1 Қозы ҳәм 144000 адам. 14 Жердиң зүрәәтин жыйнаў.
Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян 14 bob
1 Соңынан қарап, Козының Сион таўының үстинде турғанын кѳрдим. Козы менен бирликте маңлайларында Козының ҳєм Оның Єкесиниң аты жазылған бир жүз қырық тѳрт мың адам бар еди.
2 Аспаннан сарқырап аққан суўдың сестиндей, күшли гүлдирмама даўысындай бир сес еситтим. Мен еситкен бул сес тарлы єсбап шертиўшилердиң шығарған сестине уқсаған еди.
3 Усы бир жүз қырық тѳрт мың адам тахтың, тѳрт мақлуқтың ҳєм ақсақаллардың алдында жаңа бир қосық айтып турған еди. Гүналарының қуны ѳтелип, жер жүзинен сатып алынған усы адамлардан басқа ҳеш ким бул қосықты үйрене алмас еди.
4 Булар – Ийемизге садық қалып, бутларға табынбаған пєк адамлар еди. Козы қаяққа барса, олар Оның изине ереди. Олар Кудайдың ҳєм Козының туңғышлары болып, адамлар арасынан сатып алынғанлар.
5 Аўызларынан жалған сѳз шықпаған олар – минсиз адамлар.
6 Буннан соң, мен аспанның ортасында ушып жүрген басқа бир периштени кѳрдим. Бул периште жер жүзинде жасаўшыларға: ҳєр бир миллет ҳєм урыўға, ҳєр бир тил ҳєм халыққа жєрияланатуғын мєңги Хош Хабарға ийе еди.
7 Ол бєлент даўыс пенен: «Кудайдан қорқыңлар! Оны алғыслаңлар! Оның ҳүким ететуғын ўақты келди. Аспанды, жерди, теңизди ҳєм суў булақларын Жаратқанға сыйыныңлар!» – деди.
8 Оның изинен киятырған екинши периште былай деди: «Кулады! Ѳз бузықшылығының күшли шарабын барлық миллетлерге ишкизип, оларды азғырған уллы Бабилон қулады!»
9 Екеўиниң изинен киятырған үшинши периште бєлент даўыс пенен былай деди: «Ким де ким биринши жыртқыш ҳайўанға ҳєм оның мүсинине табынып, маңлайына ямаса қолына оның тамғасын қабыл етсе,
10 ол Кудайдың қєҳєрли ғєзеп кесесинде таярланған Кудайдың ғєзебиниң күшли шарабынан ишеди. Мухаддес периштелердиң ҳєм Козының алдында от ҳєм жанып турған күкирттен азап шегеди.
11 Оларға азап беретуғын оттың түтини шексиз бурқырап турады. Биринши жыртқыш ҳайўанға ҳєм оның мүсинине табынып, атының тамғасын қабыл еткенлер күни-түни тынышлық кѳрмейди.
12 Сол ўақытта Кудайдың буйрықларын орынлап, Ийсаға деген исенимине садық қалған мухаддеслердиң сабырлығы керек болады».
13 Сонда аспаннан бир даўыс маған: «Мынаны жазып қой: буннан былай, Ийемизге садық қалып, жанын қыйғанлар қандай бахытлы!» – деди. «Аўа, олар мийнетлериниң рєҳєтин кѳреди. Себеби ислеген ислериниң жемиси олардан айырылмайды», – дейди Мухаддес Руўх.
14 Соңынан мен қарап, бир ақ бултты кѳрдим. Булттың үстинде басында алтын тажы, қолында ѳткир орағы бар, Адам Улына уқсаған Биреў отыр еди.
15 Ибадатханадан шыққан басқа бир периште булттың үстинде Отырғанға бєлент даўыс пенен бақырып: «Орағыңды салып, ор! Орыў ўақты келди. Ѳйткени жердиң зүрєєти писип жетилисти», – деди.
16 Булттың үстинде отырған орағын жерге силтеди ҳєм жердиң зүрєєти орылды.
17 Аспандағы Ибадатханадан басқа бир периште шықты. Оның да ѳткир орағы бар еди.
18 Ал от үстинен бийликке ийе басқа бир периште қурбанлық шалынатуғын орыннан шығып, ѳткир орақлыға бєлент даўыс пенен: «Ѳткир орағыңды иске сал! Жердеги жүзим ағашынан солқымларды жыйна. Себеби жүзим писти», – деди.
19 Периште орағын жерге силтеп, жердеги жүзимниң зүрєєтин жыйнап алды. Оны Кудайдың ғєзебиниң үлкен искенжесине ылақтырды.
20 Жүзим жемислери қаланың сыртындағы искенжеде сығылды. Искенжеден аққан қан үш жүз шақырым жерге дейин барды ҳєм атлардың жүўенлерине шекем кѳтерилди.