1 Ийсаның түр-түсиниң өзгериўи. 14 Жин урған баланың шыпа табыўы. 22 Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында және билдириўи. 24 Ибадатхана салығы.
Матта жазған Хош Хабар 17 bob
1 Арадан алты күн ѳткеннен соң, Ийса тек Петрди, Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды қасына алып, оларды бир бийик таўға ертип шықты.
2 Сонда олардың алдында Ийсаның түр-түси ѳзгерди: Оның жүзи қуяштай жарқырады, кийимлери жарық сыяқлы аппақ болды.
3 Сол ўақытта бирден оларға Ийса менен сѳйлесип турған Муўса ҳәм Илияс пайғамбарлар кѳринди.
4 Сонда Петр Ийсаға: – Ийем, бизиң бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Егер қәлесең, мен бул жерге үш қос қураман: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди.
5 Ол еле сѳйлеп турғанда, бир жарық булт оларды қаплады. Булттан: – Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман. Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди.
6 Буны еситкен ўақытта шәкиртлери қатты қорқысып, бет-әлпетинен жерге жығылды.
7 Бирақ Ийса жақынлап келип, оларға қолын тийгизди де: – Турыңлар, қорқпаңлар! – деди.
8 Олар кѳзлерин ашып жоқарыға қарағанда, Ийсадан басқа ҳеш кимди кѳрмеди.
9 Таўдан тѳмен түсип баратырғанда, Ийса оларға: – Адам Улы ѳлимнен қайта тирилмесинен бурын, бул кѳргенлериңизди ҳеш кимге айтпаңлар! – деп буйырды.
10 Сонда олар: – Неге диний муғаллимлер алды менен Илияс келиўи шәрт дейди? – деп сорады.
11 Ийса оларға: – Дурыс, алды менен Илияс келип ҳәммесин дүзетеди.
12 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: Илияс әлле қашан келген еди, бирақ оны адамлар танымады ҳәм оған қәлегенин иследи. Адам Улы да олардан солай азап шегеди, – деп жуўап берди.
13 Сонда шәкиртлери Ийсаның Шомылдырыўшы Яқыя ҳаққында айтып турғанын түсинди.
14 Олар халықтың жанына келгенде, бир адам Ийсаға жақынлап, Оның алдында дизе бүкти де:
15 – Ийем, мениң улыма реҳим ете гѳр. Ол қояншық болып аўырып, қатты азап шегип атыр, жийи-жийи отқа да, суўға да жығылады.
16 Мен оны Сениң шәкиртлериңе әкелген едим, бирақ олар шыпа бере алмады, – деди.
17 Ийса жуўап қайтарып: – Ҳәй, исенбейтуғын, адасқан әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге боламан? Ќашанға дейин сизлерге шыдайман? Оны Маған, бул жерге әкелиңлер, – деди.
18 Ийса жинге буйрық бергенде, ол баладан шығып кетти ҳәм бала сол ўақытта-ақ шыпа тапты.
19 Сонда шәкиртлери Ийсаға аўлақта келип: – Бизлер неге жинди қуўып шығара алмадық? – деп сорады.
20 -
21 Ийса оларға: – Исенимиңиз аз болғанлықтан. Мен сизлерге шынын айтып турман: егер исенимиңиз қышқыл туқымындай ғана болса да, бул таўға: «Усы жерден ана жерге кѳш!» десеңлер, ол кѳшеди. Сизлердиң қолыңыздан келмейтуғын ҳеш нәрсе болмайды, – деди.
22 Шәкиртлериниң ҳәммеси Галилада болғанда, Ийса оларға: – Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи.
23 Олар Оны ѳлтиреди, бирақ Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди. Буған олар қатты қапа болды.
24 Олар Капарнаҳумға келгенде, еки драхмалық Ибадатхана салығын жыйнаўшылар Петрдиң жанына келип, оннан: – Сизлердиң Устазыңыз Ибадатхана салығын тѳлемей ме екен? – деп сорады.
25 Петр: – Аўа, тѳлейди, – деди. Ол үйге келгенде, Ийса оннан бурын: – Симон, сен қалай ойлайсаң? Жер бетиниң патшалары бажылар менен салықты кимлерден алады? Ѳз балаларынан ба ямаса басқа адамлардан ба? – деп сорады.
26 Петр: – Басқа адамлардан, – деди. Ийса: – Олай болса, патшаның балалары салық тѳлеўден азат.
27 Бирақ, оларды түсинбеўшиликке салмаўымыз ушын, теңизге бар да, қармақ салып, ең биринши илинген балықты ал. Оның аўзын ашсаң, тѳрт драхмалық бир гүмис теңгени табасаң. Оны алып, Мениң менен ѳзиң ушын оларға тѳле, – деди.