1 Қудайдың ғәзебине толы жети кесе.
Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян 16 bob
1 Соңынан мен Ибадатханадан шыққан бир бєлент даўыстың жети периштеге: «Барыңлар! Кудайдың ғєзебине толы жети кесени жерге тѳгиңлер!» – дегенин еситтим.
2 Сонда биринши периште барып, кесени жерге тѳкти. Биринши жыртқыш ҳайўанның тамғасына ийе болып, оның мүсинине табынатуғынлардың үстинде азап бериўши жеркенишли жаралар пайда болды.
3 Екинши периште кесесин теңизге тѳкти. Теңиз ѳлиниң қанына уқсайтуғын қанға айланып, теңиздеги пүткил тиришилик набыт болды.
4 Үшинши периште кесесин дєрьяларға ҳєм суў булақларына тѳкти. Олар да қанға айланды.
5 Суўлар үстинен ҳєкимлик ететуғын периштениң былай дегенин еситтим: «Ҳєзир бар ҳєм бурыннан бар болған мухаддес Кудайымыз! Сениң шығарған бул ҳүкимлериң єдил.
6 Мухаддеслердиң ҳєм пайғамбарлардың қанын тѳккени ушын, Сен оларға қан ишкиздиң. Буған олар ылайықлы».
7 Сонда мен қурбанлық шалынатуғын орыннан шыққан бир даўыстың былай дегенин еситтим: «Аўа, ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийемиз, Сениң ҳүкимлериң туўры ҳєм єдил».
8 Тѳртинши периште кесесин қуяшқа тѳкти. Сонлықтан қуяшқа адамларды от пенен күйдириў күши берилди.
9 Адамларды күшли ҳєўир күйдирип жиберди. Олар тєўбе етпеди ҳєм усы бєлелердиң үстинен бийликке ийе болған Кудайды алғысламай, Оның атына тил тийгизди.
10 Бесинши периште кесесин жыртқыш ҳайўанның тахты үстине тѳкти. Жыртқыш ҳайўанның патшалығы тас түнек болып қалды. Адамлар азапқа шыдамай, тиллерин тиследи.
11 Бирақ олар жаман ис-ҳєрекетлери ушын тєўбе етпей, кѳрип атырған азаплары ҳєм жаралары себепли, аспандағы Кудайға тил тийгизди.
12 Алтыншы периште кесесин уллы Евфрат дєрьясына тѳкти. Күншығыстан келетуғын патшаларға жол таярлаў ушын, дєрьяның суўы қурып қалды.
13 Буннан соң, мен айдарҳаның, жыртқыш ҳайўанның ҳєм жалған пайғамбардың аўзынан шыққан қурбақаларға уқсайтуғын үш жаўыз руўхты кѳрдим.
14 Бул руўхлар – кєраматлар ислейтуғын жинлердиң руўхлары еди. Олар ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудайдың уллы күнинде болатуғын саўашқа пүткил дүньяның патшаларын жыйнаў ушын атланды.
15 «Мине, Мен уры сыяқлы күтилмегенде келемен! Жалаңаш болып жүрип, уятқа қалмаўы ушын үстиндеги кийимлерин сақлап, сергек турғанлар қандай бахытлы!» – (деди Ийемиз Ийса).
16 Үш жаўыз руўх еврейше «Армагедон» деп аталатуғын жерге патшаларды жыйнады.
17 Жетинши периште кесесин ҳаўаға тѳкти. Ибадатханадағы тахттан шыққан бєлент бир даўыс: «Орынланды», – деди.
18 Сонда шақмақ шағып, гүрсилдеген даўыслар еситилди ҳєм гүлдирмама гүркиреп, күшли жер силкиниў болды. Адамзат жер жүзинде пайда болғалы берли, бундай күшли жер силкиниў ҳеш қашан болған емес.
19 Уллы қала үшке бѳлинип қулады. Миллетлердиң қалалары да қыйралып қалды. Кудай уллы Бабилонды ядында сақлап, Ѳзиниң қєҳєрли ғєзебиниң шарабы толы кесени оған ишиў ушын берди.
20 Барлық атаўлар орнынан кѳшип, таўлар жоқ болып кетти.
21 Аспаннан адамлардың үстине ҳєр бир данасы батпандай күшли буршақ жаўды. Буршақ соншелли қорқынышлы болып, адамлар усы бєле ушын Кудайға тил тийгизди.