Лука жазған Хош Хабар 19 bob

1 Салықшы Зақайдың қутқарылыўы. 11 Он мина ҳаққында тымсал. 28 Ийсаның Ерусалимге салтанатлы түрде кириўи. 45 Ийсаның Ибадатханадан сатыўшыларды қуўыўы. 

1 Ийса Ерихо қаласына кирип, оның ишинен ѳтти.
2 Сол жерде Зақай атлы бир адам бар еди. Ѳзи салықшылардың баслығы болып, бай адам еди.
3 Ол Ийсаның қандай екенлигин кѳриўге умтылатуғын еди. Бирақ адамлар кѳп болғанлықтан, кѳре алмады. Ѳйткени оның бойы пәс еди.
4 Ийсаны кѳриў ушын ол алға қарай жуўырып, жабайы әнжир терегине шығып алды. Себеби Ийса усы жерден ѳтиўи керек еди.
5 Ийса сол жерге келгенде жоқарыға қарап, оған: – Зақай, тезирек тѳмен түс! Бүгин сениң үйиңде қалыўым керек, – деди.
6 Ол тезлик пенен тѳмен түсип, Ийсаны қуўаныш пенен қабыл алды.
7 Буны кѳргенлердиң ҳәммеси: – Ол гүнакар адамның үйине қонаққа барды, – деп наразылық билдире баслады.
8 Бирақ Зақай орнынан турып, Ийемизге: – Ийем, мал-мүлкимниң ярымын жарлыларға беремен. Егер кимниң ҳақын жеген болсам, тѳрт есе артығы менен қайтарып беремен, – деди.
9 Сонда Ийса: – Бүгин бул үйге қутқарылыў келди. Ѳйткени бул адам да Ибрайымның урпағы-ғо.
10 Себеби Адам Улы адасқанларды таўып, қутқарыў ушын келди, – деди.
11 Буларды тыңлап отырғанларға Ийса тымсал менен сѳзин даўам етти. Ѳйткени Ол Ерусалимге жақынласып қалғанлықтан, олар: «Ќудай Патшалығы жақын арада келеди», – деп ойлаған еди.
12 Сонлықтан Ийса былай деди: – Бир ақсүйек адам ѳзине патшалық бийлигин алып қайтыў ушын, узақ елге кетпекши болыпты.
13 Ол ѳзиниң он хызметшисин шақырып алып: «Мен қайтып келемен дегенше, бул ақшаны айланысқа жибериңлер», – деп, оларға он мина берипти.
14 Бирақ оған қараслы пуқаралар оны жек кѳретуғын еди. Сонлықтан оның изинен ўәкиллерин жиберип: «Оның бизлердиң үстимизден патша болыўын қәлемеймиз», – деп айтып қалыпты.
15 Бирақ ол патша болып қайтып келгенде, ѳзи берген ақшалар менен ким қанша арттырғанын билиў ушын хызметшилерин ѳзине шақыртыпты.
16 Бириншиси келип: «Хожайын! Сениң бир минаң және он мина арттырды», – депти.
17 Хожайыны оған: «Бәрекелла, жақсы хызметшим! Кишкене исте исенимли болғаның ушын, сен он қала үстинен басқарыўға бийлик аласаң», – депти.
18 Екиншиси келип: «Хожайын, сениң бир минаң және бес мина арттырды», – депти.
19 Хожайыны оған да: «Сен бес қаланың үстинен басқарыўшы боласаң», – депти.
20 Соңынан басқасы да келип: «Хожайын! Мине, сениң минаң. Мен оны бет орамалға түйип сақладым.
21 Мен сеннен қорқтым. Себеби сен қоймаған жериңнен алып, екпеген жериңнен оратуғын қатал адамсаң», – депти.
22 Хожайыны оған: «Ҳәй, жаман хызметши! Сени ѳз аўзыңнан шыққан сѳзлериң менен айыплайман. Мениң қоймаған жерден алатуғын, екпеген жерден оратуғын қатал адам екенимди биледи екенсең,
23 неге енди ақшамды айланысқа берип жибермедиң? Сонда мен қайтып келгенимде, оны пайдасы менен қайтарып алар едим-ғо», – депти.
24 Соң қасында турғанларға қарап: «Оннан минаны алың да, он минасы барға бериңлер», – депти.
25 «Хожайын, оның он минасы бар-ғо», – десипти олар.
26 Сизлерге айтатуғыным: кимде бар болса, оған және де мол етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады.
27 Енди үстилеринен патша болыўымды қәлемеген душпанларымды бул жерге алып келиң де, кѳзимниң алдында ѳлтириңлер, – депти патша.
28 Усыларды айтып болғаннан кейин Ийса жол баслап, Ерусалимге қарай жүрди.
29 Ол Зәйтүн деп аталатуғын таўдың етегиндеги Бетфаге ҳәм Бетания деген аўылларға келгенде еки шәкиртин жумсап,
30 оларға былай деди: – Ќарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған киргениңизде, еле ҳеш ким минбеген, байлап қойылған гүррени табасызлар. Оны шешип, алып келиңлер.
31 Егер биреў: «Оны неге шешип атырсызлар?» – деп сораса, «Ол Ийемизге керек», – деп айтыңлар.
32 Жиберилгенлер барып, Ийсаның ѳзлерине айтқанларын анық тапты.
33 Олар гүррени шешип атырғанда, оның ийелери: – Гүррени неге шешип атырсызлар? – деп сорады.
34 Олар: – Ол Ийемизге керек, – деп жуўап берди.
35 Олар гүррени Ийсаға алып келди. Оның үстине ѳзлериниң шапанларын салып, оған Ийсаны миндирди.
36 Ийса баратырғанда, адамлар жолға шапанларын тѳседи.
37 Ийса Зәйтүн таўынан тѳмен түсетуғын жерге жақынлағанда, Оның барлық шәкиртлериниң топары ѳзлери кѳрген барлық кәраматлары ушын қуўанышлы түрде бәлент даўыс пенен Ќудайға мақтаўлар айта баслады:
38 «Ийемиздиң атынан келиўши Патша жарылқанған! Аспанда тынышлық, ең жоқарыдағы Ќудайға алғыс болсын!»
39 Халық арасында турған гейбир парисейлер Ийсаға: – Устаз, шәкиртлериңе тыйым сал, – деди.
40 Ийса оларға: – Сизлерге айтатуғыным: егер олар үндемей қалса, таслар бақырады, – деди.
41 Ийса Ерусалимге жақынлағанда оны кѳрип жылап жиберди де:
42 – Оҳ, ҳеш болмаса усы күниңде тынышлығыңа нелер керек екенин билсең еди! Бирақ бул ҳәзир сениң кѳзлериңнен жасырылған.
43 Душпанларың бекинислер жасап, сени қоршап, жән-жақтан қысатуғын күнлер басыңа түседи.
44 Олар сени ҳәм сениң ишиңдеги балаларыңды жер менен жексен қылады. Сенде тас үстинде тас қалдырмайды. Ѳйткени сен Ќудайдың саған келген ўақтын билмедиң, – деди.
45 Соңынан Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшыларды қуўып шығара баслады.
46 Оларға: – «Мениң үйим дуўа ететуғын үй болады», – деп Мухаддес Жазыўда айтылған, ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар! – деди.
47 Ийса ҳәр күни Ибадатханада тәлим беретуғын еди. Бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм халық басшылары Оны жоқ қылыўдың жолын изледи.
48 Бирақ буның илажын таба алмады, себеби пүткил халық Ийсаның сѳзлерин жан-тәни менен тыңлайтуғын еди.