Лука жазған Хош Хабар 15 bob

1 Жойтылған қой ҳаққында тымсал. 8 Жойтылған гүмис теңге ҳаққында тымсал. 11 Жойтылған ул ҳаққында тымсал. 

1 Ийсаны тыңлаў ушын кѳп салықшылар менен гүнакарлар Оның қасына жақынлап келген еди.
2 Парисейлер менен диний муғаллимлер буны кѳрип: – Ол гүнакарларды қабыл етип, олар менен бирге аўқат жейди, – деп наразылық билдирди.
3 Сонда Ийса оларға мына тымсалды айтып берди:
4 – Айтайық, араңыздағы бириңиздиң жүз қойы болып, биреўин жойтып алса, ол тоқсан тоғызын шѳл далада қалдырып, жойтылған бир қойын таппағанша излеп жүрмес пе еди?
5 Таўып алғаннан соң қуўанып кетип, оны ийнине кѳтерип алады да,
6 үйине келип, дослары менен қоңсыларын шақырып, оларға: «Мениң менен бирге қуўаныңлар, жойтылған қойымды таўып алдым», – дейди.
7 Сизлерге айтатуғыным: сол сыяқлы, тәўбе етиўге ҳәжети жоқ тоқсан тоғыз ҳақ адамнан гѳре, тәўбе еткен бир гүнакарға аспанда кѳбирек қуўанады.
8 – Айтайық, бир ҳаялдың он гүмис теңгеси болып, биреўин жойтып алса, ол шыра жағып, үйди сыпырып, таппағанша муқыятлап излемес пе еди?
9 Таўып алғаннан соң, қурдаслары менен қоңсыларын шақырып: «Мениң менен бирге қуўаныңлар, жойтылған теңгемди таўып алдым», – дейди.
10 Сизлерге айтатуғыным: Ќудайдың периштелери де тәўбе еткен бир гүнакар ушын усылай қуўанады.
11 Ийса және былай деди: – Бир адамның еки улы бар екен.
12 Олардың генжетайы әкесине: – Єке, мал-мүлкиңниң маған тийисли бѳлегин бер, – депти. Сонда әкеси мал-мүлкин еки улына бѳлип берипти.
13 Бир неше күн ѳткеннен соң, киши ул бары-жоғын жыйнап алып, узақ елге кетип қалыпты. Ол жерде бузық жолға түсип, мал-мүлкин жѳнсиз сарп етипти.
14 Жигит ҳәммесин сарп етип болғаннан соң, сол елде аўыр ашаршылық болып, ол жоқшылыққа ушырапты.
15 Ол барып, сол елдиң бир турғынына жалланыпты. Ал ол адам жигитти даласындағы шошқаларды бағыўға жиберипти.
16 Жигит шошқалар жейтуғын жем менен қарнын тойдырыўға да зар болыпты. Бирақ оған ҳеш ким ҳеш нәрсе бермепти.
17 Оның ақылы енип: – Єкемниң қаншама жалланған жумысшылары нанға тойып жүр, ал мен бул жерде аштан ѳлейин деп атырман.
18 Турып әкеме барайын, оған: «Єке, мен Ќудайға ҳәм саған қарсы гүна иследим.
19 Енди сениң балаң деп аталыўға ылайықлы емеспен. Мени жалланған жумысшыларыңның қатарына қабыл ет», – деп айтайын, – депти.
20 Солай етип, жигит әкесине қарай жолға шығыпты. Ол еле узақта киятырғанда, әкеси улын кѳрип, баўыры елжиреп кетипти. Жуўырып барып, улын қушақлап сүйе баслапты.
21 Улы оған: – Єке, мен Ќудайға ҳәм саған қарсы гүна иследим. Енди сениң улың деп аталыўға ылайықлы емеспен, – депти.
22 Бирақ әкеси хызметшилерине: – Тез болыңлар, ең жақсы кийим әкелип, оған кийгизиңлер. Ќолына жүзик тағып, аяғына аяқ кийим бериңлер.
23 Бағып семиртилген баспақты әкелип сойыңлар, ишип-жеп, кеўил кѳтерейик.
24 Себеби мениң бул улым ѳлген еди – тирилди, жойтылған еди – табылды, – депти. Солай етип, олар тойлай баслапты.
25 Сол ўақытта үлкен улы атызда еди. Ќайтып киятырып үйине жақынлағанда, нама ҳәм ойын-күлки сеслерин еситипти.
26 Хызметшилериниң биреўин шақырып алып: – Бул не? – деп сорапты.
27 Хызметши оған: – Иниңиз қайтып келди, әкеңиз оның аман-саў қайтып келгени ушын семиртилген баспақты сойды, – деп жуўап берипти.
28 Үлкен улы ашыўланып, үйге киргиси келмепти. Сонда әкеси сыртқа шығып, оннан ишке кириўди ѳтинипти.
29 Бирақ ол әкесине былай депти: – Мине, мен саған неше жылдан бери хызмет етип киятырман, ҳеш қашан сениң буйрығыңа қарсы шыққан емеспен. Бирақ досларым менен ўақты хошлық етиўим ушын, сен маған бир ылақ та берген жоқсаң.
30 Ал енди болса, мал-мүлкиңди бузық ҳаялларға сарп етип келген мына улыңа семиртилген баспақты сойыпсаң.
31 Єкеси оған: – Улым! Сен ҳәмме ўақыт мениң менен биргесең. Мениң барлық мал-мүлким сеники-ғо.
32 Бирақ бүгин қуўанып, кеўил кѳтериўимиз керек. Ѳйткени сениң бул иниң ѳлген еди – тирилди, жойтылған еди – табылды, – депти.