, Нәресте менен анасын алып, Израил елине қайтты.
22 Бирақ Яҳудияда Ҳиродтың орнына баласы Архелай патша болып отырғанын еситип, Юсуп ол жерге барыўға қорқты. Түсинде аян арқалы ескертилген ол Галила үлкесине кетип,
23 Насыра деген қалаға орналасты. Солай етип, «Ол Насыралы деп аталады», – деп пайғамбарлардың алдын ала айтқанлары орынланды.