Лука жазған Хош Хабар 13 bob

1 Тәўбе етиў ҳаққында. 10 Ийсаның бүкир ҳаялға шыпа бериўи. 18 Қышқыл туқым ҳәм ашытқы туўралы тымсал. 22 Тар қапыдан кириңлер! 31 Ийсаның Ерусалим туўралы қайғырыўы. 

1 Сол ўақытта гейбиреўлер Ийсаға келип, Пилаттың галилалыларды ѳлтирткени ҳәм олардың қанын ѳзлери сойған қурбанлықлары менен араластырып таслағаны ҳаққында айтып берди.
2 Ийса оларға: – Сизлер: «Усындай апатқа ушырағаны ушын, бул галилалылар басқа барлық галилалылардан гүналырақ», – деп ойлайсызлар ма?
3 Яқ, деймен сизлерге. Егер тәўбе етпесеңлер, ҳәммеңиз де усылай набыт боласызлар.
4 Үстилерине Силоҳа минарасы қулап ѳлген он сегиз адам Ерусалимде жасаўшы адамлардың ҳәммесинен айыплырақ еди, деп ойлайсызлар ма?
5 Яқ, деймен сизлерге. Егер тәўбе етпесеңлер, ҳәммеңиз де усылай набыт боласызлар, – деди.
6 Соңынан Ийса мынадай тымсал айтып берди: – Бир адамның жүзим бағында егилген әнжир ағашы болыпты. Адам оннан мийўе алыў ушын келипти, бирақ таба алмапты.
7 Сонда ол бағманға: «Мине, мен үш жылдан бери бул әнжир ағашынан мийўе алыў ушын келемен, бирақ таба алмайман. Оны шаўып тасла! Неге ол босқа орын ийелеп тур?» – депти.
8 Бирақ бағман оған жуўап берип: «Хожайын, оны быйыл да қалдырың. Мен оның әтирапын қазып, қый тѳгейин.
9 Мүмкин, ендиги жылы мийўе берип қалар. Егер бермесе, шаўып тасларсыз, – депти.
10 Бир дем алыс күни Ийса мәжилисханалардың биринде тәлим берип отырған еди.
11 Сол жерде он сегиз жылдан бери аўырыў руўхынан қыйналған бир ҳаял бар еди. Ол еки бүкленип қалған болып, бойын ҳеш тик услай алмас еди.
12 Ийса оны кѳрип, жанына шақырып алды да, оған: – Ҳаял, сен дәртиңнен азат боласаң, – деп,
13 оның үстине қолларын қойғанда, ҳаял сол ўақытта-ақ бойын тиклеп, Ќудайға алғыслар айта баслады.
14 Сонда мәжилисхана басшысы Ийсаның дем алыс күни шыпа бергенине ашыўы келип, халыққа: – Жумыс ислеў ушын алты күн бар. Шыпа алыўға дем алыс күни емес, ал сол күнлери келиңлер, – деди.
15 Ийемиз Ийса оған былай деп жуўап берди: – Ҳәй, еки жүзлилер! Дем алыс күни ҳәр бириңиз ѳгизиңизди ямаса ешегиңизди қорадан шешип алып, суўғарыўға апармайсыз ба?
16 Он сегиз жылдан бери шайтан байлап қойған Ибрайымның мына қызын дем алыс күни бул байлаўдан азат қылыў керек емес пе еди?
17 Ийса усы сѳзлерди айтқанда, Оған қарсылық кѳрсеткенлердиң ҳәммеси уялып қалды. Ал пүткил халық Оның барлық уллы ислерине қуўанды.
18 Соңынан Ийса: – Ќудай Патшалығы неге уқсайды? Оны неге мегзетейин?
19 Ол – бир адамның алып, ѳз бағына еккен қышқыл туқымына уқсайды. Ол ѳсип, терек болады ҳәм шақаларына аспан қуслары ушып келип, уя салады, – деди.
20 Ийса және былай деди: – Ќудай Патшалығын неге уқсатайын?
21 Ол – бир ҳаялдың алып, барлық қамыр ашығанша, үш самар унға араластырған ашытқысына уқсайды.
22 Ерусалимге қарай жол алған Ийса қала ҳәм аўылларды аралап, тәлим берип жүрди.
23 Бир адам Ийсадан: – Ийем, тек аз ғана адам қутқарыла ма? – деп сорады.
24 Сонда Ийса халыққа былай деди: – Тар қапыдан кириўге бар күшиңизди салыңлар! Себеби сизлерге айтатуғыным: кѳплер кириўге тырысады, бирақ кире алмайды.
25 Үйдиң Ийеси турып қапыны жаўып таслағанда, сизлер сыртта турып, қапыны қаға баслап: «Ийем! Ийем! Бизлерге қапыны аш!» – дейсизлер. Бирақ Ол сизлерге: «Мен сизлерди танымайман ҳәм қаяқтан келгениңизди билмеймен», – деп жуўап береди.
26 Сонда сизлер: «Бизлер Сениң кѳз алдыңда ишип жедик. Сен бизлердиң кѳшелеримизде тәлим беретуғын едиң-ғо», – деп айтасызлар.
27 Бирақ Ол: «Сизлерге айтатуғыным: Мен сизлерди танымайман ҳәм қаяқтан келгениңизди билмеймен. Ҳәй, жаманлық қылыўшылардың ҳәммеси Меннен аўлақ кетиңлер!» – дейди.
28 Сизлер Ибрайымды, Ысақты, Яқыпты ҳәм барлық пайғамбарларды Ќудай Патшалығында, ал ѳзлериңиздиң сыртқа қуўып шығарылғаныңызды кѳргениңизде жылап, пушайман жейсизлер.
29 Шығыстан ҳәм батыстан, арқадан ҳәм қубладан адамлар келип, Ќудай Патшалығында дастурхан әтирапына отырады.
30 Мине, сонда соңғылардың гейбиреўлери бириншилер, ал бириншилердиң гейбиреўлери соңғылар болады.
31 Сол ўақытта бир неше парисейлер келип, Ийсаға: – Бул жерден кет, Ҳирод Сени ѳлтирмекши, – деди.
32 Ийса оларға былай деди: – Барып, сол түлкиге айтыңлар: Мен бүгин ҳәм ертең жинлерди қуўып шығарып, аўырыўларға шыпа беремен, ал үшинши күни исимди жуўмақлайман.
33 Солай болса да, Мен бүгин, ертең ҳәм арғы күни Ѳз жолым менен жүриўим керек. Ѳйткени ҳеш бир пайғамбарға Ерусалимнен басқа жерде ѳлиўге болмайды.
34 Оҳ, Ерусалим, Ерусалим! Пайғамбарларды ѳлтириўши, Ќудайдың саған жибергенлерин тас пенен урыўшы қала! Ѳз шѳжелерин қанатының астына алған мәкийен сыяқлы, Мен де сениң балаларыңды неше рет жыйнамақшы болдым, бирақ сизлер қәлемедиңлер.
35 Мине, үйиңизди Ќудай таслап кетип, ол қаңырап қалады. Сизлерге айтатуғыным: «Ийемиздиң атынан Келиўши жарылқанған!» – деп айтқанларыңызға дейин Мени кѳрмейсизлер.