1 Аспан Патшалығында ең уллы ким? 12 Жойтылған қой туўралы тымсал. 15 Бир-бириңизди ҳақ жолға түсириңлер, бирге дуўа етиңлер! 21 Реҳимсиз хызметши туўралы тымсал.
Матта жазған Хош Хабар 18 bob
1 Сол ўақытта шәкиртлери Ийсаның жанына келип: – Аспан Патшалығында ең уллы ким? – деп сорады.
2 Ийса бир баланы шақырып алып, оны олардың ортасына турғызып қойып былай деди:
3 – Сизлерге шынын айтып турман: кеўиллериңизди ѳзгертип, балалар сыяқлы болмасаңлар, Аспан Патшалығына кире алмайсызлар.
4 Солай етип, ким де ким ѳзин усы бала сыяқлы пәс тутса, сол Аспан Патшалығында ең уллы болады.
5 Ал ким де ким мынадай бир баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады.
6 Бирақ ким де ким Маған исенип турған мына кишкенелердиң биреўин азғырса, оның мойнына үлкен дигирман тасы байланып, терең теңиздиң түбине батырылғаны оған жақсырақ болар еди.
7 Адамларды азғырыўшы нәрселер себепли, дүнья ҳәсирет шегеди! Азғырыўшы нәрселердиң болыўы сѳзсиз, бирақ азғырыў ким арқалы келсе, сол адам ҳәсирет шегеди!
8 Егер сени қолың ямаса аяғың азғырса, оны шаўып тасла. Еки қолың менен ямаса еки аяғың менен мәңгилик отқа тасланғаныңнан гѳре, бир қолың ямаса аяғың менен ѳмирге ерискениң ѳзиңе жақсырақ.
9 Егер сени кѳзиң азғырса, оны ойып тасла. Еки кѳзиң менен дозақ отына тасланғаныңнан гѳре, жалғыз кѳзиң менен ѳмирге ерискениң ѳзиңе жақсырақ.
10 -
11 Абайлаңлар, мына кишкенелердиң ҳеш қайсысын да кемситиўши болмаңлар! Себеби сизлерге айтатуғыным: олардың аспандағы периштелери аспандағы Єкемниң жүзин ҳәмме ўақыт кѳрип турады.
12 – Сизлер қалай ойлайсызлар? Егер биреўдиң жүз қойы болып, оның биреўи жойтылып кетсе, ол тоқсан тоғыз қойын таўда қалдырып, жойтылған бир қойын излемес пе еди?
13 Сизлерге шынын айтып турман: егер оны таўып алса, жойтылмаған тоқсан тоғыз қойынан гѳре, таўып алған жалғыз қойына кѳбирек қуўанады.
14 Сол сыяқлы, сизлердиң аспандағы Єкеңиз мына кишкенелердиң биреўиниң де жойтылыўын қәлемейди.
15 – Егер туўысқаның саған қарсы гүна ислесе, оған бар да, аўлақта сѳйлесип, айыбын бетине ашық айт. Егер ол сѳзиңди тыңласа, онда туўысқаныңды ѳзиңе қайтарып алғаның болады.
16 Егер ол сѳзиңди тыңламаса, ѳзиң менен бирге бир ямаса еки адамды ертип оған бар, ѳйткени айтылған барлық сѳзлериңе еки ямаса үш гүўа болыўы тийис.
17 Егер олардың да сѳзин тыңлағысы келмесе, онда исениўшилер жәмәәтине айт. Ал исениўшилер жәмәәтин де тыңлағысы келмесе, онда оны бутқа табыныўшы ҳәм салықшы деп сана.
18 Сизлерге шынын айтып турман: сизлер жер бетинде нени байласаңыз, сол аспанда да байланады, және де, сизлер жер бетинде нени шешсеңиз, сол аспанда да шешиледи.
19 Сизлерге және шынын айтаман: жер бетинде сизлердиң екеўиңиз келисип не сорасаңыз, аспандағы Єкем соны береди.
20 Себеби қай жерде еки ямаса үш адам Мениң атым менен жыйналса, Мен олар менен биргемен.
21 Сонда Петр Ийсаға келип: – Ийем, маған қарсы гүна ислеген туўысқаныма неше рет кеширим берсем болады? Жети ретке дейин бе? – деп сорады.
22 Ийса оған: – Саған жети ретке дейин емес, ал жетпис жердеги жети ретке дейин кеширим ет, деймен.
23 Солай етип, Аспан Патшалығы ѳз хызметшилери менен қарызын есапласқысы келген бир патшаға уқсайды.
24 Ол есапласа баслағанда, оның алдына оннан он мың талант қарыздар болған биреўди алып келипти.
25 Бирақ ол қарызын тѳлей алмайтуғын болғанлықтан, патша оған оның ѳзи менен қосып ҳаялын, балаларын ҳәм барлық мал-мүлкин сатып, қарызын тѳлеўди буйырыпты.
26 Сонда хызметши оның аяғына жығылып: «Тақсыр, шыдап турың, мен барлық қарызымды тѳлеймен!» – деп жалыныпты.
27 Хызметшиге жаны ашыған патша оны босатып, қарызынан кешипти.
28 Ал хызметши сыртқа шығып, ѳзине жүз динар қарыздар болған бир хызметши жолдасын ушыратып: «Маған беретуғын қарызыңды бер», – деп оны буўындыра баслапты.
29 Сонда оның жолдасы аяғына жығылып: «Шыдап тур, мен қарызымды тѳлеймен», – деп жалыныпты.
30 Бирақ ол жолдасының сѳзин тыңламай, ѳзине беретуғын қарызын тѳлемегенше, оны қаматтырып таслапты.
31 Оның басқа хызметши жолдаслары бул ўақыяны кѳрип, қатты қапа болыпты ҳәм патшаға барып, болған истиң бәрин айтып берипти.
32 Сонда патша оны шақыртып алып, оған: «Ҳәй, жаўыз хызметши! Сен маған жалынғаның себепли ғана барлық қарызыңнан кешкен едим.
33 Мениң саған реҳим еткенимдей, сениң де ѳз жолдасыңа реҳим етиўиң тийис емес пе еди?» – депти.
34 Патша қәҳәрленип, ѳзине берилетуғын қарыздың бәрин тѳлеп болмағанша, оны жазалаўшылардың қолына тапсырыпты.
35 Егер сизлердиң ҳәр бириңиз туўысқаныңыздың гүнасын шын кеўлиңизден кеширмесеңлер, Мениң аспандағы Єкем де сизлерге солай ислейди, – деди.