2 Яқыяның сораўы ҳәм Ийсаның Яқыя туўралы гүўалығы. 25 Ийсаның адамларды рәҳәтлениўге шақырыўы.
Матта жазған Хош Хабар 11 bob
1 Ийса он еки шәкиртине усы тапсырмаларды берип болғаннан кейин, сол жерден кетип, жақын жайласқан қалаларда тәлим бериўге ҳәм Хош Хабарды жәриялаўға барды.
2 Яқыя қамақта отырып, Масихтың ислеген ислери ҳаққында еситкенде ѳз шәкиртлерин жиберип:
3 «Келетуғын Ќутқарыўшы Сенбисең ямаса басқа биреўди күтиўимиз керек пе?» – деп Оннан соратты.
4 Ийса оларға жуўап берип: – Барыңлар, еситип-кѳргенлериңизди Яқыяға билдириңлер.
5 Соқырлардың кѳрип, ақсақ болғанлардың жүрип, мақаў кесел болғанлардың тазаланып, гереңлердиң еситип, ѳлгенлердиң тирилип, Хош Хабардың жарлыларға жәрияланып атырғанын айтып бериңлер.
6 Маған гүмансыз исенгенлер бахытлы, – деди.
7 Олар кеткеннен кейин, Ийса халыққа Яқыя туўралы айта баслады: – Сизлер шѳл далаға нени кѳриўге бардыңлар? Самал тербеткен қамысты ма?
8 Айтыңлар, нени кѳриўге бардыңлар? Ҳасыл кийим кийген бир адамды ма? Ҳасыл кийим кийгенлер патша сарайларында болады-ғо.
9 Солай етип, нени кѳриўге бардыңлар? Пайғамбарды ма? Аўа, Мениң сизлерге айтатуғыным: ол – пайғамбардан да уллы.
10 Ѳйткени Мухаддес Жазыўда: «Мине, Мен Сеннен бурын Ѳз хабаршымды жиберемен, ол Сениң баратуғын жолыңды алдыңнан таярлап қояды», деп айтылған адам – усы.
11 Сизлерге шынын айтып турман: ҳаялдан туўылғанлардың арасында Шомылдырыўшы Яқыядан уллы адам жоқ. Бирақ Аспан Патшалығындағы ең кишкене адам да оннан уллы.
12 Шомылдырыўшы Яқыяның күнлеринен баслап ҳәзирге дейин Аспан Патшалығына зорлық жасалып, зорлық жасаўшылар Оны басып алып атыр.
13 Барлық пайғамбарлар ҳәм Мухаддес Нызам Яқыя келиўге дейин Аспан Патшалығы ҳаққында болжап келген.
14 Егер буларды қабыл еткиңиз келсе, келиўге тийисли болған Илияс пайғамбар – усы Яқыя.
15 Ќулағы бар жақсылап еситип алсын!
16 -
17 Ҳәзирги әўладты кимге уқсатайын? Олар базарда жолдасларына: «Сизлерге сыбызғы шерттик, бирақ сизлер ойнамадыңлар! Сизлерге жоқлаў айттық, бирақ сизлер жыламадыңлар!» – деп бақырып отырған балаларға уқсайды.
18 Себеби Яқыя келип, ишип жемеди. Сонда олар: «Оны жин урған», – дести.
19 Адам Улы келип, ишип жеди. Сонда олар: «Мине, тамақсаў ҳәм арақхор адам, Ол салықшылар менен гүнакарлардың досты», – деп айтысып атыр. Ал Ќудайдың даналығы ислер арқалы ақланады.
20 Соннан соң, Ийса кәраматларын кѳбирек ислеген қалаларды тәўбе етпегенлиги ушын айыплай баслады:
21 – Ҳәсирет шегесең, Хоразин! Ҳәсирет шегесең, Бетсайда! Егер сизлерде исленген кәраматлар Тир ҳәм Сидон қалаларында исленгенинде, олар әлле қашан бетин тырнап, шашын жулып қайғырып, тәўбе етер еди.
22 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Тир менен Сидонның аўҳалы сизлердиң аўҳалыңыздан жеңилирек болады.
23 Ҳәй сен, Капарнаҳум, аспанға кѳтерилесең бе? Яқ, дозаққа қулатыласаң. Ѳйткени сенде болған кәрамат ислер Содомда исленгенинде, ол бул күнге дейин сақланар еди.
24 Ал Мениң саған айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Содом қаласының аўҳалы сениң аўҳалыңнан жеңилирек болады.
25 Сол ўақытта Ийса сѳзин даўам етип: – О, Єкем, аспан менен жердиң Ийеси! Буларды даналардан ҳәм ақыллылардан жасырып, нәрестедей адамларға ашып билдиргениң ушын Сени мақтайман!
26 Аўа, Єке! Себеби Сениң қәлеўиң усындай еди.
27 Маған ҳәммеси Єкемнен берилген. Єкеден басқа ҳеш ким Улын билмейди. Єкени де тек ғана Улы ҳәм Улы таңлап ашып билдиргиси келгенлер ғана биледи.
28 Ҳәй, шаршап, аўыр жүк басқанлар, ҳәммеңиз Маған келиңлер! Мен сизлерди рәҳәтлендиремен.
29 Мойынтырығымды салып, Меннен үйрениңлер: ѳйткени Мен мѳмин ҳәм кишипейилмен. Солай етип, кеўиллериңиз тынышлық табады.
30 Мен берген мойынтырық ыңғайлы, жүгим жеңил, – деди.