1 Ийсаның изине ерген ҳаяллар. 4 Туқым себиўши туўралы тымсал. 9 Тымсаллардың мақсети. 11 Туқым себиўши туўралы тымсалдың түсиндирилиўи. 19 Ийсаның анасы ҳәм туўысқанлары. 22 Ийсаның даўылды тоқтатыўы. 26 Жинге шалынған адамның шыпа табыўы. 40 Тирилген қыз ҳәм шыпа тапқан ҳаял.
Лука жазған Хош Хабар 8 bob
1 Соңынан Ийса қала ҳәм аўылларды аралап, Ќудай Патшалығының Хош Хабарын жәриялап жүрди. Ийса менен бирге он еки шәкирти,
2 және де, жаўыз руўхлардан ҳәм аўырыўлардан азат болған бир неше ҳаяллар да болды. Олар: ишинен жети жин шыққан магдалалы деп аталған Мәриям,
3 Ҳиродтың сарай басқарыўшысы Хузаның ҳаялы Юханна, Сузанна ҳәм басқа да кѳплеген ҳаяллар Ийсаға ҳәм Оның шәкиртлерине ѳз мал-мүлки менен хызмет ететуғын еди.
4 Ҳәр түрли қалалардан адамлар келип, кѳп халық жыйналғанда, Ийса тымсал менен сѳз баслады:
5 – Бир туқым себиўши ѳз туқымын себиўге шығыпты. Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсип, аяқ астында басылып қалыпты. Аспандағы қуслар оларды шоқып, жеп қойыпты.
6 Гейбиреўлери таслақ жерге түсип, кѳгерип шығыпты. Бирақ ығаллық аз болғанлықтан, қуўрап қалыпты.
7 Гейбиреўлери тикенлер арасына түсип, тикенлер олар менен бирге ѳсип, туншықтырып таслапты.
8 Ал басқалары ѳнимли жерге түсип, ѳсип шығыпты ҳәм жүз есе зүрәәт берипти. Ийса усыларды айтып болғаннан соң даўыслап: – Ќулағы бар жақсылап еситип алсын! – деди.
9 Шәкиртлери Ийсадан: – Бул тымсал нени аңлатады? – деп сорады.
10 Ийса оларға былай деди: – Ќудай Патшалығының сырларын билиў сизлерге берилген, ал басқаларға тымсал менен айтылады. Сонлықтан да: «Олар қараса да, кѳрмейди, Еситсе де, түсинбейди».
11 – Ал бул тымсалдың мәниси мынадай: туқым – бул Ќудайдың сѳзи.
12 Жол шетине түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сѳзди еситеди, бирақ соң шайтан келип, олардың жүреклериндеги сѳзди алып кетеди. Сонлықтан олар исене алмайды ҳәм қутқарылмайды.
13 Таслақ жерге түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сѳзди еситип, қуўаныш пенен қабыл етеди, бирақ тамырсыз болғанлықтан ўақытша ғана исенип, сынаў ўақты келгенде исенимнен қайтады.
14 Ал тикенлер арасына түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сѳзди еситеди, бирақ ѳмирдиң тәшиўишлери, байлық ҳәм ҳәзликлер астында туншығып, олардың зүрәәти писпей қалады.
15 Ал ѳнимли топыраққа түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сѳзди еситип, жақсы ҳәм пәк кеўиллеринде сақлап, шыдамлылық пенен зүрәәт береди.
16 Ҳеш ким шыраны жағып, оны ыдыс пенен жаўып ямаса кәттиң астына қоймайды. Керисинше, киргенлер жақтылық кѳрсин деп, оны шыра қойғышқа қояды.
17 Ѳйткени ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, мәлим ҳәм әшкара болмайтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ.
18 Сонлықтан қалай тыңлап атырғаныңызға дыққат аўдарыңлар! Себеби кимде бар болса, оған қосымша бериледи, ал кимде жоқ болса, оның ѳзимде бар деп ойлап жүрген нәрсеси де тартып алынады.
19 Ийсаға анасы ҳәм туўысқанлары келди. Бирақ халық кѳп болғанлықтан, Оған жақынлай алмады.
20 Адамлар Ийсаға: – Анаң менен туўысқанларың Сени кѳрмекши болып, сыртта тур, – деп хабарлады.
21 Ийса оларға жуўап берип: – Кимлер Ќудайдың сѳзин тыңлап, оны орынласа, Мениң анам да, туўысқанларым да солар, – деди.
22 Күнлердиң биринде Ийса шәкиртлери менен қайыққа минип, оларға: – Кѳлдиң арғы жағасына ѳтейик, – деди. Солай етип, олар жѳнеп кетти.
23 Олар қайықта жүзип баратырғанда, Ийса уйықлап қалды. Кѳлде күшли даўыл турып, қайық суўға тола баслады ҳәм олар қәўип астында қалды.
24 Шәкиртлери Ийсаның қасына барып: – Устаз! Устаз! Набыт болажақпыз! – деп, Оны оятты. Ийса орнынан турды да, самалға ҳәм толқынласып турған суўға тыйым салды. Сонда олар тынып, әтирап тым-тырыс болды.
25 Ийса шәкиртлерине: – Исенимиңиз қәне? – деди. Олар қорқысып, аң-таң болысып, бир-бирине: – Бул ким Ѳзи? Ол самал менен суўға буйрық бергенде, олар Оған бойсынады-ғо! – дести.
26 Олар Галиланың қарсысында жайласқан Гадара үлкесине қайық пенен жүзип барды.
27 Ийса жағаға шығыўы менен, Оған қаладан келген, жинге шалынған бир адам гезлести. Бул адам кѳп ўақытлардан бери кийим киймей ҳәм үйде жасамай, қәбирстанда жасайтуғын еди.
28 Ол Ийсаны кѳргенде қышқырып жиберди ҳәм Ийсаның алдына жығылып, қатты даўыс пенен: – Ќүдиретли Ќудайдың Улы – Ийса! Мениң менен не жумысың бар. Ѳтинемен, мени қыйнама! – деди.
29 Ѳйткени Ийса жаўыз руўхқа бул адамнан шығып кетиўди буйырған еди. Жаўыз руўх оны тез-тез тутып турғанлықтан, адамлар оны шынжыр менен байлап, кисен салып қараўыллайтуғын еди. Бирақ ол ҳәммесин үзип, жин тәрепинен шѳлистанға айдап алып кетилетуғын еди.
30 Ийса оннан: – Атың ким? – деп сорады. – Үлкен топар, – деп жуўап берди ол. Себеби оның ишине кѳп жин кирген еди.
31 Жинлер Ийсадан ѳзлерин туңғыйыққа жибермеўин ѳтинди.
32 Сол жердеги таўдың етегинде үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди. Жинлер Ийсадан шошқаларға кириўге рухсат бериўин ѳтинди. Ийса оларға рухсат етти.
33 Сонда жинлер адамнан шығып, шошқаларға кирди. Шошқа падасы жуўырысып, тик жардан кѳлге түсти де, батып кетти.
34 Болған ўақыяны кѳрген шошқа бағыўшылар қашып кетип, қала ҳәм аўылларға барып хабарлады.
35 Адамлар болған ўақыяны кѳриў ушын Ийсаның жанына келди. Олар ишинен жинлер шыққан адамның ақыл-еси кирип, кийинип, Ийсаның аяқ бетинде отырғанын кѳргенде қорқып қалысты.
36 Ўақыяны ѳз кѳзлери менен кѳргенлер жин урған адамның қалай шыпа тапқанын оларға айтып берди.
37 Сонда Гадара әтирапынан келген пүткил халықтың зәррелери ушып, Ийсадан олардың үлкесинен кетиўин ѳтинди. Ийса қайыққа минип, қайтып кетти.
38 Ал жинлерден азат болған адам Ийсаға: – Сениң менен бирге болайын, – деп жалынды. Бирақ Ийса оған:
39 – Үйиңе қайтып, Ќудайдың саған не ислегенин айтып бер, – деп оны жиберди. Ол барып, Ийсаның оған не ислегенин пүткил қалаға жәриялады.
40 Ийса қайтып келгенде, халық Оны қуўаныш пенен қабыл алды. Ѳйткени ҳәмме Оны күтип турған еди.
41 Сонда мәжилисхананың баслығы болған Яир атлы бир адам келип, Ийсаның аяғына жығылды да, үйине кириўин ѳтинди.
42 Себеби оның он еки жаслар шамасындағы жалғыз қызы ѳлим тѳсегинде жатыр еди. Ийса жүрип киятырғанда, халық Оны жән-жағынан қысып баратыр еди.
43 Сол жерде он еки жыл бойы қан кетип аўырып, ҳеш кимнен шыпа таба алмаған бир ҳаял бар еди.
44 Ҳаял Ийсаның арт бетинен жақынлап келип, Оның кийиминиң шетине қолын тийгизди. Сол ўақытта-ақ ҳаялдың қан кетиўи тоқтады.
45 Сонда Ийса: – Маған ким қолын тийгизди? – деп сорады. Ҳеш ким мойнына алмағаннан соң, Петр: – Устаз! Халық Сени қоршап, жән-жағыңнан қысып тур-ғо, – деди.
46 Бирақ Ийса оған: – Маған биреў қолын тийгизди, ѳйткени Мен Ѳзимнен бир күш шыққанын сездим, – деди.
47 Ҳаял жасырына алмайтуғынын билип, қалтырап Ийсаның алдына келди де, Оның аяғына жығылды. Ѳзиниң қандай себеп пенен Оған қолын тийгизгенин ҳәм сол ўақытта-ақ қалай шыпа тапқанын пүткил халық алдында айтып берди.
48 Ийса оған: – Ќызым! Исенимиң сени қутқарды, тынышлық пенен бара бер, – деди.
49 Ийса усы сѳзлерди айтып турғанда мәжилисхана басшысының үйинен биреў келип, Яирға: – Ќызыңыз ѳлди, енди Устаздың тынышын алмаң, – деди.
50 Бирақ Ийса буны еситип, оған: – Ќорқпа, тек исен, қызың шыпа табады, – деди.
51 Ийса үйге келгенде, Петр, Юхан, Яқып ҳәм қыздың ата-анасынан басқа ҳеш кимниң Ѳзи менен бирге ишке кириўине рухсат бермеди.
52 Ҳәмме қызды азалап, жылап турған еди. Бирақ Ийса: – Жыламаңлар, ол ѳлген жоқ, тек уйықлап атыр, – деди.
53 Олар қыздың ѳлгенин билип, Ийсаның үстинен күлди.
54 Ийса қыздың қолынан услады да, даўыслап: – Ќызалақ, орныңнан тур! – деди.
55 Ќыздың жаны қайтып кирип, ол дәрриў орнынан турды. Ийса оған жеў ушын бир нәрсе бериўди тапсырды.
56 Ќыздың ата-анасы аң-таң болды, бирақ Ийса оларға болған ўақыя ҳаққында ҳеш кимге айтпаўын буйырды.