Лука жазған Хош Хабар 17 bob

1 Кеширим, исеним ҳәм хызмет ҳаққында. 11 Мақаў кесел болған он адамның шыпа табыўы. 20 Қудай Патшалығының келиўи. 

1 Ийса Ѳз шәкиртлерине және былай деди: – Адамларды гүнаға азғырыўшы нәрселердиң болыўы сѳзсиз. Бирақ олар ким арқалы келсе, сол адам ҳәсирет шегеди!
2 Ол адамның мына кишкенелердиң биреўин азғырғанынан гѳре, мойнына дигирман тасы байланып, теңизге тасланғаны оған жақсырақ болар еди.
3 Абайлы болыңлар! Егер туўысқаның саған қарсы гүна ислесе, оған ескертиў жаса. Егер гүнасын мойынласа, оны кешир.
4 Егер ол саған қарсы бир күнниң ишинде жети рет гүна ислесе, жети рет те саған келип: «Гүнамды мойынлайман» десе, оны кешир.
5 Сонда елшилер Ийемиз Ийсаға: – Исенимимизди арттыр, – деди.
6 Ийемиз былай деди: – Егер исенимиңиз қышқыл туқымдай ғана болса да, бул тут ағашына: «Тамырың менен қопарылып, теңизге отырғызыл», – десеңлер, ол сѳзиңизди тыңлайды.
7 Араңызда қайсы бириңиздиң жер айдап ямаса мал бағып жүрген хызметшиси даладан қайтқанда, оған: «Тез келип, дастурханға отыр», – дейди?
8 Керисинше, оған: «Мениң кешки аўқатымды таярла, белиңди буўып, ишип-жеп болғанымша, маған хызмет ет. Соңынан ѳзиң ишип жейсең», – деп айтпай ма?
9 Буйырғанын орынлағаны ушын хызметшисине миннетдаршылық билдирер ме екен?
10 Сол сыяқлы сизлер де ѳзлериңизге буйырылғанның ҳәммесин орынлағаннан соң: «Бизлер арзымайтуғын қуллармыз, тек ўазыйпамызды ғана орынладық», – деңлер.
11 Ийса Ерусалимге баратырып, Самария ҳәм Галила үлкелери арасындағы шегара жерлер арқалы жүрди.
12 Ол бир аўылға кирип киятырғанда мақаў кесел болған он адам гезлести. Олар узақта турып,
13 қатты даўыслап: – Устазымыз Ийса, бизлерге реҳим ет! – деди.
14 Ийса оларды кѳрип: – Барып, ѳзлериңизди руўханийлерге кѳрсетиңлер, – деди. Олар кетип баратырғанда мақаў кеселден жазылып кетти.
15 Олардың ишиндеги биреўи ѳзиниң шыпа тапқанын кѳрип, бәлент даўыс пенен Ќудайды алғыслап, қайтып келди де,
16 Ийсаның аяғына жығылып, Оған миннетдаршылық билдирди. Бул адам самариялы еди.
17 Сонда Ийса: – Шыпа тапқан он адам емес пе еди? Ќалған тоғызы қаяқта?
18 Ќудайға алғыс айтыў ушын, мына шет еллиден басқа ҳеш ким қайтып келмеди ме? – деди.
19 Соң оған: – Орныңнан тур да, кете бер, исенимиң сени қутқарды, – деди.
20 Парисейлер Ќудай Патшалығының қашан келетуғынын сорағанда, Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Ќудай Патшалығы кѳзге кѳринип келмейди.
21 «Мине, бул жерде» ямаса «Єне, ана жерде» деп те айтпайды. Себеби Ќудай Патшалығы сизлердиң ишиңизде, – деди.
22 Соң Ийса шәкиртлерине былай деди: – Адам Улының күнлериниң бирин болса да кѳриўди аңсайтуғын ўақытларыңыз келеди. Бирақ, кѳре алмайсызлар.
23 Сизлерге: «Єне, Ол ана жерде» ямаса «Мине, Ол бул жерде» десе, бармаңлар, олардың излерине ермеңлер.
24 Ѳйткени шақмақ шағып, аспанды бир шетинен екинши шетине дейин жарқыратып жибергендей, Адам Улы да Ѳз күнинде солай пайда болады.
25 Бирақ дәслеп Ол кѳп азап шегип, бул әўлад тәрепинен қабылланбаўы тийис.
26 Нухтың заманында қалай болған болса, Адам Улының күнлеринде де солай болады.
27 Нух кемеге минген күнге дейин адамлар ишип жеди, үйленди, турмысқа шықты. Соңынан суў тасқыны басып, ҳәммени набыт қылды.
28 Луттың заманында да сондай болды: адамлар ишип жеди, саўда-сатық иследи, егин екти, жай салды.
29 Бирақ, Лут Содом қаласынан шыққан күни аспаннан от ҳәм күкирт жаўып, ҳәммени набыт қылды.
30 Адам Улы пайда болатуғын күни де тап сондай болады.
31 Сол күни тамның тѳбесинде болған адамның затлары үйинде қалса, оларды алайын деп тѳменге түспесин. Ким де ким атызда болса, үйине қайтпасын.
32 Луттың ҳаялын еске түсириңлер!
33 Ким де ким ѳз жанын сақламақшы болса, ол оны набыт қылады, ал ким де ким ѳз жанын набыт қылса, ол оны сақлайды.
34 Сизлерге айтатуғыным: сол түни бир тѳсекте жатырған еки адамның биреўи алынады, екиншиси қалдырылады.
35 Бирге дигирман тартқан еки ҳаялдың биреўи алынады, екиншиси қалдырылады.
36 -
37 Сонда шәкиртлери Ийсадан: – Ийем, бул ўақыялар қай жерде болады, – деп сорады. Ийса оларға: – Ѳлик қай жерде болса, қузғынлар да сол жерге жыйналады, – деди.