1 Ийсадан Қудай жибергенлигин кәраматлы белги менен көрсетиўин сораў. 5 Жалған тәлийматлардан сақ болыңлар! 13 Петрдиң Ийсаның Масих екенин мойынлаўы. 21 Ийса Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында. 24 Өзинен кешип, Ийсаға ериў.
Матта жазған Хош Хабар 16 bob
1 Парисейлер менен саддукейлер Ийсаға келди де, Оны сынамақшы болып, аспаннан кәраматлы белги кѳрсетиўин сорады.
2 Ийса оларға жуўап қайтарып: – Кеште сизлер: «Ертең күн ашық болады, аспан қызғыш-ғо», – дейсизлер.
3 Ал таң азаннан: «Бүгин жаўын-шашын болады, аспан қызыл ҳәм түнерген», – дейсизлер. Сизлер неге аспанның райын айыра алсаңлар да, заманның белгилерин айыра алмайсызлар?
4 Жаман ҳәм опасыз әўлад бир кәраматлы белги талап етеди. Бирақ оған Юнустың белгисинен басқасы кѳрсетилмейди, – деди. Соң оларды қалдырып, сол жерден кетип қалды.
5 Ийсаның шәкиртлери арғы жағаға ѳткенде, нан әкелиўди умытып кеткен еди.
6 Ийса оларға: – Абайлаңлар, парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң ашытқыларынан сақ болыңлар! – деди.
7 Сонда олар: – Нан әкелмегенимиз ушын солай деп атырған шығар, – деп ѳз ара айтыса баслады.
8 Ийса буны билип, оларға: – Ҳәй, исеними азлар, сизлер неге ѳз ара нан әкелмегениңизди айтысып турсызлар?
9 Еле де түсинбедиңлер ме? Бес нан бес мың адамға жетип, аўысқанын жыйнағаныңызда неше себет толтырғаныңыз есиңизде жоқ па?
10 Және де жети нан тѳрт мың адамға жетип, аўысқанын жыйнағаныңызда неше себет толтырғаныңыз есиңизде жоқ па?
11 Мениң сизлерге нан ҳаққында айтпағанымды неге түсинбейсизлер? Парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң ашытқыларынан сақ болыңлар, – деди.
12 Олар сонда ғана Оның нанның ашытқысынан емес, ал парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң тәлийматларынан сақ болыўды айтқанлығын түсинди.
13 Ийса Филип Кесариясындағы үлкеге келгенде, Ѳз шәкиртлеринен: – Адамлар Мени, Адам Улын ким деп санайды? – деп сорады.
14 Олар: – Гейбиреўлери Шомылдырыўшы Яқыя, гейбиреўлери Илияс, ал базылары Еремия ямаса пайғамбарлардың бири деп санайды, – деди.
15 Ийса оларға: – Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деди.
16 Симон Петр жуўап қайтарып: – Сен – Масихсаң, тири Ќудайдың Улысаң, – деди.
17 Ийса оған: – Юнустың улы Симон, сен бахытлысаң! Саған буны адам баласы емес, ал аспандағы Єкем ашып билдирди.
18 Саған Мениң айтатуғыным мынаў: сен – Петрсең, Мен мына тастың үстине Ѳз жәмәәтимди орнатаман, оны дозақтың күшлери де жеңе алмайды.
19 Саған Аспан Патшалығының гилтлерин беремен. Сен жер бетинде нени байласаң, сол аспанда да байланады, және де, сен жер бетинде нени шешсең, сол аспанда да шешиледи, – деп жуўап берди.
20 Соннан соң, Ийса шәкиртлерине Ѳзиниң Масих екенлигин ҳеш кимге айтпаўларын буйырды.
21 Сол ўақыттан баслап Ийса Ѳзиниң Ерусалимге барып, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен кѳп азап шегиўи ҳәм ѳлтирилиўи, бирақ үшинши күни қайта тирилиўи тийис екенлигин шәкиртлерине билдире баслады.
22 Петр Ийсаны шетке шақырып алып, Оған: – Ќудай сақласын, Ийем! Саған бундай бола кѳрмесин! – деп қарсы сѳйлей баслады.
23 Ийса бурылып, Петрге: – Жоқ бол кѳзимнен, шайтан! Сен Маған кесент берип атырсаң. Сен Ќудайдың емес, ал адамның ислерин ойлап турсаң, – деди.
24 Сонда Ийса Ѳз шәкиртлерине: – Ким де ким Маған ергиси келсе, ѳзинен кешсин ҳәм ѳз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин.
25 Ѳйткени ким де ким ѳз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады. Ал ким де ким ѳз жанын Мен ушын жоғалтса, оны таўып алады.
26 Адам пүткил дүньяны ийелеп алып, бирақ ѳз жанын жоғалтса, буннан оған не пайда? Ол ѳз жаны ушын қандай тѳлем бере алады?
27 Адам Улы Єкесиниң салтанатында Ѳз периштелери менен бирге келеди. Сонда Ол ҳәр кимге ислеген ислерине қарай қайтарады.
28 Сизлерге шынын айтып турман: усы жерде турғанлардың гейбиреўлери Адам Улының Ѳз Патшалығында келиўин кѳрмегенше, ѳлмейди, – деди.